slot gacor hari inislot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot gacor terbaikslot pulsahttps://mti.unpam.ac.id/assets/images/https://besadu.belitung.go.id/css/https://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://e-office.pangandarankab.go.id/demo/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/
Маркетинг хызмети бөлими | Karakalpak state university

Маркетинг хызмети бөлими

 

 

Маркетинг хызмети бөлими баслығы:

       Науризбаев Алиакбар Рустамович

861-2235987
marketing@karsu.uz

Маркетинг хызмети бөлиминиң искерлиги

Бөлимниң тийкарғы ўазыйпаларынан бири, студентлерди қабыллаў көрсеткишлерин анықлаў мәқсетинде жумыс бериўшилер (кәрхана ҳәм мәкемелер)диң барлық тәлим бағдарлары ямаса қәнигеликлерге болған талапларын (буйыртпалар) итибирға алған ҳалда мәмлекетлик грантлар ҳәм төлемли-контракт тийкарында «буйыртпалар портфели»н қәлиплестириў. Университет питкериўшилерин жумыс орынларына бөлистириў бойынша комиссия дүзиў, бөлистириў комиссиясы тәрепинен жумыс бериўши мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң кадрларға болған реал талапбына муўапық питкериўшилерди жумысқа бөлистириў жобасын (дәслепки, анықланған) ислеп шығыў ҳәм жуўмақлаўшы бөлистириўди өткериў, олардың нәтийжеси бойынша питкериўшилердиң жеке бөлистириў дизимин дүзиў ҳәм улыўмаластырыў. Жаңа оқыў жылына қабыллаў бойынша режениң орынланыўы (мәмлекетлик грант ҳәм төлемли-контракт тийкарында қабылллаў режеси, келип түскен арзалар, конкурс, қабыл етилген студентлер саны, олардың курслары, тәлим бағдарлары (қәнигеликлер) бойынша бөлистирилиўи, оқытыў тиллери ҳәм т.б.) ҳаққында мағлыўматлар банкин жаратыў. Бакалавриат бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша студентлердиң кәсиплик шеберлигин арттырыў ҳәм питкериўшилерди жумысқа бөлистириўде университеттиң тийисли бөлимлери (илимий, методикалық кенеслер, оқыў-методикалық бөлимлер, факультетлер, кафедралар ҳ т.б.) менен ислесиў, олар тәрепинен әмелге асырылған ис-иләжлар сапасын анализлеў ҳәм баҳалаўда қатнасыў, маркетинг сиясатын әмелге асырыўда тийисли бөлимлер хызметин муўапықластырыў.

Төлемли-шәртнама тийкарында оқыйтығын студентлер менен шәртнамаларды рәсмийлестириў ҳәм қадағалаў инспекторларының ўазыйпасы:

  • кәрхана, мәкеме, шөлкемлер, физикалық тәреплер менен қәнигелер таярлаў бойынша шәртнамаларды рәсмийлестириў;
  • төлемли-шәртнама тийкарында оқып атырған студентлер менен оқыў бойынша қәрежетлер парқын, есап-китабын алып барыў (тийисли норматив ҳүжжетлер тийкарында);
  • төлемли-шәртнама тийкарында оқып атырған студентлерге оқыў бойынша қәрежетлерди өз ўақтында төлетиў жумысларын алып барыў (деканлар менен биргеликте);
  • төлемли-шәртнама тийкарында оқып атырған студентлердиң саны бойынша мағлыўмат таярлаў (реже тийкарында, кадрлар бөлими менен биргеликте).

Жас кадрлар менен ислесиў инспекторларының ўазыйпасы:

  • Өзбекстан Республикасы Президентиниң “2005-2006-оқыў жылында Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орынларына қабыл етиў бойынша 2005-жыл 2-июндағы ПҚ-92 санлы қарарына муўапық барлық бакалавр тәлим бағдары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша мәмлекетлик грант тийкарында билим алған ЖОО питкериўшилерин ең кеминде үш жыл жумыс ислеп бериў шәрти менен оқыў орынына, қәрхана ҳәм шөлкемлерге жумысқа бөлистириў бойынша ўазыйпаларды өз ўақтында орынлаў ҳәм қадағалаў;
  • университетте таярланып атырған жоқары қәнигели кадрларға кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң талабын факультетлер, кафедралар ҳәм ректорат пенен үйренип шыққан ҳалда мағлыўматлар базасын қәлиплестириў;
  • мийнет базары конюктурасын үйрениў, қабыл етиў көрсеткишлерин усыныў, пайдаланыўшылардың питкериўшилерге болған реал буйыртпасы тийкарында қәлиплестириў, студентлер контингенти, питкериўшилердиң жумысқа орналасыўы ҳаққындағы мағлыўматлар базасын қәлиплестириў ҳәм өз ўақтында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлигине усыныў, мәмлекетлик грант тийкарында қабыл етилген бакалавр ҳәм магистрлар менен оқыўды питкергеннен кейин билимлендириў мәкемелеринде яки кәрханаларда кеминде үш жыл ислеп бериў ҳаққында шәртнама дүзиў (бир ай мүддет ишинде) питкериўшилердиң қәлеўин инабатқа алған ҳалда. Мәмлекетлик грант тийкарында питкерген жас қәнигелерди республикамыздың экономикалық тармақларында нәтийжели пайдаланыў ушын оларды өз ўақтында жумыс пенен тәмийинлеўге көмеклесиў;
  • питкериўшилерге жумыс орыны ҳаққында мағлыўмат бериў, мийнет ярмаркаларын өткериўди шөлкемлестириў (администрация жәрдеминде);
  • өткен оқыў жылы питкериўшилериниң жумысқа жайласқанлығы ҳаққындағы мағлыўматларын таярлаў.

Бөлимниң жумысшылар қурамы:

  1. Бөлим баслығы: С.Габбаров
  2. Үлкен инспектор: Г.Шамуратова
  3. Үлкен инспектор: К.Нажимов
  4. Инспектор: Г.Қыдырниязова

Пайдалы дереклер