slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Магистратура бўлими | Karakalpak state university

Магистратура бўлими

 

Бөлим баслығы

Гулимов Аманлық Базарбаевич

Юридика илимлери кандидаты, доцент

Қабыллаў күнлери

Дүйшемби-Шемби, 14:00 – 17:00

Мәнзил

Нөкис қаласы Ч.Абдиров көшеси 1-үй

Телефон

+99861 223-58-64

Факс

+99861 223-59-30

e-mail

a_gulimov@karsu.uz

 

Мәмлекетимизде 1997-жыл 29-августта билимлендириў тараўын дүнья стандартлары дәрежесине жеткериў мақсетинде Өзбекстан Республикасының «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызамы ҳǝм де «Кадрлар таярлаўдың миллий бағдарламасы» қабыл етилди. Усы ǝҳмийетли ҳүжжетлерге муўапық, 1999-жылдан баслап Өзбекстан Республикасындағы  бир қатар алдыңғы жоқары оқыў орынларында  билим бериўдиң екинши басқышы – магистратура қǝнигеликлери бойынша кадрлар таярлаўға кирисилди.

Усы дǝўирден баслап университетимизде  магистратура қәнигеликлери ашылды.

2001-жылдан баслап арнаўлы магистратура факультети шөлкемлестирилип, оған тǝжирийбели профессор-оқытыўшылар басшылық етти (профессор С.Қосбергенов 2001-2004 жж., профессор Ш.Абдиназимов 2004-2005 жж.). Магистратура қǝнигеликлерин жетилистириў ҳǝм де бул бағдардағы илимий потенциалды күшейтиў мақсетинде магистратура факультети арнаўлы бөлимге айландырылды. Бөлимге профессор М.Тагаев (2007-2009 жж.), профессор Е.Қутыбаевалар (2010-2012 жж.) басшылық етти.    Ҳәзирги ўақытта бөлимге юридика илимлериниң кандидаты, доцент Аманлық Гулимов басшылық етеди. Методист Бегис Боранбаев бөлимниң улыўма хызметлерин шөлкемлестириў жумыслары менен шуғылланады.

2017-2018 оқыў жылында магистратура бөлиминде 22 қәнигелик бойынша магистрантлар қабылланған болса, 2018-2019  оқыў жылынан баслап 24  қәнигелик бойынша магистрлар таярлаўда тǝжирийбели профессор-оқытыўшылар билим сырларын үйретпекте.

Бөлимде оқып, илим-изертлеў жумысларын алып барып атырған  магистрантлар билим алыўда, илимий изленислерде бир қатар табысларды қолға киргизиў менен бир қатарда, университетимиздиң жәмийетлик жумысларына да белсене қатнасып келмекте.

Мысалы, 2008-2009 оқыў жылында Ташкент қаласында өткерилген питкериўши магистрантлардың «Ең жақсы магистрлик диссертация» таңлаўында университетимизден 5 магистранттың диссертациясы биринши орынға ылайық деп табылды.

Магистратура қǝнигеликлери бойынша талантлы ҳǝм де илимге уқыплы жаслардың ǝдалатлы таңлап алыныўы өзиниң нǝтийжесин бермекте. Зийрек магистрантларымыз оқыўдағы, илимдеги, мәденият ҳǝм спорттағы  жетискенликлери менен университетимиздиң мақтанышына айланбақта.

Айтмуратов Ринат 2010-жылы, Алдабергенов Исатай 2012-жылы, Эгамбердиев Эдуард 2014-жылы, Палымбетова Малика ҳǝм Сейтназарова Гүлжаханлар 2016-жылы, Бектурсынова Айсултан 2017-жылы(2-мǝрте), Айымбетова Замира 2018-жылы Президент стипендиясына мүнәсип деп табылды, Жолдасбаев Парахат 2015-жылы Өзбекстан көкирек нышаны белгиси ийеси, Якубов Розымбай,   Кенжебаева Гүлнур,  Жумамуратова Муҳаббат, Зарымбетов Абдикамал, Алеуова Раушанай, Мамбетназаров Генжемурат, Кутлымуратова Насиба, Қалилаева Бахытлы, Қутлымуратов Мухамммед, Бегжанова Гулзада, Сейтжанова Луиза, Раджапова Сарвинисолар «Наўайы» атындағы мǝмлекетлик стипендия ийелерине айланды, Шамишова Айшолпан, Узақбаев Қоблан, Арепбаев Ислам, Оразова Шахноза, Бектурсынова Дилнура, Абдреймова Гулноза «Улығбек» атындағы стипендия жеңимпазлары болған болса, Мамбетназаров Ислам «Мард уғлон» мǝмлекетлик сыйлығына миясар деп табылды.

Арзиев Руслан Арысланбаевич 2008-жылы «Ақшакөл илҳамлары», «Замин» республикалық дөретиўши жаслар таңлаўында 1-орынды ийелеўге еристи, ол спорттың «Каратэ-до» түри бойынша 2009, 2010, 2011-жылларда Өзбекстан чемпионаты жеңимпазы болды. Сондай-ақ, Ахымбетова Гүлбәҳәр, Мамбетрзаева Несибели, Алиева Замира ҳәм Оразымбетова Айшолпанлар «Зульфия» атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары, Махаматдинова Лола «Келешек ҳаўазы», «Иқтидорли талабалар» ҳәм «Ниҳол» сыйлықларының жеңимпазы, Қутлымуратов Анвар, Маткаримова Сәрбиназ, Төрешова Сарбиназ, Ахмедова Зулхумор, Реймбаева Зухра, Қурбанбаева Насибалар Бердақ атындағы мǝмлекетлик стипендия ҳәм «Иқтидорли талабалар» таңлаўы жеңимпазлары болды. Олар бизиң мақтанышымыз.

Ҳәр қандай мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўы белгили дәрежеде оның интеллектуал потенциалы  менен белгиленеди. Ал, илимий потенциалы күшли мǝмлекетти пүткил дүнья тǝн алады. Бул бағдары бойынша университетимиздиң профессор-оқытыўшылары өзлериниң күш жигерин аямайды.

Қәнигеликлер шифры

Қәнигеликлер

 
 
 

1

5А111601

Социаллық-гуманитар пәнлерди оқытыў методикасы (мәнәўият тийкарлары)

 

2

5A112001

Физикалық тәрбия ҳәм спорт шынығыўларының теориясы ҳәм методикасы

 

3

5A120101

Әдебияттаныў (өзбек әдебияты)

 

4

5A120101

Әдебияттаныў (қарақалпақ әдебияты)

 

5

5А120102

Лингвистика: өзбек тили

 

6

5А120102

Лингвистика: қарақалпақ тили

 

7

5А120102

Лингвистика: рус тили

 

8

5А120102

Лингвистика: инглис тили

 

9

5A120301

Өзбекистан тарийхы

 

10

5A120401

Археология

 

11

5А120502

Философия (қолланыў тараўы)

 

12

5A130101

Математика (бағдарлар бойынша)

 

13

5А130103

Дифференциал теӊлемелер ҳәм  математикалық физика

 

14

5A130202

Әмелий математика ҳәм информациялық технологиялар

 

15

5A140101

Биология (илим бағдарлары бойынша)

 

16

5A140103

Ихтиология ҳәм гидробиология

 

17

5A140204

Конденсацияланған орталықлар физикасы ҳәм материалтаныў (түрлер бойынша)

 

18

5A140501

Химия (илим бағдарлары бойынша)

 

19

5A140602

География (үйрениў объектлери бойынша)

 

20

5A220101

Журналистика (хызмет түрлери бойынша)

 

21

5A230102

Экономика (тармақлар ҳәм тараўлар бойынша)

 

22

5A230901

Бухгалтериялық есап (тармақлар бойынша)

 

23

5A240101

Мәмлекетлик ҳуқық ҳәм басқарыў (тараўлар бойынша)

 

24

5A630102

Экология (тармақлар бойынша)

 

Пайдалы дереклер