slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
УЛЫУМАЛЫҚ БИОЛОГИЯ ХАМ ФИЗИОЛОГИЯ КАФЕДРАСЫ | Karakalpak state university

УЛЫУМАЛЫҚ БИОЛОГИЯ ХАМ ФИЗИОЛОГИЯ КАФЕДРАСЫ

 

Биология кафедрасы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының тәбияттаныў факультети қурамында 1946-жылдан баслап ботаника ҳәм зоология кафедрасы болып ашылды. Кафедраны белгили илимпаз биология илимлериниң докторы С. Османов басқарды, ал 1956-1961 жыллары бул кафедраға биология илимлериниң кандидаты В.В. Седов басшылық етти. 1961-жылы кафедра Ботаника ҳәм аўыл-хожалығы өндириси тийкарлары кафедрасы ҳәм Зоология кафедрасы болып екиге бөлинди.

Ботаника ҳәм аўыл-хожалық өндириси тийкарлары кафедрасына 1961-1968-жыллары доцент О. Дошимов басшылық етти. Ал 1968-жылдан баслап бул кафедра ботаника кафедрасы болып қайта дүзилди. Сол ўақыттан баслап 1993-жылға шекем кафедраны Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери, профессор С. Ережепов басқарды. Бул кафедрада академик Ч.А. Абдиров, б.и.д. Л.Г. Константинова, доцентлер О. Дошимов, Қ. Айтбаев, К. Абипов, Б. Шаниязов, П. Халмуратов, Г. Сабиров, А. Сайтова ҳәм М. Балтабаевлар иследи. 1993-94-жыллары кафедраны доцент П. Халмуратов, 1994-2000-жыллары доцент К. Абипов басқарды, 1999-жылы ботаника қәнигелиги бойынша магистратура ашылды. 2000-2005-жыллары кафедраға доцент Г. Сабиров басшылық етти.

1961-жылдан баслап  Зоология кафедрасы шөлкемлестирилди.

1961-1962 жыллары кафедраны доц. С.О. Османов басқарды. Кафедрада Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери Х. Ибайдуллаев, Ә. Мәмбетжумаев, Е. Қошанов, П. Ержанова, Б. Алламуратов ҳәм  М. Әжибековлар табыслы мийнет етти.

Ал 1974-1983 жыллары зоология кафедрасына доцент П.Х. Ержанова басшылық етти.

1983-1996 жыллары б.и.д., профессор Р. Тлеуов кафедраға басшылық етти. 1993-жылы кафедрада 03.00.08. »Зоология» қәнигелиги бойынша аспирантураның күндизги бөлими ашылды ҳәмде кафедра хызметкерлери Г. Туремуратова, А. Қурбанова усы жылы жаңадан ашылған аспирантураға оқыўға түсти.

Зоология кафедрасының қурамынан 1990-жылы »Экология  ҳәм қоршаған орталықты қорғаў», 1991-жылы »Адам ҳәм ҳайўанлар физиологиясы» кафедрасы бөлинип шықты.

1996-2005-жыллары кафедраға доцент А. Баймуратов басшылық етти. 1999-жылы Зоология қәнигелиги бойынша магистратура ашылды.

2005-жылы Ботаника, Зоология, Адам ҳәм ҳайўанлар физиологиясы кафедралары бириктирилип  биология кафедрасы болып қайта дүзилди. Жаңадан дүзилген биология кафедрасын б.и.д., профессор А.Т. Матчанов басқарды.

2007-жылдың февраль айынан баслап бурынғы ботаника ҳәм зоология кафедрасына тийисли пәнлер тийкарында биология кафедрасы қайта шөлкемлестирилди ҳәм кафедраға доцент А. Сапаров басшылық етти.

2010-жылы март айынан баслап Биология кафедрасына доцент М. Жуманов басшылық етти. 2011-жылдың сентябрь айынан баслап бурынғы биология кафедрасына тийисли пәнлер тийкарында биология ҳәм топырақтаныў кафедрасы қайта шөлкемлестирилди ҳәм кафедраға доцент Б. Гаипов басшылық етти.

2013-2014 жыллары   кафедраға доцент А.Саитова басшылық етти.

2014 жылы сентябрь айынан баслап биология кафедрасы болып қайта дүзилди  ҳәм кафедраға б.и.к. Х.Турсунбоев  басшылық етти.

2015-2018 жыл кафедра доценти б.и.к. В.Давлетмуратова кафедраға басшылық етти.

2018 жылдың сентябрь айынан баслап б.и.д. профессор А.Матчанов басшылық етип келмекте.

Ҳәзирги күнде кафедрада 3 илим докторы ҳәм профессорлар, 8 илим кандидаты, 1 (PhD) ҳәм доцентлер, 1 аға оқытыўшы, 8 ассистент-оқытыўшы 5-стажёр оқытыўшы жумыс ислеп атыр. Улыўма биология ҳәм физиология кафедрасында илим докторлары б.и.д., проф. А.Матчанов, б.и.д., проф. Г.Асенов, б.и.д., проф. М. Жуманов, илим кандидатлары, доц. Р. Қошанова, доц. А.Курбанова, доц. С.Сейтназаров, доц. Л.Бахиева, доц. В.Давлетмуратова, доц. Э.Матуразова, доц. Г.Серекеева, доц. Г.Бегдуллаева, кафедра доценти Г.Кудешова, аға оқытыўшы Д.Қошанов, ассистентлерден Қ.Қайпов, Р.Насырова, Г.Айтбаева, Г.Досжанова, Р.Рзаев, М.Жиенбаева, Р.Серимбетова, А.Жангабаев, стажёр-оқытыўшылардан А.Юсупова, И.Арепбаев,  Р.Қалимбетова, С.Есемуратовалар ислеп келмекте.

 

БИОЛОГИЯ КАФЕДРАСЫНДА ИСЛЕП АТЫРҒАН ПРОФЕССОР-ОҚЫТЫЎШЫЛАР

 

Биология кафедрасы баслығы:

 профессор А.Т. Матчанов

 +998972202052

http://bio.karsu.uz

 

 

 

Матчанов Азат Таубалдиевич

Биология илимлериниң докторы, профессор.         

Матчанов Азат Таубалдиевич 1952 жылы 30-июньда Хожели районында туӯылған. Қәнигелиги физиолог. 1977-жылы Шевченко атындағы Нөкис мәмлекетлик университетин айрықша диплом менен тамамлаған. 1983-жылы «Влияние продольного растяжения на кровоснабжение икроножной мышцы» атамасындағы кандидатлық диссертациясын жақлады. 1996-жылы  И.П. Павлов атындағы Физиология институтында (Санкт-Петербург қаласында) «Функциональные и структурные детерминанты реактивности сосудов скелетных мышц» атамасындағы докторлық диссертациясын жақлады. Биология илимлери докторы, профессор. Шуғылланып атырған тараўы: 03.00.08-Адам ҳәм хайўанлар физиологиясы.

Илимий мийнетлери: 210 нан аслам илимий мийнетлери баспада жарияланды. Соныӊ ишинде 2 монография, 10 сабақлық,  14 оқыӯ қолланбасы , 3 оқыў методикалық қолланбасы баспадан шықты. 2001-2013-жыллар аралығында Әжинияз атындағы НМПИ ҳәм Бердақ атындағы ҚМУ ректоры лаўазымында иследи. 3 илим кандидатын таярлады. Канада, Австрия, Голландия ҳәм Туркия мәмлекетлеринде хызмет сапарында болған. 2006-жылы Россия ректорлары VIII съездине қатнасты.  Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў  ҳәм Өзбекстан халық билимлендириў ағласы. «Билимлендириў қәўендери» көкирек белгиси ҳәм «Дослық» ордени менен сыйлықланды.1997-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң биология кафедрасы профессоры  лаӯазымында ислеп атыр.2018 жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Улыўма биология ҳәм физиология» кафедрасы баслығы  лаӯазымында ислеп атыр.

 

 

Асенов Гаппар Асенович 1930-жылы 15-майда Хожели районында туӯылған. Қәнигелиги биолог. 1954 жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтын айрықша диплом менен тамамлаған. 1968-жылы «Экология грызунов оазиса низовьев Амударьи и их эпизоотологическое и эпидемиологическое значение» атамасындағы кандидатлық диссертациясын, 1999-жылы «Значение большой песчанки (Rhombomys opimus Licht.) в природной очаговости чумы на территории Республики Каракалпакстан» атамасындағы докторлық диссертациясын  жақлады. Биология илимлериниӊ докторы, профессор. 200 ден аслам илимий мийнетлери баспада жарияланды. Соның ишинде 5 монография «Устюртский очаг чумы» 1987; «Кызылкумский очаг чумы» 1991; «Прогнозирование эпизоотической активности чумы в Приаралье и Кызылкумах» 1992; «Кубла Аралда тәбийий орталықтың патасланыўының экологиялық жағдайға тәсири» 2010; «Особенности эпидемиологии и профилактики чумы» 2006; 6 оқыў қолланбасы «Омыртқалылар зоологиясы бойынша лабораториялық жумысларға қолланба» 1997; «Арал теңизиниң (Возрождение) атаўының ҳайўанат дүньясы ҳәм экологиясы» 2002; «Қарақалпақстанның ҳайўанат дүньясы» 2008; «Қарақалпақстанда зоология илиминиң раўажланыўы» 2009; «Экология ҳәм тәбиятты қорғаў» 2011; «Қарақалпақстанның омыртқалы ҳайўанлары фаунасы» 2013; 3 оқыў методикалық қолланбасы «Қарақалпақстанда термитлер тарқалыўының алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүрес илажлары бойынша методикалық қолланба» 2008; «Қарақалпақстанда тарқалған кемириўшилердиң анықлағыш гилти» 2013; «Қорақалпоғистонда тарқалган кемирувчиларнинг аниқлагич калити» 2015; баспадан шықты. 1995-жылдан баслан биология кафедрасы профессоры  лаӯазымында ислеп атыр.

 

 

Қощанова Роза Ережеповна

Биология илимлериниң кандидаты, доцент.         

1953 жылы 18-майда Кегейли районында туӯылған. Қәнигелиги биолог. 1975-жылы Т.Г. Шевченко атындағы Нөкис мәмлекетлик пединститутыӊ тамамлаған. 1986-жылы Москва қаласындағы А.Н.Северцов  атындағы  ҳайўанлардыӊ эволюцион морфологиясы ҳәм экологиясы  Институтында «Свободноживущие клещи в составе почвенной фауны поливных земель Каракалпакии»  атамасындағы  кандидатлық диссертациясын жақлады.  90 нан  аслам илимий мийнетлери баспада жарияланды. Соныӊ ишинде 8 оқыӯ методикалық қолланбасы баспадан шықты.

2006-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде доцент лаӯазымында ислеп атыр.

 

 

Қурбанова Альфия Исмаиловна

Биология илимлери кандидаты, доцент.

1959 жылы 4-апрель Ташкент қаласында туўылған. Қәнигелиги биолог. 1982-жылы Шевченко атындағы Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлаған. 2002- жылы «Влияние антропогенных факторов на паразитов рыб водоёмов Южного Приаралья» атамасындағы кандидатлық диссертациясын жақлады. Биология илимлери кандидаты, доцент. Илимий мийнетлери: 100 ден аслам илимий мийнетлери баспада жарияланды. Соныӊ ишинде 6 оқыӯ методикалық қолланбасы баспадан шықты. 2005-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университети доцент  лаӯазымында ислеп атыр. 1999 жылы «Устоз» фондының Республика грант жеңимпазы. 2016 жылы «Ўзбекистон Мустақиллигига 25 йил» естелик нышаны менен сыйлықланды.

Ҳәзирги күнде «Улыўма биология ҳәм физиология» кафедрасы доценти болып ислеп келмекте.

 

Бахиева Луиза Аминовна

Биология илимлериниң кандидати.         

1966-жылы 1-февральда Нөкис қаласында туӯылған. Қәнигелиги биолог. Биология илимлери кандидаты, доцент. 1999-жылы «Эколого-трофологическая характеристика некоторых перспективных водоемов низовьев Амударьи в условиях антропогенного воздейстия» атамасындағы кандидатлық диссертациясын жақлады.. 70 ден аслам илимий методикалық мийнетлери баспада жарияланды. Соныӊ ишинде 5 оқыӯ методикалық қолланбасы бар.

2005-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде доцент лаӯазымында ислеп атыр.

 

 

Сейтназаров Сулайман Қутлымуратович

Биология илимлериниң кандидати.

 

1967-жылы 1-январда Қараөзек районында туўылған. Қәнигелиги биолог. Биология илимлери кандидаты, доцент. 2002-жылы «Фон түр есапланған Үлкен қум тышқаны (Rhombomus opimus), тың популяциялық айырмашылықлары жасаў орталық индикаторы есабында»  атамасындағы кандидатлық диссертациясын жақлады.. 70 ден аслам илимий методикалық мийнетлери баспада жарияланды. Соның ишинде 2 оқыўлық 4 оқыў методикалық қолланбасы бар.

2007-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде доцент лаўазымында ислеп атыр.

 

 

 

Давлетмуратова Венера Бегдуллаевна

Биология илимлериниң кандидаты, доцент.         

1969-жылы Тахтакөпир районында  туўылған. 1995-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин  тамамлаған. Қәнигелиги эколог. 2002-жылы  «Онтогенетические особенности галоаккумулятивной адаптации  растений в условиях Каракалпакстана»  атамасындағы кандидатлық диссертациясын жақлаған.

Шуғылланып атырған тараўы: Ботаника, өсимликлер физиологиясы ҳәм экологиясы.

Илимий мийнетлери: Бүгинги күнге келип  5 оқыў методикалық қолланба, 70 тен аслам  илмий мақала ҳәм тезислери баспадан  шыққан.

2015-2018 жыллары Биология кафедрасы баслығы лаўазымында ислеген. 2018-жылдан баслап Биология факультети доценти лаўазымында ислеп келмекте.

 

 

 

Матуразова  Эльмира  Матиязовна

Биологи илимлериниӊ кандидаты, доцент.  1975-жылы 9-февральда Нөкис қаласында туўылған. Қәнигелиги биолог. 1997-жылы Бердақ атындағы ҚМУды тамамлаған. 2008 жылы «Характеристика антропометрических показателей, системы крови и кровообращения у детей в условиях Южного Приаралья» атамасындағы кандидатлық диссертациясын жақлаған. 75 тен аслам илимий мийнетлери баспада жарияланды. Соннан 1 оқыў қолланба «Основы валеологии» 2012; 5 оқыў методикалық қолланбасы «Спорт физиологиясы пәнинен практикалық сабағына методикалық қолланба» 2002;  «Физиологические  основы физического воспитания» 2007;   «Методические указания к практическим занятиям по физиологическим основам физического воспитания» 2007; «Физиологические  основы физического воспитания» 2010; «Ас сиңириў системасы анатомиясы ҳәм физиологиясы» 2018; баспадан шықты. Университетте 2005 жылдан баслап жумыс ислейди.  2010 жылдан баслап кафедра доценти лаўазымында ислеп атыр. 2018-жыл 29-декабрьде ЖАК тәрепинен доцент лаўазымы тастыйықланды.

 

 

Серекеева Гулайым Абдигалиевна, биология илимлериниң кандидаты, доцент. 1981-жылы 30-августта Тахтакөпир районында туўылған. Қәнигелиги биолог. 2005-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын, 2007-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. 2012-жылы «Букантоғ флораси» темасындағы кандидатлық диссертациясын жақлады. 60 дан аслам илимий мийнетлери баспада жәрияланды. Соныӊ ишинде 1-оқыў қолланба, 2 оқыў-методикалық қолланбасы баспадан шықты. Университетте 2008-жылдан ислеп киятыр. 2015-жылдан кафедра доценти.

 

 

 

Бегдуллаева Гульназ Султанбаевна

 Биология илимлериниң кандидаты, доцент.

1983-жылы 2-мартта Нөкис қаласында туўылған. Қәнигелиги биолог. 2005-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын, 2007-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. 2012-жылы «Изучение механизмов спазмолитического действия растительных алкалоидов» темасында кандидатлық диссертациясын табыслы жақлаған. 70 тен аслам илимий мийнетлери баспадан шықты. Соннан 1 оқыў қолланба, 3 оқыў-методикалық қолланбасы баспадан шықты. Университетте 2007-жылдан баслап ислеп келмекте. 2014-жылдан кафедра доценти.

 

 

Кудешова Гулчехра Тенгелбаевна

Биология илимлери бойынша философия докторы (PhD), кафедра доценти.

1981 жыл 23-июнда Қоңырат районында туўылған. Қәнигелиги биолог. 2007-жылы Бердақ атындағы ҚМУ тамамлаған. 2019-жылы «Токсик анемия шароитида ўсаётган организмнинг ингичка ичагидаги углеводлар ассимилияцияси» атамасындағы биология илимлери бойынша философия докторы (PhD) диссертациясын жақлады. Биология илимлери бойынша философия докторы (PhD), кафедра доценти. 80 нен аслам илимий мийнетлери баспада жарияланды. Соның ишинде 1 методикалық қолланба «Овқатланиш экологиясидан амалий машғулотларнинг интерфаол олиб борилиши» 2012; 1 оқыў-методикалық қолланбасы «Овқат ва ҳазм қилиш физиологияси» 2015 баспадан шықты. Университетте 2004-жылдан баслап ислеп киятыр, 2019-жылдан баслап «Улыўма биология ҳәм физиология» кафедрасы доценти.

 

 

 

Қощанов  Даўлетбай Ережепович

1971 жылы 22-aпрельде Нөкис қаласында туўылған. 1993 Бердақ атындағы ҚМУ тамамлаған. Қәнигелиги биолог. 75 ден аслам илимий мийнетлери баспада жарияланды. Сонын ишинде 5 оқыў-қолланба 13 оқыў-методикалық колланбалар баспадан шыққан. 1993 жылдан биология кафедрасы оқытыўшысы, 2013 жылдан баслап үлкен оқытыўшысы лаўазымында ислеп атыр.

 

 

 

 

Насырова Раушан Конысбаевна

1967-жыл 11-декабрь Шымбай районында туўылған. 1990-жылы Т.Г.Шевченько атындағы Нөкис Мәмлекетлик Университетин тамамлаған. 1995-1999 жыллары  Қарақалпақ Мәмлекетлик Университеттиң аспирантурасын табыслы тамамлаған.

«Характеристики структурно-функциональной организации показателей крови у детей, проживающих в условиях Республики Каракалпакстан» деген диссертациялық темасы бекитилди. 03.00.08 адам хәм хайуан физиологиясы қанигелиги бойынша еркин иззертлеуши болып ислемекте.

Шуғылланып атырған тараўы: Физиология ҳәм биология.

9 дан аслам илимий мийнетлери баспадан шыққан. Илимий мийнетлери: Бүгинги күнге келип  1оқыў методикалық қолланба,4 илмий мақала ҳәм тезислери баспадан  шыққан.

2020-жылдан баслап «Улыума Биология хам Физиология» кафедрасы ассистенти лаўазымында ислеп келмекте.

 

 

 

 

Айтбаева Гульчехра Курбашовна

1979-жыл 24 апрель Нөкис қаласында тууылған. 2008-жылы Бердақ атындағы КМУ тамамлаған. 2008-жылдан баслап Биология кафедрасында ассистент оқытыўшы болып ислейди. 25 тен аслам илимий мийнетлери баспадан шыққан, соннан 1 Окыу колланбасы «Ботаника осимликлер анатомиясы хам морфологиясы паннинен амелий жумыслар» бар. Ҳәзирги ўақытта «Улыўма биология ҳәм физиология» кафедрасы ассистенти лаўазымында ислеп келмекте.

 

 

 

Жиенбаева Мийригуль Бисенбаевна

1979-жыл 2 апрель Нөкис қаласында туўылған. 2000-жылы Ажинияз атындағы НМПИ тамамлаған. 2019-жылдан ноябрь айынан баслап Биология факультети Улыўма  биология ҳәм физиология  кафедрасында ассистент оқытыўшы болып ислейди. 4 тен аслам илимий мийнетлери баспадан шыққан, соннан 1 Оқыў колланбасы «Валеология» пәннинен бар. Ҳәзирги ўақытта «Улыўма биология ҳәм физиология» кафедрасы ассистенти лаўазымында ислеп келмекте.

 

 

 

Досжанова Гаўхар Дарьябаевна

ассистент оқытыўшы.

1981-жылы 29-декабрьде Қараөзек районында туўылған. 2007-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң магистратура басқышын тамамлаған. Қәнигелиги биолог. Ҳәзирги күнде ол “Интродукция видов Catalpa в различных условиях Каракалпакстана” докторлық диссертация (PhD) темасы үстинде илимий изленис алып бармақта. 25 тен аслам илимий мақала ҳәм тезислери баспада жәрияланды. 2007-жылдан баслап “Улыўма биология ҳəм физиология” кафедрасында ассистент лаўазымында ислеп киятыр.

 

 

 

 

Рзаев Рахат Муратбаевич. 1983-жылы 21-декабрь Нөкис қаласында туўылған. 2009-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. 30 дан аслам илимий мийнетлери баспадан шыққан. 2020-жылдан баслап «Улыўма биология ҳәм физиология» кафедрасы ассистенти лаўўазымында ислеп келмекте.

 

 

 

Жангабаев Айдос Сарсенбаевич 1989-жыл 4-август Нөкис қаласында туўылған. 2016-жылы Бердақ атындағы ҚМУ тамамлаған. 15 дан аслам илимий мийнетлери баспадан шыққан. 2017-жылдан баслап «Улыўма биология ҳәм физиология» кафедрасы ассистенти лаўазымында ислеп келмекте.

 

 

 

Серимбетова Руфия Сарыбаевна.  1989-жыл 24-сентябрь Нөкис қаласында туўылған. 2014-жылы Бердақ атындағы ҚМУ тамамлаған. 20 дан аслам илимий мийнетлери баспадан шыққан. 2018-жылдан баслап «Улыўма биология ҳәм физиология» кафедрасы ассистенти лаўазымында ислеп келмекте.

 

 

 

Юсупова Асия Жубатхановна

1983-жыл 12-мартта Нөкис районында туўылған..

2012 жылы Бердақ атындағы ҚМУды тамамлаған.

15 тен аслам илимий мийнетлери баспадан шыққан.

2019 жылдан баслап Улыўма биология ҳәм физиология кафедрасында ислеп келмекте.

 

 

 

 

Калимбетова Роза Нзаматдиновна 1988-жыл 23-апрель Нөкис қаласында туўылған. 2011-жылы Бердақ атындағы ҚМУ тамамлаған. 20 дан аслам илимий мийнетлери 1 оқыў қолланбасы баспадан шыққан. 2018-жылдан баслап «Биология» кафедрасы стажер-оқытыўшы лаўазымында ислеп келмекте.

 

 

Арепбаев Исламбек Муратбаевич.

1992-жыл 28-ноябрь Нөкис қаласында туўылған. 2017-жылы Бердақ атындағы ҚМУ тамамлаған.  30 дан аслам илимий мийнетлери баспада жарияланды. Қанийгелиги биолог. 2017- жылдан баслап   “«Улыўма биология ҳәм физиология»” кафедрасында стажёр оқытыўшы ҳәм жаслар менен бирге ислесиў бойынша кафедра баслығы орынбасары болып ислеп келмекте.

 

 

 

Есемурвтова Санобар Палмуратовна

1990-жылы 14-июль Қараөзек районында туўылған. 2014-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамалаған. 10 нан аслам илимий мийнетлери баспадан шыққан. 2020-жылдан баслап «Улыўма биология ҳәм физиология» кафедрасы стажёр-оқытыўшы лаўазымында ислеп келмекте.

 

 

 

Алланиязова Муаззам Хайтбаевна

1991-жыл 19-апрелде Тахиа-таш раёнында туўылған. 2019-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң магистратура басқышын тамамлаған. Қәнигелиги биолог(адам ҳəм ҳайуанлар физиологиясы) 2 илимий мийнети баспадан шыққан. 2020-жылдан баслап «Улыўма Биология ҳəм физиология» кафедрасы стажёр оқытыўшысы лаўазымында ислеп келмекте

 

Пайдалы дереклер