slot gacor hari inislot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot gacor terbaikslot pulsahttps://mti.unpam.ac.id/assets/images/https://besadu.belitung.go.id/css/https://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://e-office.pangandarankab.go.id/demo/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/
Билимлендириў сапасын қадағалаў бөлими | Karakalpak state university

Билимлендириў сапасын қадағалаў бөлими

 

Билимлендириў сапасын қадағалаў бөлими

Ешмуратов Шавкат Артықбаевич

861-223-56-75
talimsifati@karsu.uz

Өзбекистан Республикасының Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2017-жыл 20-апрельде «Жоқары билимлендириў системасын еле де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2909-санлы қарары қабыл етилди. Усы қарарда белгиленген ўазыйпаларды орынлаў ҳәм жоқары билимлендириў системасында нәтийжелиликке ерисиў мақсетинде 2017-жылдың 18-июль күни Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы билимлендириў сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 515-санлы қарары қабыл етилди ҳәм Мәмлекетлик тест орайының Кадрлар таярлаў сапасын қадағалаў, педагог кадрлар ҳәм билимлендириў мәкемелерин аттестациялаў басқармасы тийкарында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы билимлендириў сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы шөлкемлестирилди.

Бул нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер тийкарында Өзбекистан Республикасының барлық жоқары оқыў орынларында 2017-жылдың декабрь айында Билимлендириў сапасын қадағалаў бөлимлери өз жумысын баслады.

2017-жыл 28-декабрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Билимлендириў сапасын қадағалаў бөлими шөлкемлестирилди ҳәм өз жумысын баслады. ӨзР Министрлер Кабинети қасындағы Билимлендириў сапасын қадағалаў Мәмлекетлик инспекциясының усынысы менен Дуйсенбаев Олимжон Исмаилович усы бөлимниң баслығы етип тайынланды. Сандай-ақ, ӨзР Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 18 июльдағы 515-санлы қарарының 14-бәнтине муўапық Ганиев Саламат Турсынбаевич ҳәм Пахратдинов Султан Юнисович усы бөлимниң бас қәнигелери етип тайынланды.

Билимлендириў сапасын қадағалаў бөлими өз жумысын ӨзР Министрлер Кабинети қасындағы Билимлендириў сапасын қадағалаў Мәмлекетлик инспекциясының 2017-жыл 30-декабрь күнги 50-санлы буйрығы менен тастыйықланған «Республика жоқары оқыў орынлары қурамындағы Билимлендириў сапасын қадағалаў бөлими ҳаққында»ғы үлги Уставы, орнатылған тәртипте тастыйықланған ис режеси, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2017-жыл 26-декабрь күнги 941-санлы буйрығы менен тастыйықланған «Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң «Тараў тариф-квалификация мағлыўматнамасы» тийкарында алып барады.

Бөлимниң тийкарғы ўазыйпалары университетимиз студентлериниң ийелеген билимлериниң мәмлекетлик билимлендириў стандартларына муўапықлығын үйрениў, анализлеў, кадрлар таярлаў сапасы мониторингин алып барыў ҳәм университетимизди аттестациядан өткериўди шөлкемлестириў, сондай-ақ, аттестация нәтийжелерин, билимлендириў сапасына тәсир еткен факторлар ҳаққындағы мағлыўматларды университет ректоры ҳәм Мәмлекетлик инспекцияға усыныўдан ибарат.

Пайдалы дереклер