slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Архитектура факультети | Karakalpak state university

Архитектура факультети

 

Архитектура факультети деканы:

Кидирбаев Бахрам Юлдашевич 

+998 91 3830038
bakhram- 23@yandex.ru

 

Факультеттеги кафедралар

1.Қала қурылысы ҳәм хожалығы

2.Архитектура

Архитектура факультети тарийхы

2003-2004 оқыӯ жылынан баслап Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Физика-техника факультетиниӊ «Улыӯма қурылыс» кафедрасы қурамында Қаракалпақстан   Республикасында   биринши   мәрте   «Архитектура» бакалавр бағдары бойынша студентлерди қабыл етиӯ басланды. Бул бағдардың Карақалпақ мәмлекетлик университетинде ашылыӯында  Республикаға  хызмет көрсеткен архитектор Орынбай Төрениязовтың, сол ўақыттағы «Улыӯма қурылыс» кафедрасы баслығы проф. Кеңесбай Ибраимович Баймановтың үлеслери айрықша.

2008-2009 оқыӯ жылында «Улыӯма қурылыс» кафедрасы қурамынан «Архитектура» ҳәм

«Қурылыс» кафедралары жанадан дүзилди. «Архитектура» кафедрасына доц. Рустам Ешниязов 2014-2015 оқыӯ жылына шекем кафедраға басшылық етти.

Бул жыллар даӯамында кафедра профессор-оқытыӯшыларынан М.Пиримжаров 2009- жылы, Д.Жумамуратов 2010-жылы кандидатлық диссертацияларын жақлады. Кафедрада қоса ислеў тийкарында профессор А.С.Уралов, проф.О.Салимов, проф.Р.И.Гимуш иследи ҳәм ислеп келмекте.

2014 жылы 2-сентябрь күни «Архитектура» кафедрасы қурамына «Қала қурылысы ҳәм хожалығы» бакалавр бағдарының қосылыӯы нәтийжесинде «Архитектура ҳәм қала қурылысы» кафедрасы пайда болды.

Факультет профессор-оқытыўшылары Европа Аӯқамының «Эрасмус +» фонды GREB атамасындағы жойбарында қатнасып атыр. Кейинги үш жыл даӯамында профессор- оқытыӯшылардан Р.Ешниязов ҳәм Ж.Тургаев Италияның Лакула университетинде, Б.Қидирбаев Австрияның Зальцбург әмелий пәнлер университетинде, Б.Сейтеков ҳәм А.Турдыбаевлар Словенияның қәнигеликлерин жетилистирип келди. Доц Р.Ешниязов 2015-жылы Упсала университетинде, Швеция, 2018-жылы Лакула университетинде, Италия, мастер-класслар өткерди.

Университетимиздиӊ еӊ үлкен факультетлеринен бири болған «Техника» факультети 2019 жыл июнь айынан баслап «Қурылыс» ҳәм «Архитектура» факультетлери болып екиге бөлинди.

Архитектура факультети 2019-жыл 2-июнь сәнесинен баслап факультет болып дүзилди ҳәм оны усы факультеттиӊ тәжрийбели устазы Бахрам Юлдашевич Кидирбаев басқарып келмекте.

Ҳәзирги күнде факультетте 2 кафедра «Архитектура» ҳәм «Қала қурылысы ҳәм хожалығы» кафедралары дүзилди ҳәм оларда 3 бакалавр бағдарлары бойынша жәми 981 студент тәлим алмақта.

Бакалавр бағдарлары:

5340300– Қала қурылысы ҳәм хожалығы 

5340100 – Архитектура

5340800 – Автомобиль йуллари ва аэродромлар

  • Профессор-оқытыўшылар қурамы 33
  • Илим кандидаты 1
  • Илим докторы (PhD) 3
  • Илим докторы 1

Пайдалы дереклер