slot gacor hari inislot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot gacor terbaikslot pulsahttps://mti.unpam.ac.id/assets/images/https://besadu.belitung.go.id/css/https://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://e-office.pangandarankab.go.id/demo/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/
Түркмен тили ҳәм әдебияты кафедрасы тарийхы | Karakalpak state university

Түркмен тили ҳәм әдебияты кафедрасы тарийхы

 

Университетте   түркмен тили ҳәм  әдебияты тәлим  бағдары  қарақалпақ  филологиясы факультетинде 1992-жылы  шөлкемлестирилди.  2006-жылы  қазақ филологиясы ҳәм түркмен филологиясы тәлим бағдарларының  бирлесиўи нәтийжесинде  бир кафедра сыпатында шөлкемлестирилди.

Кафедра шөлкемлескен ўақытта илимий дәрежели қәнийгелерден  ф.и.к, доц., А.Шихиев, ф.и.к., доц., Г.Базаров, ассистент-оқытыўшылар Г.Аширов, А.Қадиров, А.Сариков, А.Аразов, Д.Аширов, М.Ханматовлар  жумыс алып барды.

Кафедра 2015-жылға шекем   Түркий  филологиясы  кафедрасы  деп аталып, 2015-жылдың  июнь  айынан баслап (буйрық № 213/1, 19.06.) «Филология (қазақ тили, түркмен тили)» кафедрасы  болып  қайта аталды.

2019-жылы 19- июньнен  баслап «Түркмен тили ҳәм әдебияты» кафедрасы болып тазадан шөлкемлестирилди. Кафедра баслығы ф.и.д., доц., О.Гайлиева. Ҳәзирги ўақытта кафедрада түркмен  филологиясы  тәлим бағдары бойынша  2 илимий дәрежели кадрлар ф.и.д.,  доц., Т. Керўенов  ҳәм ф.и. д., доц., О. Гайлиева студентлерге сабақ бермекте.  Буннан басқа  кафедрада ассистент-оқытыўшылардан  С.Авезкличева, А.Куртчаев, С.Жепбарова, стажёр-оқытыўшылар Ч.Чариев, М.Ханматов, Г.Аллабаевлар жумыс алып бармақта.

Кафедра «Қарақалпақстандағы  түркмен тили ҳәм әдебияты  мәселелери» деп аталатуғын актуаль темада,   тийкарғы түркмен, өзбек ҳәм қарақалпақ әдебий  байланыслары темасында илимий изертлеўлер алып бармақта.

2016-жылы 28-октябрьде Т.Керўенов «ХIХ әсир қарақалпақ қосықларында  миф ҳәм  рәўаятлардың қолланылыўы» темасында  докторлық  диссертациясын қорғап,  2019-жылы  доцент илимий атағын  алды.

2019-жылы  28-июньде кафедра баслығы О.Гайлиева «Ғәрезсизлик дәўири түркий халықлар лирикасында  формалық изленислер ҳәм олардың типологиясы» темасында докторлық  диссертациясын қорғады.

Кафедраның  профессор-оқытыўшылары  илимий ислерин алып барыў менен бирге студентлердиң «Устаз-шәкирт» дизими тийкарында студентлердиң илимге деген қызығыўшылықларын тереңлестириў мақсетинде бир қанша ислерди әмелге асырып келмекте. Кафедраның  профессор-оқытыўшылары өзлериниң илимий мақалалары ҳәм тезислери менен  Республика ҳәм  де Халықаралық  илимий-теориялық конференцияларда қатнасып  келмекте.

Ҳәзирги  ўақытта  түркмен филологиясы тәлим бағдарында  162 студент болып, олардың 85и  шет елден, яғный Түркменистан Республикасынан келип, шәртнама  тийкарында билим алмақта. Студентлер билим алыў менен бирге түрли мәдений-ағартыўшылық шараларда  да  актив қатнасып келмекте.

2019-2020-оқыў жылында  5А120102 – Лингвистика (түркмен тили) қәнигелиги бойынша  магистратура бөлими  шөлкемлестирилди. Быйылғы оқыў жылында 4  магистрант  студент қабыл етилди.  Магистрантлар ҳәзирги ўақытта магистрлик диссертация ислери бойынша илимий изленислер алып бармақта. Кафедрада ҳәзирги күнде инновацион исленбелер бойынша ҳамкорлық шәртнамалар жолға қойылған. Студентлердиң әмелияты бойынша Тахиаташ районы 20-санлы улыўма тәлим  мектеби менен ҳамкорлық шәртнамасы дүзилди. Кафедра профессор-оқытыўшылары студентлер менен тәрбиялық ҳәм  ағартыўшылық ислерин алып барыў,  оларды Ўатансүйиушилик, кәмил инсан руўҳында тәрбиялаўда, сондай-ақ, “Қудиретимиз бирликте ҳәм татыўлықта!” ураны астында жаслар арасында миллетлераралық  татыўлықты   жәмийетшиликте таратыў ислерин  алып барыўда актив  қатнасып келмекте. Сондай-ақ, профессор-оқытыўшылар студентлерди дене тәрбиясы ҳәм спорттың универсаль түрлерине қызығыўшылықларын асырыў, саламат турмысты  жәмийетшиликте таратыў арқалы өз саламатлығына  жуўапкершилик пазыйлетин  раўажландырыўда әмелий ислерин жолға қойды.

 

 

Гайлыева Огулбай Курбанмырадовна, филология илимлериниң докторы, доцент. 1977-жылы 26-октябрьде Хожели районында туўылған. 1999-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң түркмен тили ҳәм әдебияты бакалавриат тәлим бағдарын тамамлаған. 2002-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң магистратура бөлиминиң қарақал-пақ әдебияты қәнигелигин тамамлаған. 2006-жылы «Ҳәзирги қарақалпақ поэзиясында аралық формалардың жанрлық ҳәм формалық қәсийетлери (1970-2000-жыллардағы еркин қосық ҳәм насырый қосықлар)» темасында кандидатлық диссер-тациясын жақлаған. 30 дан аслам илимий мақалалары ҳәм тезислери, 4 оқыў қолланбасы баспа-дан шықты.

 

Керуенов Турғанбай Аразмедович, филология илимлериниң докторы, доцент. 1979-жылы 13-июньде Шоманай районында туўылған. 2003-жылы Қарақалпақ мəм-лекетлик университети магистратура бɵлиминиң «Қарақалпақ əдебияты» қəнигелигин тамамлаған. 2016-жылы «ХIХ əсир қарақалпақ поэзиясында мифлер ҳəм аңыз-лардың қолланылыўы» темасында докторлық диссертациясын жақлады. 30 дан аслам илимий мақалалары ҳəм тезислери, 1 монографиясы, 2 оқыў-методикалық қолланбасы баспадан шықты.

Пайдалы дереклер