slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
АЎДАРМА ТЕОРИЯСЫ ҲӘМ ӘМЕЛИЯТЫ КАФЕДРАСЫ | Karakalpak state university

АЎДАРМА ТЕОРИЯСЫ ҲӘМ ӘМЕЛИЯТЫ КАФЕДРАСЫ

Аўдарма теориясы ҳәм әмелияты кафедрасы Қарақалпақстанда инглис тил билиминиң раўажланыўында ҳәм инглис тили бойынша жоқары мағлыўматлы дилмашларды таярлаўда салмақлы үлес қоспақта. Бул кафедраның ашылыўына Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги тәрепинен 2014-жыл 29-август күни тастыйықланған Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң жаңа структурасы ҳәм университет Илимий кеңесиниң 2014-жыл 30-август күнги 1/8.1-санлы қарарын орынлаў мақсетинде Филология фа-культети қурамынан қайтадан Шет тиллери факультети өз алдына факультет болып бөлинип шығыўы менен тиккелей байланыслы, яғный факультет қурамында аўдарма теориясы ҳәм әмелияты кафедрасы жаңадан ашылды.2015-жылы Аўдарма теориясы ҳәм әмелияты бакалавр тәлим бағдары 4-курс студенти Б.Альманова Бердақ атындағы мәмлекетлик стипендия ийеси болды.Соның менен бирге, кафедрада студентлер ушын «INT-TRANS club» дөгереги турақлы жумыс алып бармақта. Студентлер тәрепинен ҳәр оқыў жылында «Дилмашлар дүньясы» атамасындағы кешени өткериў дәстүрге айланған. Сондай-ақ, ҳәр жылы кафедра профессор-оқытыўшылары ҳәм зийрек студентлери менен биргеликте «Тил ҳәм аўдарма» атлы илимий мақалалар топламын баспадан шығарыў жолға қойылған.

Кафедра профессор-оқытыўшылары тәрепинен өзлери оқытатуғын пәнлерден сапалы оқыў-методикалық комплекслер ислеп шығылған.

Кафедраның баска жоқары орынлары менен бирге ислесиў ис-илажлары жолға қойылған. Атап айтсақ, Өзбекистан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети ҳәм де Самарқанд мәм-лекетлик шет тиллер институты сәйкес кафедралары менен оқыў ҳәм илимий тараўларда тәжирийбе алмасыўлар әмелге асырылмақта. Бул жоқары оқыў орнынан ҳәр жылы профессор-оқытыўшылар шақырылып, олар талабаларға лекциялар оқымақта. Ҳәзирги ўақытта кафедрада 10 профессор-оқытыўшы болып, солардан 1 илим кандидаты, 1 үлкен окытыўшы ҳәм 8 ассистент-оқытыўшы жумыс ислеп келмекте.

Кафедрада ислеп атырған илимий дәрежели профессор-оқытыўшы

 

 

Сейтжанов Жеткербай Елубаевич, филология илимлериниң кандидаты , доцент. 1980-жылы 21-ноябрьде Нөкис қаласында туўылған. 2006-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң маги-стратура бөлимин, 2010-жылы Өзбекистан мил – лий университетиниң аспирантурасын тамамлаған. Қәнигелиги лингвистика (инглис тили). 2012-жылы «Инглис ҳәм өзбек тиллериндеги қаратпа ағзалар-дың салыстырмалы изертлениўи» темасында канди-датлық диссертациясын жақлады. 30 дан аслам илимий методикалық мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 1 монография, 1оқыў қолланбасы баспадан шықты. 2014-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде кафедра баслығы лаўазымында ислеп келмекте.

Сондай-ақ, кафедрада үлкен оқытыўшы Я.Каримов, ассистентлер Г.Хожаметова, М.Джумашев, Ш.Калимбетов, И.Қурбанбаев, Р.Жумамуратова, Н.Тажигалиева, С.Арзымбетова, Ж.Ережепова тыяқлы билим берип атыр.

 

 

Пайдалы дереклер