slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
ЯРЫМ ӨТКИЗГИШЛЕР ФИЗИКАСЫ КАФЕДРАСЫ | Karakalpak state university

ЯРЫМ ӨТКИЗГИШЛЕР ФИЗИКАСЫ КАФЕДРАСЫ

Кафедра 1987-жылы республикамызға белгили илимпаз, физика математика илимлериниң кандидаты, доцент, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, бүгинги күни ҳүрметли дем алыстағы Мадрейм Ережеповтың басламасы менен ашылған еди. Әлбетте, кафедра өзинен-өзи бирден пайда болған жоқ. Кафедраның ашылыўы ушын сол дәўирге келип, зәрүр болған шәрт-шараятлар ҳәм имканиятлар жаратылған еди, яғный бүгинги күнге ярым өткизгишлер физикасы тараўының ең актуал илимий бағдарларынан есапланған «Көп қатламлы, варизонлы ярымөткизгишли структуралар» атамасындағы проблемалық лаборато рия шөлкемлестирилген еди. Бул лабораторияның да инициаторы ҳәм авторы М.Ережепов болып есапланады. Сондай-ақ, бүгин арамызда жоқ, деген менен усы кафедраның қуралыўында өз үлеслерин қосқан профессор-оқытыўшыларды атап өтетуғын болсақ, олардан доцентлер М.Дүйсенбаев, О.Данияров, докторлық диссертацияларын жақлаў алдында турған доцентлер Б.Ембергенов, Р.Бекимбетовларды көрсетип өтиўимизге болады. Кафедраның биринши баслығы доцент М.Ережепов (1987-1992). Оннан кейинги дәўирлерде доцент У.Насыров (1992-1998), про-фессор Қ.А.Исмайлов (1998-2010 жыллары), физика математика илимлериниң докторы, доцент А.Б.Камалов (2010-2011 жыллары), ал 2011-жылдың октябрь айынан баслап ҳәзирги ўақытқа дейин кафедраны профессор Қ.А.Исмайлов басқарып келмекте. Кафедра ашылып, арадан 7 жыл өткеннен кейин, яғный 1994-жылы 01.04.10 – ярым өткизгишлер ҳәм диэлектриклер физикасы бойынша аспирантура ашылып, оған илимге қуштар жас илимпазлар таңлап алына басланды. 2000-жылы бакалавр бағдарын тамамлаған студентлер ушын ярым өткизгишлер ҳәм диэлек-триклер физикасы бойынша магистратура қәнигелиги ашылды. Себеби, бакалаврды тамамлаған студент магистратурада оқымаса, аспирантураға қабылланбайтуғын еди. Бүгинги күнниң нәзери менен өткен дәўирге бир шолыў жасайтуғын болсақ, кафедра ҳәр тәреплеме өсип раўажланды. 1994-2011-жыллар аралығында кафедрамыздан 3 илим докторы (профессор Қ.А.Исмайлов 1995-жылы, профессор М.Б. Тагаев 2001-жылы, доцент А.Б.Камалов 2011-жылы ҳәм 10 нан аслам илим кандидатлары өз диссертацияларын табыслы қорғап шықты. Бул табысларға ерисиўде биринши нәўбетте айрықша айтатуғын болсақ, Украина миллий илимлер академиясына қараслы ярым өткизгишлер физикасы институтының 33-санлы «Жоқары жийиликли электро-ника» лабораториясының (лаборатория баслығы еки мәртебе Украина илим ҳәм техника тараўы бойынша мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, техника илимлериниң докторы, профессор Кона-кова Раиса Васильевнаның) ислеген хызметлери жүдә уллы болды. Оннан кейинги кафедраның жас илимий-педагогикалық кадрлар менен тәмийинлеўинде Мырза Улығбек атындағы Өзбекистан мил-лий университетиниң, Беруний атындағы Ташкент техника университетиниң ҳәм Өзбекистан Илимлер академиясының «Физика-Қуяш» илимий өндирислик бирлеспесине қараслы Физика-техника институтлары алымларының атқарған хызметлери айрықша болып табылады. Кафедра профессор-оқытыўшылары тәрепинен 1 пүткил аўқамлық илимий семинар (1990-жыл), (1993-жыл, 1997-жыл) еки халықаралық, (2005, 2011 ҳәм 2015-жыллары) үш республикалық көлемде илимий-әмелий конференциялар өткерилди. Кафедра профессор-оқытыўшылары тәрепинен мәмлекетлик буйыртпа бойынша фундаменталлық ҳәм әмелий-илимий темалар орынланып кел-мекте. Сондай-ақ илимий жумыслардың нәтийжелери Өзбекистан Республикасы Министрлер Ка-бинети жанындағы Жоқары Аттестация Комиссиясының дүнья жәмийетшилиги тән алған арнаўлы дизиминдеги илимий журналларда басылып шықпақта. Усы илимий жумыслардың нәтийжелери кафедра профессор-оқытыўшыларының кандидатлық ҳәм докторлық диссертацияларының тийкарын қурады. Профессор Қ.Исмайловтың илимий басшылығында 4 илим кандида-ты (Қ.Дәўлетов, 1999-жыл, А.Камалов, 2003-жыл, М.Шарибаев, 2010-жыл ҳәм А.Атаубаева, 2011-жыл) ҳәм 1 илим докторы (доцент А.Камалов, 2011-жыл) табыслы жақлады. Профессор М.Тагаевтың илимий басшылығында еки илим кандидаты илимий жумысларын қорғап шықты (С.Бекбергенов ҳәм М.Насыров, 2009-жыл). Сондай-ақ, профессор Қ.А.Исмайловтың илимий басшылығында еки зийрек студент, яғный Аяп Қалилаев ҳәм Баҳадыр Усенов, профессор М.Б.Тагаевтың басшылығында Зарипа Аллаярова, физика-математика илимлериниң докторы, доцент А.Б.Камаловтың басшылығында Байрамбай Исмайлов Улығбек атындағы мәмлекетлик стипендия жеңимпазлары болды.

Ҳәзирги ўақытта кафедра Украина миллий илимлер академиясының В.Лашкарев атындағы ярым өткизгишлер физикасы, Украинаның Винница қаласындағы М.Коцюбинский атындағы Винни-ца педагогикалық университети ҳәм Қазақстанның Қ.Жубанов атындағы Ақтөбе мәмлекетлик университетлери менен бирликте илимий -педагогикалық жумыслар алып бармақта. Көп жыллар даўамында кафедрамызда дәстүрге айланған республикамызға белгили профессор-оқытыўшылар мирәт етилип ярым өткизгишлер физикасының ҳәзирги заман машқалалары бойынша қәнигелик пәнлерден лекция оқып келмекте. Солардан атап өтетуғын болсақ академик М.С.Саидов ФТИ, профессор К.П.Абдурахманов ТАТУ, профессор М.К.Бахадырханов ТДТУ,

профессор С.И.Власов ӨзМУ, профессор Ш.А.Мирсагатов ФТИ, профессор С.Ж.Қаражанов, Норвегия, Осло университети, профессор И.М.Каримов АндМУ ҳәм тағы басқалар. Бизиң уни-верситетимиз ушын көплеген илимий дәрежеликке ийе маман кадрларды таярлап бериўдеги хызметлери ушын университет Илмий кеңесиниң шешими менен профессор Р.В .Конакова ҳәм профессор М .К.Бахадырхановқа Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ҳүрметли профессоры деген атағы салтанатлы түрде берилди.

Өткен 2015-жылы «Ярым өткизгишлер физикасының ҳәзирги машқалалары» тема – сында республикалық илимий-әмелий конференция өткерилди. Конференция 26-27-октябрь күнлери Нөкис қаласында ғәрезсизлигимиздиң 24 жыллығы ҳәм доцент М.Ережеповтың 80 жыллық юбилейине бағышланды.

Кафедрада ярым өткизгишли әсбаплардың сапасын ҳәм исенимлилигин арттырыў мәселелери бойынша профессор Қ.А.Исмайловтың басшылығындағы топар илим-изертлеў жумысларын алып бармақта. Кафедрада физика-математика илимлери докторы, профессор Қ.Исмайловтың басшылығында 2009-2011-жылларда ИТД-14-020 «Модуляцион дифференцияллаў усылы ме-нен ярымөткизгишли структуралар ҳәм олар тийкарындағы әсбаплардың сапасын алдыннан анықлаў» темасындағы әмелий, 2007-2011-жылларда ОТ-Ф2-«Ярым өткизгишлер дефектлердиң акустохимиясы» темасындағы фундаментал илимий-изертлеў проекти техника илимлери докто-ры, профессор М.Тагаевтың басшылығында алып барылды ҳәм 2012-2016-жыллар аралығында Ф2-37 – «Ярым өткизгишлерде дефектлерди пайда ететуғын лазер-индуциялық сызықлы емес процесслердиң айрықшалығы» темасында фундаментал илимий-изертлеў жойбары алып бары-лып атыр. Сондай-ақ кафедра профессор оқытыўшыларынан профессор Қ.А.Исмайлов ҳәм до-цент М.Б.Шарибаевлар ӨзИА Қарақалпақстан бөлиминиң тәбийий пәнлер институты менен биргеликте фундаменталь илим-изертлеў жойбарында қатнасып келмекте. Ҳәзирги ўақытта ка-федрада «Конденсацияланған орталықлар физикасы ҳәм материалтаныў» (ярым өткизгишлер

физикасы) бағдары бойынша магистрантлар билим алмақта.

Буннан тысқары кафедрада 01.04.10-ярым өткизгишлер физикасы қәнигелиги бойын-ша төрт үлкен илимий-хызметкер излениўшилер өзлериниң илимий жумысл арын Украинаның Киев қаласында (физика-математика илимлериниң кандидатлары М.У.Насыров, ҳәм А.Б.Атаўбаева), сондай-ақ, Ташкент қаласының ири илимий орайларында (доцент

Б.Р.Жоллыбеков ҳәм А.Өтениязов) алып бармақта. Бүгинги күнде ярым өткизгишлер фи – зикасы кафедрасында еки илим докторы, еки илим кандидаты, алты ассистент ҳәм оқыўға жәрдемши техник хызметкерлер жумыс алып бармақта.

Кейинги 5 жылда кафедра профессор-оқытыўшылары тәрепинен 30 дан аслам халықаралық, 50 ден аслам республикалық көлемде илимий мақалалар жәрияланды. Профессор Қ.А.Исмайлов Андижан мәмлекетлик университетиниң профессорлары А.Тешебаев ҳәм С.Зайнабоддиновлар менен бирликте «Нанобөлекшелер физикасы, химиясы ҳам технологиялары» атамасындағы оқыў қолланбасын Ташкент қаласындағы «КAMALAK –PRESS» баспаханасында өзбек ти-линде латын имласында 2014-жылы басып шығарды ҳәм сол китап 2015-жылы Өзбекистан көлеминде өткерилетуғын «Жылдың ең жақсы сабақлығы ҳәм оқыў әдебияты авторы» респу-блика таңлаўының 1-дәрежели дипломы менен сыйлықланды.

Кафедрада ислеп атырған илимий дәрежели профессор-оқытыўшылар

 

 

Насыров Уали, физика-математика илимлери-ниң кандидаты, доцент. 1946-жылы 26 -мартта Тахтакөпир районында туўылған. 1970-жылы Ташкент мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәни-гелиги радиофизик. 1978-жылы «Нелинейные опти-ческие процессы в кристаллических и стеклообраз – ных полупроводниках» деген темада кандидатлық диссертациясын жақлады. 100 ден аслам илимий мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 10 оқыў қолланбасы баспадан шықты. 1989-жылдан баслап кафедра доценти болып ислеп атыр.

 

Исмайлов Қанатбай Абдреймович, физика-математика илимлериниң докторы, профессор. 1959-жылы 26-февральда Хожели районында туўылған. 1981-жылы Ташкент мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги физик-оқытыўшы. 1988-жылы «Влияние внешних воздействий на характери – стики лавинно-пролетных диодов» темасында кандидатлық, 1995-жылы «Сильнополевые и радиа-ционные эффекты в арсенидгаллиевых приборных структурах» темасында докторлық диссертациясын жақлады. 300 ден аслам илимий мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 1 монография, 7 сабақлық, 5 оқыў қолланбасы баспадан шықты. 2011-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде кафедра баслығы болып ислеп атыр.

 

Утениязов Абатбай Курбаниязович, физика-математика илимлериниң PhD докторы. 1962-жылы 5-майда Кегейли районында туўылған. 1988-жылы Қазан мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги радиофизик. 2018-жылы «Электронные процессы в теллурид кадмиевых инжекционных фотоприемниках» деген темада докторлық диссертациясын жақлады. 40 тан аслам илимий мақалалары ҳәм оқыў-методикалық мий-нетлери баспада жәриялады. 2018 жылдан баслап кафедра доценти.

 

Шарибаев Муратбай Борибаевич физика-математика илимлериниң кандидаты, доцент. 1969-жылы 23-февральда Нөкис  районында туўылған. 1995-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги физик-оқытыўшы. 2010-жылы «Радиационно-физическое исследование оптических характеристик  А2В6 И А3В5 и выявление микродефектов в эпитаксиальных пленках» деген темада кандидатлық диссертациясын жақлады. 60 тан аслам илимий мақалалары ҳәм оқыў-методикалық мийнетлери баспада жәриялады. 2018-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде доцент болып ислеп киятыр.

 

Сарыбаев Лазиз Ктайбекович, физика-математика илимлер кандидаты, доцент. 1973 жылы 8 июльда Нөкис қаласында туўылған. 1995-жылы Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги физик- оқытыўшы. 1999-жылы «Механизм токопрохождения и преобразования солнечной энергии в полупроводниковых гетероструктурах с квазинепрерывным примесным спектром» темасында кандидатлық диссертациясын  жақлады. 30 ден аслам илмий мийнетлери баспада жәрияланды. 2018-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде доцент лаўазымында ислеп атыр.

 

Бекбергенов Сапарбай Ерназарович, физика-математика илимлериниң кандидаты, доцент. 1974-жылы 18-мартта Кегейли районында туўылған . 1996-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги физик-оқытыўшы. 2009-жылы «Влия-ние лазерного излучения на арсенидгаллиевые при-борные структуры с барьером Шоттки» деген темада кандидатлық диссертациясын жақлады. 40 тан аслам илимий мақалалары ҳәм оқыў-методикалық мий-нетлери баспада жәриялады. 2013-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде доцент болып ислеп киятыр.

 

Атаубаева Аккумис Берисбаевна, физика-математика илимлериниң кандидаты, доцент. 1979-жылы 23-сентябрьде Нөкис қаласында туўылған. 2000-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги физик. 2011-жылы «Ано-мальный механизм токопереноса в омических кон-тактах к сильнолегированным слоям кремния» те-масында кандидатлық диссертациясын жақлады. 30 дан аслам илимий мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 1 монография, 1 оқыў-методикалық қолланба, 3 патент, 10 илимий мақала ҳәм 20 дан аслам ҳалықаралық ҳәм республикалық конференция тезислериниң авторы. 2013-жылдан баслап кафедра доценти

Кафедрада ассистентлерден А.Алламбергенов, З.Сапарниязова, А.Жуманазаров, Г.Сейтимбетова, З.Кенжаев, Б.Усеновлар жумыс ислеп атыр.

 

Пайдалы дереклер