slot gacor hari inislot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot gacor terbaikslot pulsahttps://mti.unpam.ac.id/assets/images/https://besadu.belitung.go.id/css/https://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://e-office.pangandarankab.go.id/demo/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/
Мәлимлеме ресурс орайы | Karakalpak state university

Мәлимлеме ресурс орайы

 

 

Мәлимлеме ресурс орайы директоры:

  у.ӯ.а   Калмурзаева Раӯшан Алламуратовна

 (99890)7093073
kkdu-arm@mail.ru

Бердақ  атындағы  қарақалпақ  мәмлекетлик  университетиниң  мәлимлеме  ресурс орайы  дәслеп  1934-жылы  Төрткүлдеги  қарақалпақ  муғаллимлер  институты  жанында шөлкемлестирилип, китапхана қорында 3000 нусқаға шамалас әдебиятлар болып, онда еки  хызметкер  ислеген. 1976-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик  университети  ашылған ўақытта  фундаментал китапхананың қорында 240000 нусқа китап болған ҳәм 24  хызметкер жумыс иследи.

Өзбекстан Республикасы Президенти И.А.Кәримовтың 2006-жыл 20-июньде «Республика  халқын мәлимлеме-китапхана менен  тәмийинлеўди  шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып орайдың жумысын  белгилеп,  тийисли норматив  ҳүжжетлер  ислеп  шығылды. Усы қарарға  муўапық  Қарақалпақ  мәмлекетлик университетиндеги  китапхана  хызмети  1-2-санлы Мәлимлеме-ресурс орайы  болып қайта шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайының дүзилиси төмендеги 6 бөлимнен ибарат:

  1. Илимий методикалық бөлим;
  2. Әдебиятларды қабыллаў, топлаў ҳәм каталогластырыў бөлими;
  3. Маркетинг ҳәм информациялық хызмет көрсетиў бөлими;
  4. Әдебиятлар ҳәм электрон мәлимлеме ресурслар бөлими;
  5. Китап сақлаў бөлимлери;
  6. Информациялық технология бөлими.

Бул жерде студентлер, магистрантлар, докторантлар ҳәм профессор оқытыўшылардың зәрүр әдебиятлар  менен  танысып  шығыўы  ушын  қәнигелестирилген  650  адамға мөлшерленген 10 оқыў залы хызмет көрсетпекте. Мәлимлеме ресурс орайының улыўма китаплар қоры 552252 нусқа болып, соннан 361591 сабақлық ҳәм оқыў қолланба, 98563 дана илимий әдебиятлар, 40607 ге шамалас шет ел әдебиятлар ҳәм  50743 дана басқа да әдебиятлары  сақланбақта.

Ҳәр жылы китап қорына 3-4 мың әтирапында жаңа оқыў әдебиятлары, газета-журналлар алынып, китап қоры толықтырылмақта.

Бүгинги  күнде  мәлимлеме-ресурс  орайында  оқыўшылардың қызығыўшылығы ҳәм информацияға болған талабын қанаатландырыў ушын электрон қоры бар. Армад автоматластырылған системасында 65150 атамада 42274 дана биографик мағлыўматлары киритилген. 14325 әдебиятлардың толық текстлери локал тармаққа қойылған. Профессор-оқытыўшы  ҳәм  студент жасларды  таза әдебиятлар менен жақыннан таныстырып барыў мақсетинде ҳәр қыйлы атамадағы китап көргизбелери, китаплар презентациясы, библиографиялық шолыў, семинарлар, илимий конференция ҳәм басқа да илажлар шөлкемлестирилип келинбекте.

Электрон китапхананың оқыў залында 67550 нусқа электрон ресурслары, университет профессор-оқытыўшылары  тәрепинен  таярланған  электрон лекция текстлери, ал  электрон оқыў қолланбалар жақсы сақланыўы ушын CD компакт дисклерге жазып алынған.

Ҳәр  айда  «ZiyoNet»  мәлимлеме  тармағына  университет  профессор-оқытыўшыларының таярлаған  сабақлықлары,  оқыў-методикалық  қолланбалары, лекция текстлерин жайластырылып барыў жолға қойылды.

Мәлимлеме ресурс орайының китап қорын байытыўда ҳәм өз оқыўшыларына сапалы хызмет көрсетиўде Жоқары оқыў орынлары ҳәм орта арнаўлы кәсип-өнер колледж мәлимлеме ресурс-орайларына семинар-тренинг, методикалық ҳәм әмелий жәрдем көрсетиўде белсендилик көрсетип киятырған хызметкерлерден: Қ.Наўрызбаева Т.Мәмбетназарова, Г.Абдреймова, Г.Матакова, Р.Қалмурзаева, Е.Турғанов, Д.Есенгелдиев, А.Алучиевларды атап өтсек болады.

Мәлимлеме ресурс орайы 61 компьютер, принтер, нусқа көшириўши үскенелер, видео  магнитофон,  музыка  орайы  ҳәм  телевизорлар  менен  тәмийнленип, интернет тармағына жалғанған.

Мәлимлеме ресурс орайы хызметкерлериниң қурамы

Жәми хызметкерлер саны-58

Соннан;

Жоқары мағлыўматлы-30

Жоқары арнаўлы -9

Орта-28

Орта арнаўлы-23 хызметкер

Пайдалы дереклер