slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
ЭКОНОМИКА КАФЕДРАСЫ | Karakalpak state university

ЭКОНОМИКА КАФЕДРАСЫ

Экономика кафедрасы Өзбекстан Республикасы Президенти, Олий Мажлис, Министрлер Кабинети ҳәмде Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң жоқары оқыў орынларының жумысларын еледе жеделлестириў бойынша қабыл етилген қарарларға тийкарланған турде, сондай-ақ, университет ректоры буйрығы ҳәмде Илимий Кеңес қарарлары негизинде өз хызметин әмелге асырмақта.

Экономика кафедрасы өткен 20 жыл ишинде бир қанша нәтийжелерге еристи. Кафедрамыз 1992-жылға шекем «Аўыл хожалығы экономикасы» кафедрасы болып ҳәрекет еткен болса, 1992- жылы кафедраның аты «Микроэкономика» деп өзгерди. Бул дәўирде кафедра баслығы болып доц. Қ.Убайдуллаев сайланды ҳәм 1996-жыл кафедра «Экономика ҳәм менеджмент» болып өзгерди. Соңынан 1999-жылдан баслап бул кафедраға э.и.к., доцент Ж.Ережепова басшылық еткен.

Кафедраның аты 2000-жылдың сентябрь айында «Экономика ҳәм экономикалық теория»кафедрасы деп өзгертилди ҳәм кафедраға э.и.к., доцент О.Назарбаев басшылық етти.

2002-жылы «Экономика ҳәм экономикалық теория» кафедрасы «Тараўлар экономикасы» кафедрасы болып, қайта шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы етип доцент Ж.Ережепова сайланды. Тараўлар экономикасы кафедрасы 2003-жылы «Экономика» ҳәм «Экономикалық теория» кафедралары  болып екиге бөлинди. «Экономика» кафедрасының баслығы етип доцент П.Хожаниязов сайланды. 2005-2006 жылларда «Экономика, бизнес ҳәм информациялық системалар» кафедрасына доц О.Назарбаев басшылық етти. 2006-2008 жылларда кафедра «Экономика» деп аталып, усы дәўирде доцент А.Инятов, 2008-2013 жылларда профессор Қ.Убайдуллаев басқарды. Бул кафедраны 2013-2018 жыллары э.и.к.доцент З.Балташева басқарып келди ҳәм 2018-жылы сентябрь айынан баслап э.и.к.доцент Р.Адильчаев басшылық етип  келмекте.

Кафедра тийкарынан 5230100 – Экономика (тармақлар ҳәм тараўлар, реал сектор бойынша), 5610300 Туризм (хызмет бағдарлары бойынша) бакалавр бағдарлары ҳәм 5А340102 Экономика (тармақлар ҳәм тараўлар, реал сектор бойынша) магистра­тура қәнигелигин таярлайды. Кафедрада Кадрлар таярлаў миллий дәстүри негизинде 08.00.13-Менеджмент бағдары бойынша үлкен илимий хызметкерлер, яғный таяныш докторантларды таярлайды.

Экономика кафедрасында ҳәзирги күнде 16 профессор-оқытыўшы тийкарғы штатта жумыс ислеп атыр. Кафедра бойынша бакалавр бағдары бойынша 30 пән ҳәм магистратура қәнигелиги бойынша 7 пән бойынша сабақ өтиледи, бул пәнлер бойынша саат көлеми 17658 саатты қурайды. Бул пәнлер бойынша саатлар көлеми кафедра профессор-оқытыўшыларға бөлистирилген.

Кафедрамызда 1 илим докторы, профессор, 6 экономика илимлери кандидаты, доцент, 6 үлкен оқытыўшы ҳәм 6 ассистент оқытыўшы хызмет алып барады.

Кафедрада профессор-оқытыўшылар тәрепинен қарақалпақ тилинде кирилл ҳәм латын әлипбесинде 50 ден аслам оқыў қолланбалар, оқыў методикалық қолланбалар ҳәм методикалық көрсетпелер баспадан шығарылған. Кейинги жыллар кафедра профессор-оқытыўшылар тәрепинен 6 монография, 300 ден аслам илимий мақалалар ҳәм илимий тезислер баспадан шықты.

Халық-аралық байланыслар ҳәм тәжирийбе асырыў бойынша да кафедрада бир қанша ислер алып барылмақта. Кафедра профессор-оқытыўшылары тәжирийбелерин тураклы түрде асырып кел­мекте. Кафедра доценти Р. Адильчаев ҳәм А.Инятов М.В. Ломоносов атындағы Москва Мәмлекетлик Университетлеринде тәжирийбесин арттырды, сондай-ақ, Қазақстан Ре­спубликасында EdNet тәрепинен шөлкемлестирилген семинар тренингте, Куала-Лампур қаласының ИНТАН илимий орайына үлкен оқытыўшы Р.Каражанова қатнасып келген, ди­плом ҳәм сертификатларға ийе.

Экономика кафедрасында 2012-2017 жыллар аралығында «Төменги Амударья экономикалық регионын­да Арқа-Батыс Өзбекстанды социал-экономикалық раўажландырыўды жеделлестириўди регионаллық стратегиясын ислеп шығыў» атамасында проф.Қ.Убайдуллаев басшылығында мәмлекетлик грант, 5 инновациялық ҳәм 1 инициативалық темаларда жойбар­лар алып барылмақта. Жойбарлар негизинде, ҳәр жылы өткерилетуғын «Инновациялық иде­ялар ҳәм жойбарлар» атамасындағы республикалық көргизбелер ярмаркасы ҳәм таңлаўларға қатнасып келмекте. Олар жуўмағы бойынша соңғы үш жылда ислеп шығылған электрон оқыў қолланбалардан З.Балташева, Р.Каражановалардың «Экономикада информациялық техноло­гиялар» атамасындағы мийнети ZiyoNet тәлим порталында жәрияланды, «Макроэкономика» атамасындағы оқыў қолланбасы (2015-жылы), Б.Қалмуратов, Т.Жиемуратов «Экономика тий­карлары» оқыў қолланбасы (2014-жылы), З.А.Балташева, Л.М. Уразбаева, А.А.Ембергенова., Р.Ж.Каражанова, А.К.Алымов «Экономика ҳәм менеджмент» (2014-жылы) оқыў қолланбасы, Ж.Сауханов, Д.Мендалиев, Л.Уразбаева «Экономика математикалық усыллар ҳәм моделлер» (2015-жылы) оқыў қолланбасы, Х.Убайдуллаев, Г.Х.Қайпназарова «Бизнес жоба» (2015-жылы) оқыў қолланбасы, Инятов А.Р., Тлеўов Н.Р. «Стратегия развития пищевой промышленности в Республике Каракалпакстан» (2016-жылы) монографиясы, Убайдуллаев К., Умаров Е. К., Умарова А. «Региональные проблемы социально-экономического развития северо-западного Узбекистана с учетом экологической ситуации южного Приаралья» (2016-жылы) монографиясы, Назарбаев О., Сейтова Л., Отеев У. «Экономикалық тәлийматлар тарийхы» (2016-жылы) оқыў қолланбасы, ЖиемуратовТ., Қалмуратов Б., Бегленов Н., Қалимбетов Х. «Өндирис менеджменти» (2016-жылы) оқыў қолланбасы, О.Назарбаев, А.Қудайбергенов, Б.Қалмуратов «Менежмент ҳәм маркетинг тийкарлары» (2016-жылы) оқыў қолланбалары баспадан шықты. Бул оқыў қолланбалардың (қарақалпақ тилинде) 60 тан артығы университет китапханасы фондына берилген ҳәм студент жаслар пайдаланып келмекте.

Кафедрада профессор-оқытыўшылар ҳәм үлкен илимий хызметкерлер, магистрант­лар ҳәм студентлер халық-аралық ҳәм республикалық көлеминде өткерилген илимий- теориялық ҳәм әмелий конференцияларға өзлериниң илимий мақала, тезис ҳәм баянатла­ры менен қатнасып келмекте.

Дәстүрли түрде ҳәр жылы өткерилип келинетуғын илимий-теориялық ҳәм әмелий конферен­циялардан 2015-жылғы «Арал бойы зона­сында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўдың экономикалық-экологиялық машқалалары» атамадағы халық аралық илимий-әмелий конференция, 2016-жылғы «Демографиялық раўажланыўдың социал-экономикалық машқалалары ҳәм республикада миграциялық сиясат» атамасындағы республикалық илимий-әмелий конференциясы, 2017-жылғы «Қарақалпақстан Республикасы экономикалық районлардың өндирислик структурасын оптималластырыў машқалалары» атамасындағы республикалық илимий-әмелий конференциясы, 2018-жылғы «Регион халқының бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм пәраўанлығын жақсылаў: ҳәзирги аҳўалы, машқалалары ҳәм раўажланыў стратегиясы» республикалық илимий-әмелий конференцияларына актив қатнасып келмекте.

Ҳәзирги ўақытта кафедрада үлкен оқытыўшылардан У.Отеев, Н.Тлеуов Ө.Жуманазаров, Р.Каражанова, Б.Калмуратов, Қ.Бердимуратов, ассистентлер А.Айтбаев, С.Сейтниязов, Л.Уразбаева, Э.Маденова ҳәм Г.Кайыпназарова, А.Алымовлар хызмет етпекте.

 

Кафедрада ислеп атырған илимий дәрежели профессор-оқытыўшылар

Адильчаев Рустем Турсынбаевич, экономика илим- лериниң кандидаты, доцент. 1958-жылы 10-октябрде Қарақалпақстан Республикасы Хожели районында туўылған. 1986-жылы Ташкент халық хожалығы ин­ститутын, 1991-жылы Ленинград Сиясатшылар инсти­тутын тамамлаған. Қәнигелиги мийнет экономикасы, сиясатшы. 2009-жылы “Аўыл хожалығы өндирислик потенциалынан нәтийжели пайдаланыў жоллары” те­масында кандидатлық диссертациясын жақлады. 100 ден аслам илимий методикалық мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 1 монография, 3 оқыў қолланба, 6 оқыў-методикалық қолланбасы баспадан шықты. Кәсип-өнер колледжлери ушын бир неше оқыў-қолланбаларды өзбекшеден қарақалпақ тилине аўдарған. 2010-2018 жыллары кафедра доценти, 2018 жылы сентябрь айынан баслап Экономика кафедрасы баслығы болып ислеп атыр.

 

Убайдуллаев Қайрулла, экономика илимлериниң докторы, профессор. 1954 жылы 25-майда Тахтакөпир районында туўылған. 1976 жылы Ташкент мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги математик. 2005-жылы «Пути повышения эффективности и моделирование использования производственных ресурсов сельского хозяйства в экологических условиях Приаралья» темасында докторлық диссертациясын жақлады. 100 тен аслам илимий методикалық мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 4 монография, 2 брошюра, 4 оқыў-методикалық қолланбасы баспадан шықты. 1979-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде ислеп келмекте. 1992-1997 жыллары «Экономика ҳәм менеджмент» кафедрасы баслығы, 2007-жылдан баслап «Экономика» кафедрасы профессоры болып ислеп келмекте.

 

 

Назарбаев Орынбай, экономика илимлериниң кандидаты, доцент. 1956-жылы 5-июльда Нөкис районында туўылған. 1978-жылы Ташкент Халық хожалығы институтын тамамлаған. Қәнигелиги эко­номист. 1992-жылы “Қарақалпақстан Республика­сы азық-аўқат санаатында тийкарғы фондлардан пайдаланыў нәтийжелилигин асырыў” темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. Экономика илимлери кандидаты, доцент. 130 дан аслам илимий методикалық мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 2 монография, 1 сабақлық, 30 оқыў-методикалық қолланбасы баспадан шықты. 1978- жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде доцент болып ислеп атыр. 2015- жылдан Халық депутатлары Нөкис районлық кеңеси депутаты.

 

 

 

Балташева Зухра Аденбаевна, экономика илимлериниң кандидаты. 1971-жылы 1-сентябрде Нөкис қаласында туўылған. 1995-жылы Ташкент мәмлекетлик техника университетин тамамлаған. Қәнигелиги экономист. 2012-жылы “Қарақалпақстан Республи­касында азық-аўқат санаатын раўажландырыўдың маркетинг стратегияларын ислеп шығыў” темасын­да кандидатлық диссертациясын жақлады. 64 тен аслам илимий методикалық мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 4 сабақлық, 11 оқыў- методикалық қолланбасы баспадан шықты. 1995- жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университети ислеп келмекте. 2013-2018 жыллары Экономика кафедрасы баслығы, 2018-жылы сентябрь айынан баслап кафедра доценти болып ислеп атыр.

 

 

Кудайбергенов Азамат Шамуратович, экономика илимлериниң кандидаты, доцент. 1979-жылы 4-декабрде Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында туўылған. 2001-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университети экономикада информациялық системалар бағдарын  (бакалавр), 2003-жылда экономикада информациялық системалар қәнигелигин (магистр) тамамлаған. 2006-жылы “Эффективность использования информационно-коммуникационных технологий на предприятиях ” темасын­да кандидатлық диссертациясын жақлады. 60 тан аслам илимий методикалық мийнетлери баспада жәрияланды

 

 

Инятов Алмаз Рейимбаевич, экономика илим- лериниң кандидаты, доцент. 1966-жылы 1-январда Беруний қаласында туўылған. 1991-жылы Алма- ата Халық хожалығы институтын тамамлаған. Қәнигелиги инженер-экономист. 2004-жылы “Уй- жой қурилишининг самарали вариантларини танглаш ва оптималлаштириш (ҚР Чимбой тумани мисолида)» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 65 тен аслам илимий методикалық мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 2 сабақлық, 5 оқыў- методикалық қолланбасы баспадан шықты. 2006-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик уни­верситетинде доцент болып ислеп атыр.

 
 

Ережепова Жиенгүл Тажетовна, экономика илимлериниң кандидаты, доцент. 1968-жылы 16-августта Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районында туўылған. 1990-жылы Нөкис мәмлекетлик университети математика қәнигелигин тамамлаған. 1995-жылы «Хожалық аралық байланысларын экономикалық-математикалық моделлестириў (ҚР агросанаат комплекси мысалында)» атамасындағы кандидатлық диссертациясын жақлады. 50 ден аслам илимий методикалық мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 4 оқыў-методикалық қолланбасы баспадан шықты

 

 

 

 

 Алымов Атабек Керимбергенович, экономика илимлери бойынша PhD. 1987-жылы 16-мартта Хожели қаласында туўылған. 2009-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ Тараўлар экономикасы магистратура қәнигелигин питкерген. Қәнигелиги экономист. 2010-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде ислеп келмекте. 2015-2017-жыллары Қарақалпақ мамлекетлик университетинде таяныш докторантурада оқып, 2018-жылы «Қарақалпақстан Республикасында экологиялық туризмди раўажландырыўдыӊ тийкарғы бағдарлары ҳәм перспективалары» темасында PhD докторлық диссертациясын жақлады. 2017 жылдан баслап ПЗ-2017-09-2718 – «Қарақалпақстан Республикасында экологиялық туризмди раўажландырыўдыӊ стратегиясын ислеп шығыўдыӊ илимий тийкарлары» мавзусидаги амалий лойиҳада катта илмий ходими. 2 оқыў-методикалық қолланбасы баспадан шықты. 50 ден аслам илимий мақалалары бар. Ҳәзирги ўақытта экономика кафедрасында ассистент лаўазымында ислеп атыр.

 

 

Қалмуратов Бахтияр экономика пәнлери бойынша философия докторы (PhD). 1977 жыл 27 январда Қарақалпақстан Республикаси Кегейли районында туўылған. 1999 жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң “Экономикада информациялық системалар” бакалавр талим бағдарын айрықша диплом менен тамамлаған, 2001 жылда усы университеттиң “Экономикада есап-санақларды автоматластырыў” қәнигелиги бойынша магистратурасын тамамлаған.  Қәнигелиги экономист. 2019 жылы “Инновациялық басқарыўдың шөлкемлескен-экономикалық механизмин раўажландырыў стратегиясы (Қарақалпақстан Республикасы мысалында)” темасында экономика пәнлери бойынша философия докторы (PhD) диссертациясын жақлады. 30 дан аслам илимий методикалық мийнетлери баспада жәриялады. 2001 жылыда университеттиң “Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Экономикалық кибернетика ҳәм информатика» кафедрасында стажер оқытыўшы, 2001-2004 жылларда «Менеджмент» қәнигелиги бойынша аспирантурада оқыған. 2004-2013 жылларда «Экономика» кафедрасында ассистент лаўазымында, 2013 жылдан «Экономика» кафедрасының үлкен оқытыўшы лаўазымында ислеп атыр.

 

 

Тлеуов Ниетулла экономика пәнлери бойынша философия докторы (PhD). 1970 жыл 25 июнда Нөкис қаласында туўылған. 1993 жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң “Экономика ҳәм социаллық жобаластырыў” тәлим бағдарын  тамамлаған, 1993 жылда усы университеттиң “Экономика ҳәм социаллық жобаластырыў” қәнигелиги бойынша тамамлаған.  Қәнигелиги  экономист. 2019 жылы “Экономиканы модернизациялаў шараятында азық-аўқат санаатының экономикалық структуралық дүзилисин жетилистириў” темасында экономика пәнлери бойынша философия докторы (PhD) диссертациясын жақлады. 40 дан аслам илимий методикалық мийнетлери баспада жәриялады. 2007-2015 жылларда Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Экономика факультети деканы орынбасары лаўазымында ислеген. Ҳәзирги ўақытта экономика кафедрасы үлкен оқытыўшы лаўазымында жумыс ислер атыр. 1993 жылдан баслап университеттиң Экономика кафедрасыда ассистент, үлкен оқытыўшы лаўазымында ислеген. 

 

 

 

Маденова Эльмира Нзаматдиновна экономика пәнлери бойынша философия докторы (PhD). 1978 жыл 18 декабрда Нөкис қаласында туўылған. 1999 жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң “Финанс” бакалавр талим бағдарын тамалаған, 2002 жылда усы университеттиң “Тараўлар экономикасы” қәнигелиги бойынша магистратурасын тамамлаған.  Қәнигелиги финансист экономист. 2019 жылы “Қорақалпақстан Республикасын комплекс раўажландырыўдың ўзақ муддетли стратегиясы” темасында экономика пәнлери бойынша философия докторы (PhD) диссертациясын жақлады. 30 дан аслам илимий методикалық мийнетлери баспада жәриялады. 2002-2006 жылларда университеттиң аспирантура бөлиминде оқыды. 2016-жылдан  Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Экономика факультети ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеминиң баслығы лаўазымында ислейди. 2006-жылдан баслып экономика кафедрасында ассистент оқытыўшы лаўазымында ислеп атыр. 

Пайдалы дереклер