slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
БОЯН ӨСИМЛИГИН ТАМЫР-ПАҚАЛ ҚӘЛЕМШЕДЕН ЕГИП КӨБЕЙТИЎ УСЫЛЫ. | Karakalpak state university

БОЯН ӨСИМЛИГИН ТАМЫР-ПАҚАЛ ҚӘЛЕМШЕДЕН ЕГИП КӨБЕЙТИЎ УСЫЛЫ.

Жерди егисге таярлаў. Жерди егисге таярлаўдан алдын топырақ шорланыў дәрежесин анықлаў керек. Боян өсимлигин тамыр-пақал қәлемшеден егислик жерлерди таярлаў жоқарыда айтылғал туқымнан егиў усылы менен бирдей. Анығырақ етип айтқанда егислик жерлерди таярлаў жумыслары пахта ҳәм басқада аўыл хожалық егинлерин егиў ушын жерлерди таярлаў усылларын қолланыўға болады.

Тамыр-пақал қәлемшесин егисге таярлаў. Тамыр-пақал қәлемшеси өсимликтиң тамырын жыйнаў ўақтында таярланады. Бунда өсимликтиң тамыр-пақалы жыйнап алынып, диаметри 1,5-2 см болған тамыр-пақаллар 10, 15, 20 см узынлықда кесиледи. Қәлемшелерди кесип таярлаўда РСС-6 ямаса «Украина-2» сабақ кесиў техникаларынан пайдаланылады [11]. Кесип таярланған қәлемшелер қалталарға салынып егиў майданларына алып келиниб, атыз шетинен уралар қазылып көмип қойылады.

Егиў. Киши көлемдеги майданларда тамыр-пақал қәлемшелер қолда егиледи, ал үлкен көлемдеги майданларда егис ушын таярланып қойылған жерлерге оқ қарықлар тартылады. Оқ қарықлар тартыўда пахта қатар арасына ислеў бериўши культиваторларға акучниклер илдирилип усы агрегатлардан пайдаланылады ҳәм оқ қарықлар ултанына қәлемшелер горизонтал тәризде қойып шығылады.  Қәлемшелер 60х30,40 см схемада егиледи. Бунда узынлығы 10 см қәлемшелер егилгенде, гектарына егилетуғын қәлемшелер салмағы 500-600 кг әтирапында болады, узынлығы 15 см қәлемшелер егилгенде, егилетуғын қәлемшелер салмағы гектарына 750-800 кг әтирапында болады. Узынлығы 20 см болған  гектарына егилетуғын қәлемшелер салмағы егилгенде гектарына 40-42 мың қәлемшелер сарыпланады. Булардың салмағы 1-1,2 тонна әтирапында болады. Егиске таярланған қәлемшелер сол күнниң өзинде егилгени мақул. Сол күнниң өзинде егиў шараяты болмағанда калемшелер қапшықларға салынып қойылады. Ураларға көмип қойылған қәлемшелер 3-4 күн ишинде егилиўи зәрүр.

Тәрбиялаў. Қәлемшелер егилген атызлардың қатар араларына ислеў бериледи. Бунда жабайы шөплерден тазаланып топырақ жумсартылады. Қатар араларына ислеў бериледи, ғаўаша қатар араларына ислеў бериўде пайдаланылатуғын культиваторлар ислетиледи. Мәўсимде 3-4 мәрте культивация қылынады. 1 ҳәм 2 культивация дәўиринде төгинлеў ислери алып барылады. Бунда орташа гектарына 100-150 кг азот, 80-100 кг фосфор, 50 кг калий төгинлерин бериў усынылады. Өсимликтиң вегетация дәўиринде топырақ ығаллығын есапқа алып 1-2 мәрте суўғарыў мүмкин. Бунда суўғарыў нормасы 600-700 м3да болады. Жаңадан боянзарлықларды пайда етиўде жерлерди төгинлеў ҳәм өсимликтиң вегетация дәўиринде суўғарыў жумысларына итибар қаратыў керек. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы» кафедрасында алып барылған тәжирийбелерде боян егилген майданларда өсимлик раўажланыўының биринши жылы топыраққа минерал ҳәм жергиликли төгинлер бериў ҳәмде өсимликтиң вегетация дәўиринде суўғарыў жумысларын алып барыў өсимликтиң раўажланыўына ҳәм тамыр зүрәәтлигиниң артатуғынлығы анықланған (1-кесте).

1-кесте

Боян егилген майданларды төгинлеў ҳәм суўғарыўдың тамыр зүрәәтлигине тәсири

Тәжирийбе

вариатлары

Зүрәәтлик т/га

Ығал халда, т/га

Қурғақлай, т/га

Төгин берилмеген ҳәм суўғарылмаған майдан (контроль)

5,7

2,3

Төгин берилген ҳәм суўғарылған майдан

8,7

3,5

Бунда егисликге төгин ҳәм суў берилгенде тамыр зүрәәтлиги 1,5 есеге артатуғынлығы мәлим болды.

Өсимликдиң вегетациясы тамамланыўдан 2-3 ҳәпте алдын оның жер устки бөлими орып жыйнап алынады ҳәм шарўа маллары ушын от-жем  сыпатында пайдаланылады.

 

Бердақ атындағы Қарақалпақ

мәмлекетлик университети

«Дәрилик өсимликлерли жетистириў

ҳәм қайта ислеў технологиясы» қәнигелиги

3-курс талабасы                                                                  Алланов М. 

 

Пайдалы дереклер