slot gacor hari inislot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot gacor terbaikslot pulsahttps://mti.unpam.ac.id/assets/images/https://besadu.belitung.go.id/css/https://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://e-office.pangandarankab.go.id/demo/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/
Қазақ тили ҳәм адебияты кафедрасы | Karakalpak state university

Қазақ тили ҳәм адебияты кафедрасы

Университетте  қазақ  тили ҳәм әдебияты  қәнигелиги  1993-жылы шөлкемлести. Түркий филологиясы кафедрасы қазақ филологиясы ҳәм түркмен филологиясы кафедраларының  бирлесиўи  нәтийжесинде  2005-жылы қайта  шөлкемлестирилди.

Кафедрада  доц., Б.Бекетов (1997-2004жж.) доц., Қ.Аралбаев (2004-2008жж.),  Г.Адилова (2008-2015 жж.), 2015-жылдан баслап  Ж.Шарипова  кафедра  баслығы лаўазымында ислеп келмекте. Түркмен филологиясы тәлим бағдары бойынша А.Шихиев, А.Сариковлар кафедра баслықлары лаўазымында жумыс алып барды.

Алдыңғы жыллары кафедра қурамында  ф.и.к., доц.Қ.Жумажанов, ф.и.к., доц. Ж.Қайырбаев, ф.и.к., доц., Х.Амиралиев,  ф.и.к., доц., Р.Аяпбергенов, ф.и.к., доц., Е.Мергенбаев, ф.и.к., М.Абилов, ф.и.к., Г.Хамидуллаевлар  жумыс алып барды.

Түркий филологиясы  кафедрасы  2015-жылдың  июнь айынан баслап (буйрық № 213/1, 19.06) Филология (қазақ тили, түркмен тили) кафедрасы  деп аталды. 2019-жылы Филология (қазақ тили, түркмен тили) кафедрасы бөлинип, Қазақ тили ҳәм әдебияты,   Түркмен тили ҳәм әдебияты кафедралары болып бөлинип, қайта шөлкемлестирилди. Қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасы баслығы  лаўазымына  Ж.Шарипова тайынланды. Хәзирги   ўақытта Қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасында   тийкарғы штатта 5  профессор-оқытыўшы  болып, олардан  1ўи философия  докторы (Ph.D), 1ўи  филология  илимлериниң  кандидаты, доцент.

Қазақ тили  ҳәм әдебияты кафедрасы  профессор-оқытыўшылары  тийкарғы  актуаль    «Қарақалпақстандағы  қазақ тили ҳәм әдебиятының  мәселелери, түркий тиллериниң  өзара  мәселелери»  темаларында илимий  жумыс алып  бармақта.

2018-жылы октябрь айында  кафедраның үлкен оқытыўшысы  Адилова Гулшат филология илимлери бойынша философия докторы (Ph.D) илимий дәрежесин алыў үшин «Қарақалпақстан қазақлары этнографизмлериниң лингвомәдений анализи»  темасында  докторлық (Ph.D) диссертациясын қорғады.

  Кафедра  профессор-оқытыўшылары өзлериниң баянатлары менен Қазақстан  Республикасында  өткизилетуғын тил ҳәм әдебият бойынша  халықаралық илимий-теориялық конференцияларда  қатнасып  келмекте. Соңғы үш жыл даўамында кафедра  оқытыўшыларының  шет еллерде  100 ден артық  илимий  мақалалары менен тезислери жарияланған.

 

Кафедрада ислеп атырған илимий дәрежели профессор оқытыўшылар

 

Ҳамидов Хуснитдин Ҳамидович, филология илимлериниң докторы, профессор, академик. 1935-жылы Шымбай районында туўылған. 1953- 1955-жыллары Қарақалпақ мәмлекетлик муғаллимлер институтының рус тили ҳәм әдебияты факультетиниң студенти, 1971-1983-жыллары ӨзИА Қарақалпақстан филиа-лы қолжазбалар секторы баслығы, 1983-1986-жыл – лары ӨзИА Қарақалпакстан бөлими Тил хәм әдебият институтының үлкен илимий хызметкери, 1990-1995-жыл-лары университеттиң араб филологиясы кафедрасы-ның баслығы, 2003-2008-жыллары Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бойынша докторлық диссерта-циялар жақланатуғын Қәнигелестирилген Кеңес баслығы, 2006-жылдан баслап кафедра профессоры лаўазымында ислеп келмекте. «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланған.

 

Шарипова Жанар Ганибаевна, ассистент-оқытыўшы. 1970-жылы 12-майда Нөкис қаласында туўылған. 1993-жылы Нөкис мәмлекетлик педагоги-ка институтының қазақ тили ҳәм әдебияты бөлимин тамамлаған. Қәнигелиги қазақ тили хәм әдебияты оқытыўшысы. 2015-жылдың декабрь айынан баслап филология (қазақ тили, түркмен тили) кафедрасы баслығы. 6 илимий мақала ҳәм тезислери жәрияланды. 1 оқыў қолланбаның авторы.

 

Аралбаев Қайыржан Қайыпбергенович, филология илимлериниң кандидаты, доцент. 1946-жылы 24-сентябрьде Мойнақ районында туўылған. 1968-жылы Қазақстан Республикасы, Абай атындағы Қазақ мәмлекетлик педагогика институтының қазақ тили тили ҳәм әдебияты бөлимин тамамлаған. Қәнигелиги қазақ тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы. 1992-жылы Қазақстан Республикасында «И.Есенберлинниң «Көшпендилер» тарийхый романы» бойынша кандидатлық диссертация жумысын жақлап шықты. 40 тан аслам илимий мақала ҳәм тезислери баспадан шыққан. 10 оқыў-методикалық қолланба ҳәм 1 монографияның авторы. 2008-жыл-дан баслап филология (қазақ тили, түркмен тили) кафедрасы доценти болып ислеп атыр.

 

Адилова Гулшат Ағытаевна, философия илимлери докторы (PhD), 1975 жылы 9-январда Тахтакөпир районында туўылган. 1997 жылдан баслап Карақалпақ мәмлекетлик университетинде хызмет көрсетип келмекте. 2008-2015 жылларда кафедра баслығы, 2016-жылдан баслап кафедра үлкен оқытыўшысы лаўазымында иследи. 2018-жыл 22-октябрде «Қарақалпакстан қазақлары этнографизмлериниӊ лингвомәдений анализи» темасында докторлық (PhD) диссертациясыны корғады. 50-ден артық илимий мақала ҳәм тезислерди баспадан шығарды. 3 оқыў қолланба авторы ҳәм 1 оқыў қолланбасын авторлар басқа менен биргеликте баспадан шығарды.

Сондай-ақ, кафедрада үлкен-оқытыўшы Г.Адилова, ассистентлер  Ж.Шарипова,А. Серикбаева, Ш.Смамутовалар   жумыс ислеп атыр.

Пайдалы дереклер