slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
ЭКОЛОГИЯ ҲӘМ ТОПЫРАҚТАНЫЎ КАФЕДРАСЫ | Karakalpak state university

ЭКОЛОГИЯ ҲӘМ ТОПЫРАҚТАНЫЎ КАФЕДРАСЫ

Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы

 1990-жылы Қарақалпақ мəмлекетлик университетиниң “Зоология” кафедрасы қурамында «Экология ҳәм тәбиятты қорғаў» кафедрасы ашылды.  Кафедраға 1990 – 2000- жыллары биология илимлериниң кандидаты, доцент М.Қарабеков басшылық етти.

2000 – 2007- жыллар аралығында   кафедраны биология илимлери кандидаты, доцент А.Сапаров басқарды.

2007-жылдың февраль айынан баслап «Адам ҳәм ҳайўанлар физиологиясы» ҳәм «Экология ҳәм тәбиятты қорғаў» кафедралары тийкарында «Экология ҳәм физиология» кафедрасы қайта шөлкемлестирилди ҳәм кафедраға биология илимлериниң докторы, профессор А.Т.Матчанов басшылық етти.

2010-2013- жыллары «Экология ҳәм физиология» кафедрасына биология илимлериниң кандидаты, доцент А.Т. Есимбетов   басшылық етти.

2013-2019- жыллары «Экология ҳәм топырақтаныў» кафедрасын биология илимлер кандидаты, доцент Я.И. Аметов басқарды.

2015 -жылдың сентябрь айынан баслап «Экология ҳәм физиология» кафедрасы «Экология ҳәм топырақтаныў» кафедрасы болып қайта шөлкемлестирилди.

2019- жылдың ноябрь айынан баслап «Экология ҳәм топырақтаныў» кафедрасына химия илимлери бойынша философия докторы (PhD) доцент М.О.Алламуратов кафедра баслығы етип сайланды.

Бүгинги күнде «Экология ҳәм топырақтаныў» кафедрасында 2 профессор, 5 доцент ҳәм 20 ассистент оқытыўшы жумыс ислеп келмекте.

Ҳәзирги ўақытта кафедрада ПЗ-20170925272 «Қарақалпақстанныӊ аўланатуғын қуслары ҳәм олардан ақылана пайдаланыў» әмелий жойбары орынланып атыр. Бул әмелий жойбарға биология илимлери докторы профессор Я.Аметов басшылық етип келмекте. 2020-жылға ажыратылған суммасы 165 млн. 255 мыӊ сумды қурайды.

Кафедрада   төмендеги бакалавр  бағдары бойынша кадрлар таярланады:

5630100 – Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў;

5141000 – Топырақтаныў;

5111000  –Кәсиплик тәлим (5630100-Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў (тармақлар ҳәм тараўлар бойынша);

5111000  – Кәсиплик тәлим (5410100-Агрохимия ҳәм агротопырақтаныў);

Магистратура бағдары бойынша: 5А630102 – Экология қәнигелиги бойынша кадрлар таярланады.

«Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасында 03.00.10-экология қәнигелиги бойынша  таяныш доктарантура (PhD) ҳәм доктарантура  (DcS) изертлеўшилер тәлим алмақта.

Кафедрада ислеп атырған илимий дәрежели профессор-оқытыўшылар

 

 

Алламуратов Махмут Омарович

Химия илимлериниӊ философия докторы (PhD) ў. а. доцент.

1978-жылы Нөкис районында туўылған. 2009-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң магистратура басқышын тамамлаған.

Қәнигелиги эколог. 2010-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Экология ҳәм физиология» кафедрасында ассистенти, 2016-2018- жыллары «Экология ҳәм топыратаныў» кафедрасы таяныш докторанты, 2018-жылы декабрь айында Ташкент қаласында Химия технология институтында «Орол денгизи минтақасидаги қум ва тупроқни қотирувчи полимер реагентларни саноат чиқиндилари асосида ишлаб чиқиш» атамасындағы философия докторы (PhD) диссертациясын жақлаған.

Шуғылланып атырған тараўы:  экология, химия.

Илимий мийнетлери: 1 монография, 1 оқыў методикалық қолланба, 70 тен аслам илмий мақала ҳәм тезислери баспадан шыққан. 2019-жылдың ноябрь айынан баслап Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы баслығы лаўазымында жумыс ислеп  келмекте.

 

Мамбетназаров Бисенбай Сатназарович

Аўыл хожалығы илимлериниң докторыпрофессор, академик. 1943-жылы Шымбай районында туўылған. 1970-жылы Ташкент аўыл хожалық институтын тамамлаған.

Қәнигелиги агрохимия ҳәм топырақтаныў. 1978-жылы «Режим орошения люцерны на лугово-аллювиальных почвах ККАССР» темасында кандидатлық диссертациясын, 1991-жылы «Гидромодульные районирование и режим орошения культур хлопкового севооборота ККАССР» темасында докторлық диссертациясын жақлаған.

Шуғылланып атырған тараўыаўыл хожалығы, экология.

Илимий мийнетлери: 250 ден аслам илимий мийнетлери баспада жәрияланған. Соның ишинде 5 монография, 7 оқыў ҳәм оқыў-методикалық қолланбасы баспадан шыққан. 2009-жылдан баслап кафедра профессоры лаўазымында жумыс ислеп атыр.

 

 

Аметов Якуб Идрисович

Биология илимлериниң докторы, профессор ў.а.         

1978-жылы Нөкис қаласында туўылған. 2001-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң магистратура басқышын тамамлаған.

Қәнигелиги эколог. 2010-жылы «Структура и функционирование фауны гнездящихся птиц аграрного ландшафта Каракалпакстана» атамасындағы кандидатлық диссертациясын жақлаған.

«Ѳзбекстан қусларын қорғаў жәмийети Қарақалпақстан филалы» баслығы.

2019-жылы Я.Аметов “Қарақалпақстан қусларыныӊ биокѳп-түрлилиги ҳәм оларды қорғаў (фаунасы, экологиясы, қорғаў)” атлы докторлық диссертациясын жақлады.

Шуғылланып атырған тараўы: Қуслар экологиясы, экология.

Ҳәзирги ўақытта кафедрада орынланып атырған ПЗ-20170925272 «Қарақалпақстанныӊ аўланатуғын қуслары ҳәм олардан ақылана пайдаланыў» әмелий жойбарыныӊ илимий басшысы. 2020-жылға ажыратылған суммасы 165 млн. 255 мыӊ сум.

Илимий мийнетлери: Бүгинги күнге келип 2 монография, 1 оқыў қолланба, 4 оқыў методикалық қолланба, 100 тен аслам  илмий мақала ҳәм тезислери баспадан  шыққан.

2013-2019- жыллары Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы баслығы лаўазымында ислеген. 2019-жылдан баслап Биология факультети деканы лаўазымында ислеп келмекте.

 

Қосназаров Қудайберген Айтманбетович

Аўыл хожалығы илимлериниң кандидаты, доцент.

1950 -жылы Шымбай районында туўылған. 1972- жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтын тамамлаған.

Қәнийгелиги биология ҳәм химия пәниниң оқытыўшысы. 1990 жылы «Роль эолового переноса в солевом режиме Южного Приаралья» темасында кандидатлық диссертациясын жақлаған.

Шуғылланып атырған тараўыаўыл хожалығы, экология

Илимий мийнетлери: 200 ге жақын илимий мийнетлери баспада жәрияланған. Соннан: 1 оқыў қолланба, 3-монография, 5-методикалық қолланба баспадан шыққан.

2019- жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Экология ҳәм топырақтаныў» кафедрасының доценти лаўазымында ислеп келмекте.

 

Кидирбаева Арзыгуль Юлдашевна

Биология илимлериниӊ философия докторы (PhD), ў.а. доцент.  1966-жыл Нөкис қаласында туўылған. 1988-жылы Киров аўыл-хожалық университетин тамамлаған. (Россия).

Қәнигелиги биолог. 2018-жыл «Экология волка (Canis lupus Linnaeus, 1758) в условиях Южного Приаралья” темасында философия докторы (PhD) диссертациясын жақлаған.

Шуғылланып атырған тараўы: экология, зоология, аңшылық.

Илимий мийнетлери: 1 оқыў колланба, 2 оқыў-методикалық қолланба, 2 методикалық көрсетпе ӽәм 100 ден аслам мақала ӽәм тезислери баспадан шыққан. Бүгинги күнде кафедрада ў.а.доценти лаўазымында ислеп келмекте.

 

Жугинисов Таңирберген Исаевич

Биология илимлериниң кандидаты, доцент.

1975-жылы Қанлыкөл районында туўылған. 1997-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогика институтын тамамлаған.

Қәнигелиги биолог. 2008-жылы «Термитлерге қарсы гүрестиң биологиялық негизлери» темасында кандидатлық диссертациясын жақлаған.

Шуғылланып атырған тараўызоология, экология

Илимий мийнетлери: 2 окыў қолланба, 4 оқыў-методикалық қолланба ҳәм 70 ден артық илимий мийнетлери баспадан шыққан. 2020-жылдан баслап «Экология ҳәм топырақтаныў» кафедрасында доцент лаўазымында жумыс ислеп атыр.

 

Өтениязов Аманбай Қуўанышбаевич

Биология илимлериниң кандидаты, доцент.

1969-жылы Қанлыкөл районында туўылған. 1994-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған.

Қәнигелиги биолог. 2000-жылы «Сравнительная характеристика изменений реактивности сосудов у нормотензивных и спонтанно-гипертензивных крыс под влиянием экологических факторов Южного Приаралья» темасында кандидатлық диссертациясын жақлаған.

Шуғылланып атырған тараўыадам ҳәм ҳайўан физиологиясы, экология.

Илимий мийнетлери: 50 ден аслам илимий мийнетлери баспада жәрияланған. Соның ишинде 4 оқыў ҳәм оқыў-методикалық қолланбасы баспадан шыққан. Бүгинги күнде экология ҳәм топырақтаныў кафедрасында доцент лаўазымында ислеп келмекте.

 

Матмуратов Муратбай Алламуратович

Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы ассистенти

1970 -жылы Кегейли районында туўылған. 1996-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған.

Қәнигелиги эколог.

Илимий мийнетлери: 65 тен аслам илимий – методикалық мийнетлери, соның ишинде 2 оқыў – методикалық қолланбасы  баспадан шықты. 2004-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университети Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасында ассистент лаўазымында ислеп келмекте.

 

Патуллаева Замира Узакбаевна

Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы ассистенти

1968-жылы Нокис қаласында туўылған. 1991-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған.

Қәнигелиги биолог ҳәм химик. 2018-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университети Экология ҳәм топырақтаныў кафедра ассистенти лаўазымында ислеп келмекте.

 

Алламуратов Балтабай Джумабаевич

Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы ассистенти.

1971-жылы Нөкис қаласында туўылған. 1993-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған.

Қәнигелиги биолог.

Илимий мийнетлери: 20 дан аслам мақала ҳәм тезислери баспадан шықты. 2017-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университети Экология ҳәм топырақтаныў кафедра ассистенти лаўазымында жумыс ислеп атыр.

 

Хабибуллаев Амет Жандуллаевич

Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы ассистенти.

1978 -жылы Кегейли районында тўылған. 2003-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин экология қәнигелигин питкерген.

05.10.02- фавқулодда ҳолатларда хавфсизлик, ёнғин, саноат, ядро ва радиация хавфсизлиги» тараўы бойынша «Ёқилғи омборларида ёнғин ва портлаш хавфини камайтириш тадбирларини ишлаб чиқиш» темасында диссертация жумысын ислемекте.

Илим изертлеỹ бағдары: экология ҳәм өмир қәўипсизлиги

Илимий мийнетлери: 2 оқыỹ методикалық қолланба, 1 методикалық усыныс, 80 нен артық мақала ҳәм тезислери бар.

 

 

 

 

 

Бегжанова Гулнара Турдымуханбетовна

Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы ассистенти

1979 -жылы Кегейли районында туўылған. 2008 -жылы Қарақалпақ Мәмлекетлик университетин тамамлаған.

Қәнигелиги эколог.

Илимий мийнетлери꞉ 40 дан аслам мақала ҳәм тезислери баспадан шықты. 2009-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университети Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасында ассистент лаўазымында ислеп келмекте.

 

Алимбетов Амир Алийевич

Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы ассистенти.

1980- жылы Нокис каласында туўылған. 2005-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамалаған.

Қәнигелиги эколог.

Илимий мийнетлери: 40тан аслам мақала ҳәм тезислери баспадан шықты. 2010-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университети Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасында ассистент лаўазымында ислеп келмекте.

 

Палуаниязова Дилбар Алланиязовна

Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы ассистенти.

1983-жылы Тахтакөпир районынында туўылған. 2011-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған.

Қәнигелиги биолог. 2014-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университети Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасында ассистент оқытыўшы болып жумыс ислеп атыр.

Илимий мийнетлери: 1 монография, 30 дан аслам илмий мақала ҳәм тезислери баспадан шыққан.

 

 Садуллаев Алмат Мамбетуллаевич

Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы ассистенти.

1984-жылы Тахтакөпир районында туўылған. 2008-жылы Каракалпак мамлекетлик университетин тамамлаған.

03.00.10- Агрохимия тараўы бойынша «Қорақалпоғистон республикаси Оролбўйи ҳудудининг тупроқ унумдорлигини оширишда ўтмишдош дон-дуккакли экинлардан сўнг ғўзада мақбул ўғитлар меъёрларини ишлаб чиқиш» темасында диссертация жумысын ислемекте.

Илим изертлеў бағдары: Агрохимия

Илимий мийнетлери: 20 дан аслам мақала ҳәм тезислери бар.

2010-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университети Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасында ассистент оқытыўшы болып жумыс ислеп атыр.

 

 

 

Курбаниязов Бакберген Танирбергенович

Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы ассистенти.

1986-жылы Нөкис қаласында туўылған. 2011-жылы Өзбекстан Миллий университетин тамамлаған.

03.00.10-экология қәнигелиги бойынша «Биоэкологические особенности декоративных древесных растений в условиях Южного Приаралья (на примере Г. Нукуса)» темасында диссертация жумысын ислемекте.

Илим изертлеў бағдары: эколог

Илимий мийнетлери: 20 дан аслам мақала ҳәм тезислери бар.

 

Самандаров Отабек Канжабойевич

Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы стажёр оқытыўшы

1987-жылы Әмиўдәрья районында туўылған. 2017-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған.

Қәнигелиги биолог. 2017-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университети Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасында стажёр- оқытыўшы лаўазымында жумыс ислеп атыр.

Илимий мийнетлери: 10 дан аслам мақала ҳәм тезислери баспадан шықты.

 

 

Нағашыбаева Айгерим Қожас Қызы

Экология ҳәм топырақтаныӯ кафедрасы ассистенти.

1991-жылы Нөкис қаласында туўылған. 2016-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң магистратура басқышын тамамлаған.

Қәнигелиги эколог. 2018-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Экология ҳәм топырақтаныӯ» кафедрасында стажёр-оқытыӯшы, 2019-жылдан «Экология ҳәм топыратаныў» кафедрасы ассистенти лаўазымында ислеп келмекте.

 Илимий мийнетлери: 1 оқыў методикалық қолланба, 15 тен аслам илмий мақала ҳәм тезислери баспадан шыққан.

 

Бекбанов Атамурат  Жумамуратович

Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы стажёр-оқытыўшысы

1992-жылы Тахтакөпыр районында туўылған. 2019-жылы Өзбекистан миллий университетинниӊ магистратура қәнигелигин тамамлаған.

Қәнигелиги агрохимик. 2019-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университети Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасында стажёр-оқытыўшы лаўазымында ислеп келмекте.

Илимий мийнетлери: 10 нан аслам илмий мақала ҳәм тезислери баспадан шыққан.

 

Реймова Феруза Ниетбаевна

Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы стажёр-ассистенти.

1993- жылы Шымбай районынында туўылған. 2018-жылы Ташкент мәмлекетлик аграр университетин тамамлаған.

Қәнигелиги топырақтаныў. 2018-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университети Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасында стажёр – оқытыўшы лаўазымында ислеп келмекте. Илимий мийнетлери: 1 оқыў-методикалық қолланба, 18 ден аслам илмий мақала ҳәм тезислери баспадан шыққан.

 

Ильясова Гулмира Жусыпбай қызы

Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы стажёр-оқытыўшысы

1994-жылы Нөкис районында туўылған. 2019-жылы Тошкент Мәмлекетлик Аграр Университетиниӊ магистратура қәнигелигин тамамлаған.

Қәнигелиги топырақтаныў. 2019-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университети Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасында стажёр-оқытыўшы лаўазымында ислеп келмекте.

Илимий мийнетлери: 10 нан аслам илмий мақала ҳәм тезислери баспадан шыққан.

 

Турдыбаев Куралбай Парахат улы

Экология ҳәм  топырақтаныў кафедрасы стажёр-оқытыўшысы

1991-жылы Шымбай районында туўылған. 2019-жылы Қарақарпақ мәмлекетлик университетиниң магистратура басқышын тамамлаған.

Қәнигелиги  эколог. 10 нан аслам илмий мақала ҳәм тезислери баспадан шыққан. 2019-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университети Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасында стажёр-оқытыўшы болып жумыс ислеп атыр.

 

Айимбетова Шарипа Жангабаевна

Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы стажёр-оқытыўшысы

1983- жылы Кегейли районында туўылған. 2012-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған.

Қәнигелиги эколог. 2019-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университети Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасында стажёр- оқытыўшы лаўазымында ислеп келмекте.

Илимий мийнетлери: 1 мақаласы баспадан шықты.

Пайдалы дереклер