slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
ДЕНЕ МӘДЕНИЯТЫ ТЕОРИЯСЫ ҲӘМ МЕТОДИКАСЫ КАФЕДРАСЫ | Karakalpak state university

ДЕНЕ МӘДЕНИЯТЫ ТЕОРИЯСЫ ҲӘМ МЕТОДИКАСЫ КАФЕДРАСЫ

Спорт пәнлери кафедрасы 2001-жылы ашылып, бул кафедраны 2001-2007 жыллар аралығында Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, Өзбекистан Республикасына хыз-мет көрсеткен дене тәрбиясы ҳәм спорт хызметкери доцент Ю.И.Кулаков басшылық етти. 2007-2010 жыллары педагогика илимлериниң кандидаты, доцент П.У.Серимбетов, 2010-2016 жыллары Еркин гүрес бойынша спорт устасы, тарийх илимлериниң кандидаты, Б.Ж.Мамбетов басқарды. 2016-жылдан баслап кафедраны Ж.А.Турдымуратов басқарып келмекте. Бүгинги күнде кафедрада 18 оқытыўшы ислеп атыр. Олардан 2 доцент, 6 үлкен оқытыўшы, 8 ассистент оқытыўшы, еки илим кандидаты илимий педагогикалық жумыслар алып бармақта. Б.Ж.Мамбетов Өзбекистан Республикасы тарийх, археология ҳәм этнография институты Қарақалпақстан филиалында 2006-жылы «Традиции физической культуры и спорта Каракал-пакстана и проблемы возрождения, ХХ век» атамасында кандидатлық диссертациясын табыс-лы қорғап тарийх илимлери кандидаты болды. 2011-жылы Н.Кайпов Өзбекистан мәмлекетлик дене тәрбиясы институтында «Оптимиза-ция тренировочных воздействии в системе подготовки юных футболистов на этапе начальной подготовки» атамасында кандидатлық диссертациясын табыслы қорғады. Соның менен бирге кафедрада доцент Ю.И. Кулаков Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, Өзбекистан Республикасына хызмет көрсеткен дене тәрбиясы ҳәм спорт хызметкери, доцент А.Р.Казаков Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, Қарақалпақстанға мийнети сиңген тренер, Қарақалпақстанға мийнети сиңген жаслар устазы А.Бекназаров, Қарақалпақстанға мийнети сиңген тренер О.Ниязовалар илимий педагогикалық жумыс алып бармақта. Профессор-оқытыўшылар тәрепинен Республикамызда тезислер, илимий мақалалар ҳәм оқыў-методикалық қолланбалар жаратыўға ерисилип атыр. Ю.И.Кулаков 2009-жылы «Лучшие…» атамасында оқыў қолланбасы «Қарақалпақстан» баспасынан шықты. Бул оқыў қолланбада Қарақалпақстанда дене тәрбиясы ҳәм спорттың раўажланыў тарийхы берилген. А.Султансуйнов, С.Абдалиевлар 2012-жылы Азербайжан республикасының Баку қаласында өткерилген халық-аралық илмий теориялық конференциясында «Занятия физической культу-рой для профилактики здоровья человека» атамасында баянаты менен қатнасты.

2013-жылы Ю.И.Кулаков, А.Р.Казаков, Ж.А.Турдымуратовлар авторлығында «Қарақалпақстанда волейбол спорты» атамасында оқыў-методикалық қолланбасы «Қарақалпақстан» баспасынан жарық көрди. Бул оқыў методикалық қолланбада Қарақалпақстанда волейбол ойынының раўажланыў басқышлары, жетискенликлери ҳәм нәтийжелери сөз етилген.

2014-жылы Ж.Утегенов авторлығында «Талабаларни умуммаданий ва касбий тайёрлашда жисмоний тарбия» атамасында методикалық қолланбасы «ITA PRESS» баспасында жарық көрди.

2013-жылы 27-май күни Қарақалпақстан республикасы көлеминде «Республикамызда дене тәрбиясы ҳәм спорттың раўажланыў тарийхы» атамасында илимий-теориялық конференция өткерилди.

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2013-жылы 22-январдағы «Өзбекистан Республикасында халық аралық ҳәм республика көлеминде өткерилетуғын илимий конфе-ренциялардың режеси»не тийкарланып 2013-жылы 12-декабрь күни «Ғәрезсизлик жылла-рында спорттың раўажланыў тарийхы» атамасында илимий-теориялық конференция шөл-кемлестирилди ҳәм топламы баспадан шықты.

2015-жылы Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлигиниң 16-февральдағы 51-санлы буйрығына тийкарланып 2015-жыл 5-май күни «Өзбекистанда дене тәрбия ҳәм спорттың раўажланыўында балалар спортының әҳмийети» атамасында респуб-ликалық илимий-әмелий конференция жоқары шөлкемлескенлик дәрежеде өткерилди.

Кафедрада ислеп атырған илимий дәрежели профессор-оқытыўшылар

 

Мәмбетов Байрам Жақсымуратович, тарийх илимлериниң кандидаты, доцент. 1970-жылы 7-ноябрьде Нөкис қаласында туўылған. 1992-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын тамамлаған. 2005-жылы «Традиции физической культуры и спорта Каракалпакстана и проблемы возрождения, XX век» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 20 дан аслам илимий мақала ҳәм тезисле-ри, 3 методикалық қолланбасы баспадан шықты. 2016-жылдан кафедра баслығы.

 

Кулаков Юрий Иванович, доцент. 1936-жылы 25-февральда Түркменстан Республикасында туўылған. 1954-1959 жыллары Ташкент мәмлекетлик педагогикалық институтында билим алған. Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, Өзбекистан Республикасына мийнети сиңген дене тәрбиясы ҳәм спорт хызметке-ри атақларын алған. 10 нан аслам илимий мақаласы баспадан шыққан. Солардан 7 методикалық қолланба 1 монографиясы баспадан шыққан. 2007-жылдан бас-лап кафедра доценти.

 

Казаков Аллаяр Раджапович, доцент. 1950-жылы 16-июльде Төрткүл қаласында туўылған. 1971-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын тамам-лаған. Өзбекистан валейбол командасы қурамында бир неше (Иордания, Бангладеш, Иран, Россия ҳәм тағы басқа мәмлекетлердеги) халық аралық жарысларда қатнасып жеңимпаз болған. 1991-жылы Қарақалпақстан Республи-касы Жоқарғы Кеңесиниң ҳүрмет жарлығы, 1994-жылы Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў ағласы, 1995-жылы Қарақалпақстан Республикасын-да хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, 2004-жылы Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен тренер атақларын алған. 2007-жылы доцент илимий дәрежеси берилди. Қарақалпақстан Республикасында волейбол спорт түри бойынша биринши спорт устасы, республика дәрежесиндеги төреши. Қарақалпақстан Республикасы ҳәм университеттиң волейбол ерлер сайланды командасының тренери. Оның 50 ден аслам илимий мақаласы ҳәм 20 дан аслам оқыў-методикалық қолланбасы ба-спадан шықты. Ҳәзирги ўақытта кафедра доценти.

 

 

Қайыпов Нийетбай Айтбаевич, педагогика илимлериниң кандидаты. 1979-жылы 11-октябрьде Кегейли районында туўылған. 2005-жылы Қарақалпақ мәмлекет-лик университетин тамамлаған. 2011-жылы «Оптимиза-ция тренировочных воздействии в системе подготовки юных футболистов на этапе начальной подготовки» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 3 оқыў қолланбасы, 5 методикалық қолланбасы ҳәм бир неше мақалалары баспадан шықты. 2015-жылдан баслап дене мәденияты факультетиниң деканы лаўазымында ислеп атыр.

Сондай-ақ, кафедрада үлкен оқытыўшылар А.Бекназаров, Р.Шаниязов, М.Солохин, О.Ниязова, Н.Акимов, И.Нажимов, ассистентлер Т.Сайекеев, Р.Бердимуратов, Қ.Жуманиязов, Т.Сейтмуратов, Б.Қойлыбаев, А.Султансуйнов, Ж.Утегенов, С.Абдалиев ислеп атыр.

 

 

Пайдалы дереклер