slot gacor hari inislot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot gacor terbaikslot pulsahttps://mti.unpam.ac.id/assets/images/https://besadu.belitung.go.id/css/https://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://e-office.pangandarankab.go.id/demo/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/
Университет тарийхы | Karakalpak state university

Университет тарийхы

Өзиниң әсирлер даўамында қәлиплескен халық даналығын, бийбаҳа тарийхый-мәдений естеликлерин, тәкирарланбас көркем өнерин, илим ҳәм билимлендириў ошағы болған мешит-медреселерин көздиң қарашығындай сақлап киятырған халқымыз ушын усындай уллы ҳәм муқаддес дәргайлардың бири Қарақалпақ мәмлекетлик университети болып табылады. Университет бүгинги күни республикамыздың сиясий, экономикалық, руўхый, социаллық, мәдений турмысының ажыралмас бөлегине, миллетимиздиң айнасына айланды.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети республикамыздың илим ҳәм билимлендириў, тәлим ҳәм тәрбия тараўлары, мәнаўият, спорт ҳәм мәденият ошақларының бири сыпатында ғәрезсиз елимиздиң буннан былай гүллеп раўажланыўына хызмет етип келмекте. Әсиресе, жәмийеттиң тийкарғы жетекши күшлери есапланған жасларды жоқары интеллектуаль қәбилетли, дүньяда ҳәм мәмлекетимизде жүз берип атырған сиясий-экономикалық өзгерислерге саналы қатнас жасай алатуғын мәнаўий дүньясы бай, жетик қәнигелер етип таярлаўда саналған тийкарғы оқыў орынларының бири.

 Өзиниң 43 жыллық тарийхый хызмети дәўиринде университетимиз Өзбекстан Республикасының жоқары оқыў орынлары арасында жетекши билим дәргайларының бирине айланды. Университетимизде жоқары билим бериў, жаслардың руўхый дүньясын байытыў, оларды Ўатанға, миллий қәдириятларымызға ҳәм миллий мәдениятымызға садықлық руўхында тәрбиялаў, илимди раўажландырыў бағдарында әҳмийетли жетискенликлер қолға киргизилди.

Университеттиң бүгингидей заманагөй келбетине, қолға киргизип атырған табысларына мақтаныш ҳәм шүкирлик туйғысы менен бирге усы жетискенликлердиң дәреклерине, билим дәргайының басып өткен тарийхый жолына нәзер таслап, оны шөлкемлестириў ҳәм аяққа турғызыўдағы машақатлы мийнетлерди, тынымсыз изленислерди ҳәм усы дәргайға мийнети сиңген инсанлардың уллы хызметлерин еске алыў зәрүр.

Республиканың экономикасы ҳәм мәдениятының тез раўажланыўы, ҳәр қыйлы саладағы қәнигелерге зәрүрликтиң артыўы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ашылыўына болған талапты күшейтти. Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтын университетке айландырыў мәселеси 1950-жыллардың ақырында көтерилген еди. Қарақалпақстанда педагогикалық институт тийкарында университет ашыў мәселеси ең дәслеп Қарақалпақстан областлық партия комитетиниң XVI конференциясында (11-12-январь, 1958-жыл) сол дәўирдеги педагогикалық институт ректоры, академик С.Камалов тәрепинен қойылған еди.

1960-жыллардың екинши ярымынан баслап Қарақалпақстан ҳүкимет басшылары педагогикалық институт базасында университет шөлкемлестириў исине белсендилик пенен киристи. Сол ўақыттағы республика басшылары ҳәм педагогикалық институт ректоратының тынымсыз ҳәрекетлериниң нәтийжесинде 1974-жылы 26-февральда Орайлық Комитеттиң «Нөкис мәмлекетлик университетин ашыў ҳаққында»ғы қарарының шығыўына ерисилди. Бул қарарға тийкарланып 1974-жылы бурынғы аўқам Министрлер Кеңесиниң қарары, сол жылы 7-майда Жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынлары министрлигиниң буйрығы, 21-майда Өзбекстан ҳүкиметиниң қарары дағазаланды. 1974-жылдың 14-июнинде Қарақалпақстан ҳүкимети тәрепинен «Нөкис мәмлекетлик университетин шөлкемлестириў хаққында»ғы қарар қабыл етилди.

1976-жылдың 1-сентябринен баслап Нөкис мәмлекетлик университети билим дәргайы сыпатында өз жумысын баслады. Ол бурынғы муғаллимлер институтының таярлық бөлими (1934-жылы), муғаллимлер институты (1935-жылы), педагогикалық институт (1944-жылы) сыяқлы басқышларды басып өтип, республикамыздағы жетекши жоқары оқыў орны сыпатында бой тикледи. 1992-жылдан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қарары менен Т.Г.Шевченко атындағы Нөкис мәмлекетлик университети Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети болып қайта аталды.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Өзбекстанда Ташкент, Самарқанд университетлеринен кейинги үшинши университет болып ашылған еди. Университеттиң ашылыўы пүткил республика тарийхында үлкен ўақыя болды, ол регионымыздағы илим ҳәм билимлендириў, мәденият, халық хожалығы ҳәм өндиристиң раўажланыўына түпкиликли тәсир жасады.

Университеттиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оны илимий дәрежели профессор-оқытыўшылар менен толықтырыў, сабақлық ҳәм оқыў әдебиятлары менен тәмийин-леў, жаңа лабораториялар менен үскенелеў сол дәўирдиң күн тәртибиндеги машқалалары еди. Бул жумысларды шөлкемлестириўде университеттиң биринши ректоры медицина илимлериниң докторы, академик Чарджаў Абдировтың (1976-1985) хызметлери айрықша болды.

Қарақалпақстанда илимниң раўажланыўында, илимий кадрларды таярлаўда, университеттиң орайлық ҳәм сырт ел жоқары оқыў орынлары менен байланысларын кеңейтиўде университет ректоры филология илимлериниң докторы, академик М.К.Нурмуҳаммедовтың (1985-1986) орны гиреўли.

Университеттиң раўажланыўының келеси басқышларында 1986-1988-жыллары ректор лаўазымында ислеген, филология илимлериниң докторы, профессор К.Мәмбетовтың да ылайықлы орны бар.

Университеттиң екинши оқыў бинасының ҳәм талабалар турар жайларының қурылыўы, Бердақ миллий музейиниң ашылыўы, университет жанынан филология илимлери бойынша дәслеп кандидатлық, соң докторлық диссертацияларды жақлаў бойынша Қәнигелестирилген кеңестиң дүзилиўи, аспирантура қәнигеликлериниң кеңейтилиўи, университет профессор-оқытыўшыларының шет еллерде тәжирийбесин жетилистириўи ушын мүмкиншиликлер жаратып бериў сыяқлы шөлкемлестириўшилик жумыслары университет ректоры, профессор Қ.Өтениязовтың (1989-2005) искерлигиниң нәтийжесинде әмелге асырылды.

2005-2012 жылларда биология илимлериниң докторы, профессор Азат Матчанов ректор лаўазымында ислеген дәўирде тазадан магистратура қәнигеликлери ашылды, «Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети хабаршысы» илимий журналы шөлкемлестирилди. Университеттиң материаллық-техникалық базасын байытыў, заманагөй әсбап-үскенелер ҳәм технологиялар менен тәмийинлеў, заман талабына сай жаңа қәнигеликлерди ашыўды университет ректоры М.Жумановтың белгили дәрежеде хызметлери болды.

2017-жылы июнь айында Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры лаўазымына жас, талантлы қәниге техника илимлериниң докторы Ахмед Реймов тайынланды. Оның басшылығында Президентимиздиң 2017-жыл 20-апрельдеги “Жоқары билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында университеттиң шет ел жоқары оқыў орынлары, Илимлер академиясы менен байланысларын күшейтиў, оқыў процесине алдыңғы педагогикалық технологияларды енгизиў, бәсекиге шыдамлы жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Ғәрезсизлик жыллары мәмлекетимизде халық хожалығының, өндиристиң жедел пәт пенен раўажланыўы кадрларға болған талапты күшейтти. Университетте жаңадан бакалавр тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери ашылып, нефть ҳәм газды қайта ислеў, химиялық, жеңил санаат өнимлерин қайта ислеў технологиялары, қурылыс, ихтиология, элек-троэнергетика бағдарларына қәнигелер жетистириў көлеми ҳәм сапасы айтарлықтай өсти. Бул қәнигеликлердиң ашылыўы мәмлекетимиздиң гигант қурылыслары есапланған Қоңырат сода заводы, «Сүргил» газди қайта ислеў комплексине маман қәнигелерди таярлаў бағдарының бир буўыны есапланады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2011-жыл 20-майдағы ПҚ 1533-санлы қарары тий-карында мәмлекетимиздеги санаўлы жоқары оқыў орынлары қайта оңлаў ҳәм реконструкциялаў дәстүрине киргизилген болып, солардың бири Қарақалпақ мәмлекетлик университети болды. Усы қарар тийкарында университеттиң реконструкция ҳәм қайта оңлаў ислери ушын кейинги үш жылда мәмлекет тәрепинен ири қаржы ажыратылды. Бүгинги күни университеттиң бас бинасы ҳәм 2, 3, 4-санлы оқыў бинасы, 3-санлы студентлер турар жайы, Мәденият сарайы, Мәлимлеме-ресурс орайы, 1, 2-санлы студентлер турар жайлары ҳәм Бердақ миллий музейи ири капитал оңлаў ҳәм реконструкциядан шығарылып, пайдаланыўға тапсырылды. Әсиресе, 24х42м өлшемдеги «Спорт комплекси»ниң жаңадан қурылыўы мәмлекетимизде оқыў орынларына болған айрықша итибардың, жасларға жаратылып атырған кең имканиятлардың көриниси болып табылады. Университет бас бинасы алдының заманагөй көринисте абаданластырылыўы ҳәм декорацияланыўы оның жаңаланған келбетине өзгеше көрик бағышлады.

Ҳәзирги күнде университетте жаслардың билим алыўы ушын барлық имканиятлар жаратылған. Заманагөй ахборот технологиялары менен үскенеленген аудиториялар, лингафон ханалары, лабораториялар, бийпул интернет тармағына кириўши Wi-Fi зоналары, электрон китапхана, компьютер класслары, электрон доскалар ҳәм басқалар студентлер хызметинде.

Оқыў процесине Moodle системасы енгизилип, студентлердиң өз бетинше тәлим алыўына кең имканиятлар жаратылған. Университеттиң www.karsu.uz  сайты Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орынлары сайтлары арасында жетекши орынды ийелеп турғанлығының өзи бул оқыў дәргайында оқыў процесинде информациялық технологиялардан нәтийжели пайдаланып атырғанының дәлили есапланады.

Студент жасларға билим бериў менен бирге оларды руўхый кәмилликке тәрбиялаўда университеттиң «Ҳүрлиман» халық ансамбли 40 жылдан аслам ўақыттан берли хызмет етип киятыр. Ансамбль республикалық байрам кешелери ҳәм халықаралық фестивальларға қатнасып, миллий мәдениятымызды кең ен жайдырыўға үлес қосып келмекте.

Және де, көркем өнерге уқыплы, талантлы  жаслардан қуралған «Жайҳун» студентлер театр студиясы Өзбекстан көлеминде өткерилген таңлаўларда жеңимпаз болып, университет    абырайының артыўына үлес қоспақта.

Миллий мәдениятымыз ҳәм руўхый қәдириятларымыздың тымсалы болған Бердақ миллий музейи тек университеттиң ғана емес, ал, пүткил республикамыздың мақтанышы есапланады.

Студент жасларды елимизде жүз берип атырған өзгерислер, университет турмысындағы жаңалықлар, илимий-техникалық жетискенликлерден хабардар етиўде «Қарақалпақ университети» газетасы ҳәм университет радиоузели хызмет етпекте.

Мәмлекет тәрепинен университетке, онда тәлим алып атырған жасларға жаратылып атырған кең имканиятлар өз нәтийжесин бермекте. Университет жаслары арасынан Президент, Наўайы, Улығбек стипендиялары, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлығы, «Ниҳол» сыйлығының ийелери, республикалық, халықаралық таңлаўлардың жеңимпазлары, жәҳән ҳәм Азия чемпионлары жетилисип шықпақта.

Университет профессор-оқытыўшылары педагогикалық искерлик пенен биргеликте илим-изертлеў бағдарында да белгили табысларды қолға киргизбекте. 48 илим докторы ҳәм профессор, 200 ден аслам илим кандидатлары ҳәм доцентлер жасларға тәлим-тәрбия берип келмекте. Олар арасында өзлериниң педагогикалық шеберлиги ҳәм илимий-дөретиўшилик уқыплылығы менен халықаралық ҳәм республикалық таңлаўлардың жеңимпазы болған профессор-оқытыўшылар бар.

Бүгинги күнде кадрлар таярлаўдың көп басқышлы системасын әмелге асырыўда бакалавр тәлим бағдары бойынша 49, магистратура басқышында 20 қәнигелик бойынша жаслар тәлим алмақта.

Университет жәмәәти буннан былай да үлкен табысларды қолға киргизип, ғәрезсиз елимиздиң жарқын келешеги жолында хызмет етеди. Билим дәргайының жаңаша шырайына, онда жаратылған барлық имканиятларға, тәлим алып атырған жасларға ҳәўес етcе арзыйды.

Пайдалы дереклер