slot gacor hari inislot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot gacor terbaikslot pulsahttps://mti.unpam.ac.id/assets/images/https://besadu.belitung.go.id/css/https://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://e-office.pangandarankab.go.id/demo/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/
Илимий-изертлеў жумысы | Karakalpak state university

Илимий-изертлеў жумысы

Илмийизертлеў искерлиги

Улыўма мағлыўматлар

Университеттиң илимий потенциалы ҳаққында

 

Ҳәзирги күнде Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде профессор-оқытыўшылар саны – 673, соның ишинде Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы академиклери – 1, илим докторы ҳәм профессорлар – 29, илим кандидаты ҳәм доцентлер – 172, философия докторлары 26, үлкен оқытыўшы ҳәм ассистентлер – 451. Профессор-оқытыўшылардың илимий потенциал – 33,5%, орташа жасы болса – 41 жасты қурайды.   

 

Илимийизлениўшилер ҳаққында мағлыўмат

Бүгинги күнде университетте 2 Илимий (қәнигелескен) кеңеслер, 15 қәнигелик бойынша 29 таяныш докторантлар, 5 өз бетинше излениўшилер диссертация жумысларын алып бармақта. Сондай-ақ, 100 ден артық жас профессор-оқытыўшылар докторлық диссертациялары үстинде илимий-изертлеўлер алып бармақта.

2018-жылда университет жанындағы Илимий кеңеслерде жәми 13 қорғаў, соннан 12 си философия докторы ҳәм 1 еўи илим докторы диссертацияларын қорғады.

2019-жылы усы илимий кеңеслерде 2 излениўши докторлық диссертацияларын (PhD) қорғады.

Соңғы үш жыл даўамында университеттиң профессор-оқытыўшы ҳәм излениўшилери 30 философия докторы (PhD) ҳәм 6 илим докторы (DSc) диссертацияларын қорғады.

2019-жылдың январь-март айлары даўамында университет докторантлары ҳәм излениўшилеринен 8 илим докторы (DSc) диссертацияларын қорғады.

 

Студент ушын Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик стипендиялары ҳәм атлы мәмлекетлик стипендиялары ҳаққында мағлыўмат

 

Дерлик барлық студентлердиң үлкен арзыў ҳәм мақсети есапланған атақлы мәмлекетлик стипендиялар ҳар жылы өзиниң жаңадан-жаңа ийелерин таўып алмақта. Мәмлекетлик стипендия ийесине айланыў студент ушын материаллық қошамет, жоқары атақ есапланады.  Мыңлап, миллионлап талабанларды өзине мәргия сыяқлы өзине тартатуғын Президент стипендиясы ҳәм атақлы мәмлекетлик стипендияларын 2018-2019-оқыў жылы ушын университеттиң 7  студентлери, сол қатары 1 магистрант ҳәм 1 бакалавр Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик стипендиясы, 1 бакалавр Наўайы мәмлекетлик стипендиясы, 1 бакалавр И.Каримов мәмлекетлик стипендиясы, 1 бакалавр Улуғбек мәмлекетлик стипендиясы ҳәмде 2 еўи Беруний мәмлекетлик стипендиясы жеңимпазы, 7 еўи университеттиң Бердақ атындағы стипендия ийелери болды.

 

Мәмлекет илимий-техникалық дәстүри шеңбериндеги жойбарлар ҳәм хожалық шәртнамалары

Өзбекстан Республикасы Инновацияларды раўажландырыў министрлиги тәрепинен ҳәр жылы тастыйықланған мәмлекетлик буйырытпасы тийкарында белгиленген илимий изертлеўлер ушын мәмлекет илимий-техникалық дәстүрлери шеңбериндеги илимий-техникалық жойбарлар әмелге асырылады.     

Университетте мәмлекет илимий-техникалық дәстүрлери шеңбериндеги әмелге асырылатуғын фундаментал, әмелий ҳәм инновациялық жойбарлар, хожалық шәртнамалары, инновациялық бирге ислесиў кәрханалары тәрепинен әмелге асырылған илимий изертлеўлер, Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлери менен қадағаланбаған басқа дереклерден қаржыландырылады.

Усы жылда университет профессор-оқытыўшылары, илимий излениўшилери тәрепинен  мәмлекет илимий-техникалық дәстүрлери шеңберинде жәми 8 проект бойынша 548,416 млн сўмлық изертлеў жумыслары алып барылмықта. Сондай-ақ, 2 фундаментал, 6 әмелий,  91,1 млн. сўмлық 13 хожалық шәртнамалары ҳәмде авторлық сертификатлары сани 6 дананы қурайды. Усы илимий-изертлеў жойбарларына 20 ға жақын зийрек студентлер ҳәм магистрантлар қамтып алынған.

Пайдалы дереклер