slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
ҚАРАҚАЛПАҚ ӘДЕБИЯТЫ КАФЕДРАСЫ | Karakalpak state university

ҚАРАҚАЛПАҚ ӘДЕБИЯТЫ КАФЕДРАСЫ

Кафедраның тарийхы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтында 1936-жылы ашылған қарақалпақ тили ҳәм әдебияты кафедрасынан басланады. Кафедраның дәслепки шөлкемлестириўшиси ҳәм баслығы белгили филолог алым, қарақалпақ филология илиминиң баслаўшысы Нәжим Дәўқараев болды.

1950-жыллары кафедраға жас әдебиятшы алымлар келип қосылды. Олар С.Ахметов, Қ.Мақсетов, Б.Исмайлов, И.Юсуповлар еди. Бул жылларда қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелиги бойынша кафедра биреў болғанлықтан, белгили илимпазлардан А.Есемуратов, Қ.Мақсетов, К.Бердимуратовлар 1964-жылға дейин басшылық етти. Усы жылдан бул кафедра қарақалпақ тили ҳәм қарақалпақ әдебияты кафедрасы болып екиге бөлинди. 1965-жылдан қарақалпақ әдебияты кафедрасына филология илимлериниң докторы, профессор Қ.Айымбетов, 1974-жылдан доцент Ж.Нарымбетов, 1976-жылдан доцент К.Мәмбетов, 1983-жылдан профессор С.Ахметов, 1992-жылдан профессор Ә.Пахратдинов басшылық етти. 1992-жылы қарақалпақ әдебияты кафедрасы қарақалпақ әдебияты тарийхы ҳәм фольклоры кафедрасы және ҳәзирги заман қарақалпақ әдебияты ҳәм әдебият теориясы кафедрасы болып екиге бөлинди. 1994-жылдан баслап қарақалпақ әдебияты тарийхы ҳәм фольклоры кафедрасына филология илимлериниң докторы Ю.Пахратдинов, ал ҳәзирги заман қарақалпақ әдебияты ҳәм әдебият теориясы кафедрасына профессор К.Мәмбетов басшылық етти.

Кафедрада 1978-жылдан баслап аспирантура, 1994-жылдан баслап докторантура, 2012-жылдан баслап үлкен илимий-хызметкер излениўши институты ислеп тур.

2005-жылдан баслап жоқарыда аталған әдебият кафедралары бирлестирилип, қарақалпақ әдебияты кафедрасы болып қайта дүзилди. Кафедраға филология илимлериниң докторы, профессор Қ.Жәримбетов басшылық етти. 2008-жылы қарақалпақ әдебияты кафедрасы қарақалпақ әдебияты тарийхы ҳәм фольклоры және әдебият теориясы ҳәм оқытыў методикасы кафедрасы болып екиге бөлинди. 2012-2017-жылларда қарақалпақ әдебияты тарийхы ҳәм фольклоры кафедрасына доцент Ж.Низаматдинов басшылық етти. Әдебият теориясы ҳәм оқытыў методикасы кафедрасына 2008 -2010-жылларда профессор Қ.Оразымбетов, 2010-2012-жылларда филология илимлериниң кандидаты А.Досымбетова, 2012-2017-жылларда доцент Қ.Юсупов басшылық етти. 2015-2016-оқыў жылында әдебият теориясы ҳәм оқытыў методикасы кафедрасы қарақалпақ тили ҳәм әдебияты кафедрасы болып қайта шөлкемлестирилди. Оның қурамына оқыў басқа тиллерде алып барылатуғын топарларда өтилетуғын қарақалпақ тили пәни ҳәм усы пән оқытыўшылары киритилди. 2017-жылдан баслап жоқарыда аталған 2 кафедра бирлестирилип, қарақалпақ әдебияты кафедрасы болып қайта дүзилди. Кафедраға доцент Қ.Юсупов басшылық етип келмекте.

Кафедрада жәмәәтлик авторлықта «Қарақалпақ әдебияты тарийхы» (1983), К.Мәмбетов «Әййемги қарақалпақ әдебияты» (1976), «Ерте дәўир қарақалпақ әдебияты», С.Ахметов «Қарақалпақ әдебий сыны» (1994), Ә.Пахратдинов «ХIХ әсирдиң ақыры ХХ әсирдиң басындағы қарақалпақ әдебияты» (1995) ҳәм басқа да монографиялық бағдардағы ири жумыслар исленди.

2005-жылы кафедра, сондай-ақ қарақалпақ әдебияттаныў илими тарийхында айрықша жыл болды. Усы жылы еки докторлық диссертацияның избе-из жақланыўы кафедра жәмәәти ушын қуўанышлы жағдай болды. Нәтийжеде Қ.Жәримбетов ҳәм Қ.Оразымбетовлар филология илимлериниң докторы илимий дәрежесине ийе болып, ҳәр бири қарақалпақ әдебияттаныў илиминде өз алдына илимий-изертлеў бағдарына тийкар салды.

Ҳәзирги ўақытта кафедрада 2 илим докторы ҳәм профессорлар, 8 илим кандидаты ҳәм доцентлер, 2 филология илимлериниң философия докторы ҳәм 4 ассистент-оқытыўшы жумыс ислеп атыр. Илимий дәрежелилик 75 %. Кафедрада үлкен илимий-хызметкер излениўшилер докторлық диссертациясы үстинде жумыс алып барып атыр.

Қарақалпақ әдебияты кафедрасында «Қарақалпақ фольклоры поэтикасы», «Қарақалпақ классикалық әдебияты поэтикасы» ҳәм «XX әсир қарақалпақ әдебияты поэтикасы» темаларында изертлеўлер алып барылмақта. Кафедрада сабақлықлар, оқыў қолланбалары таярланып, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынлары, мектеплер ушын усынылмақта. Профессор Қ.Жәримбетов авторлығында улыўма билим бериў мектеплери ушын «Қарақалпақ әдебияты» сабақлығы (С.Ахметов, К.Мәмбетовлар менен биргеликте), Қ.Оразымбетов пенен биргеликте кәсип-өнер колледжлери ушын «Қарақалпақ әдебияты» сабақлығы ҳәм кәсип-өнер колледжлериниң оқыў басқа тиллерде алып барылатуғын топарлары ушын «Қарақалпақ әдебияты» сабақлығы, жоқары оқыў орынлары ушын «Әдебияттаныўдан сабақлар» оқыў қолланбасы, профессор Қ.Оразымбетов тәрепинен жоқары оқыў орынлары ушын «Қосық теориясы» оқыў қолланбасы баспадан шықты. Сондай-ақ, кафедра профессор-оқытыўшылары республикалық ҳәм халық аралық илимий-теориялық конференцияларда баянатлар менен қатнасып келмекте.

Кафедра шөлкемлестириўинде әдебияттаныў илиминиң әҳмийетли мәселелери, белги-ли жазыўшы-шайыр ҳәм илимпазлардың юбилей сәнелерине байланыслы илимий-теориялық ҳәм илимий- әмелий конференциялар өткерилип турады. Мәселен, қарақалпақ әдебиятының уллы тулғалары Әжинияз, Бердақ (ХIХ әсир), И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергеновлардың (ХХ әсир), белгили илимпазлар академик М.Нурмухамедовтың, профессорлар С.Ахметовтың, К.Мәмбетовтың, ҳ.б. юбилей сәнелерине бағышланып илимий-теориялық конференциялар, әдебий кешелер өткерилди. Усындай конференция материаллары тийкарында 2008-жылы «Бердақ дүньясы», 2014-жылы «Қарақалпақ әдебиятының жарық жулдызлары», 2017-жылы «Классикалық әдебиятымыздың бийик шыңы» илимий мақалалар топламлары жәрияланды. Ҳәр жылы республикалық кɵлемде «Бердақ күнлери» (ноябрь айында), «И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергенов күнлери» (май айында) ҳәптеликлерин ɵткериўде кафедра ағзалары белсене қатнасады.

Кафедра қасынан «Жас филолог», «И.Юсупов ҳәм қарақалпақ әдебияты» пән дөгереклери шөлкемлестирилип, илимий ҳәм көркем дөретиўшиликке уқыплы жасларды өз ишине қамтыған.

Кафедрада зийрек студентлер менен ислесиў бағдары жақсы жолға қойылған ҳәм ол өзиниң унамлы нәтийжелерин бермекте. 2016-2017-оқыў жылында профессор Қ.Жәримбетовтың илимий басшылығында әдебияттаныў (қарақалпақ әдебияты) қәнигелигиниң магистранты М.Палымбетова, 2018-2019-оқыў жылында доцент П.Нуржановтың илимий басшылығында әдебияттаныў (қарақалпақ әдебияты) қәнигелигиниң магистранты З.Айымбетова ϴзбекстан Республикасы Президенти стипендианты болыўға еристи.

 Кафедрада халық аралық бирге ислесиў бағдарында нәтийжели жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, кафедра доценти Б.Генжемуратов 2014-2015-оқыў жылында Польшаның Адам Мицкевич атындағы университетинде бир жыллық стажировкада болды. Кафедра профессоры Қ.Жәримбетов Түркменстан Республикасында Мақтымқулы дөретиўшилигине бағышлап, профессор Қ.Оразымбетов Қырғызстан Республикасында Ш.Айтматов дөретиўшилигине бағышлап өткерилген дүньяжүзлик илимий-теориялық конференцияларына қатнасты.

Қарақалпақ әдебияты кафедрасында ислеп атырған илимий дәрежели профессор-оқытыўшылар

 

Юсупов Қонысбай Абылович, филология илимлериниң кандидаты, доцент. Өзбекстан Республик-сы халық билимлендириў ағласы. 1964-жылы Шымбай районында туўылған. 1986-жылы Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги филолог, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы. 2002-жылы «Қарақалпақ әдебиятында Айдос бий образы» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 70 тен аслам илимий мийнетлери, соның ишинде 4 оқыў қолланбасы баспада жәрияланды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесиниң «Ҳүрмет жарлығы» (1992,1997) менен сыйлықланған. 2012-2017-жылларда кафедра баслығы лаўазымында иследи. 2017-жылдан қарақалпақ әдебияты кафедрасы доценти лаўазымында ислеп атыр.

 

 

Жәримбетов Қурбанбай Қудайназарович, филология илимлериниң докторы, профессор. 1948-жылы Кегейли районында туўылған. 1970-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтын тамамлаған. Қәнигелиги филолог, рус тили ҳәм әдебияты оқытыўшы-сы. 1985-жылы «Уллы Ўатандарлық урыс жылларындағы қарақалпақ поэзиясы (1941-1945-жыллар)» темасында кандидатлық, 2005-жылы «XIX әсир қарақалпақ лирикасының жанрлық қәсийетлери ҳәм раўажланыў тарийхы» темасында докторлық диссертациясын жақлады. 1998-жылы доцент, 2010-жылы профессор илимий атақларын алған. Оның авторлығында 2 монография, 2 илимий очерк, 3 сабақлық, 3 оқыў қолланба баспадан шықты. 100 ден аслам илимий мақалалары бар. Профессор Қ.Жәримбетовтың илимий басшылығында 4 кандидатлық, 2 докторлық, 2 (PhD) докторлық диссертация жақланды. «Қарақалпақстан Республикасына хызмет кɵрсеткен илим ғайраткери» атағы (2011) менен сыйлықланған. 2012-жылдан кафедра профессоры болып ислеп келмекте.

 

 

Оразымбетов Қуўанышбай Келимбетович, филология илимлериниң докторы, профессор. 1962-жылы Тахтакөпир районында туўылған. 1989-жылы Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги филолог, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы. 1992-жылы «Ҳәзирги қарақалпақ лирикасында көркем излениўшилик (80-жыллар)» темасында кандидатлық, 2005-жылы «Ҳәзирги қарақалпақ лирикасында көркем формалардың эволюциясы ҳәм типологиясы» темасында докторлық диссертациясын жақлады. 150 ден аслам илимий мақалалардың, 4 монография, 4 сабақлық ҳәм бир неше оқыў қолланбалардың авторы. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлығы» (2000) менен сыйлықланған. 1995-жылы доцент, 2008-жылы профессор илимий атақларын алды. Профессор Қ.Оразымбетовтың басшылығында 4 кандидатлық диссертация жумысы жақланды. 2018-жылдан кафедра профессоры лаўазымында ислеп келмекте.

 

Турдыбаев Қонақбай Кеўлимжаевич,  филология илимлериниң кандидаты, доцент. 1972-жылы Тахтакөпир районында туўылған. 1998-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги филолог, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы. 2005-жылы «ХIХ әсир қарақалпақ әдебиятында дидактикалық лирика (жанрлық ҳәм идеялық-тематикалық өзгешеликлери)» темасында кандидатлық диссертация жақлаған. 1 монография, 1 оқыў қолланба, 4 методикалық қолланба, 30 дан аслам илимий мақалалардың авторы. 2008-жылдан баслап қарақалпақ филологиясы факультетиниң деканы лаўазымында ислеп келмекте.

 

 

Генжемуратов Бахтияр Алламбергенович, филология илимлериниң кандидаты, доцент. 1959-жылы Тахтакөпир районында туўылған. 1985-жылы Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги филолог, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы. 1997-жылы «Әжинияз лирикасының поэтикасы» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 40 тан аслам илимий мақалалары, 1 монографиясы, 1 оқыў қолланбасы баспадан шықты. Сондай-ақ, шайыр сыпатында 5 поэтикалық топламның авторы. Поэзиялық шығармалары «ХХ аср ўзбек шеърияти антологияси» китабына киргизилген. «Шуҳрат» медалы (2002), «ϴзбекстан Республикасына хызмет кɵрсеткен мәденият хызметкери» атағы (2017-жыл) менен сыйлықланған. 2009-жылдан кафедра доценти.

 

Нуржанов Пердебай Ержанович, филология илимлериниң кандидаты, доцент. 1963-жылы Шымбай районында туўылған. 1985-жылы Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги филолог, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы. 1994-жылы «Дастан о каракалпаках Т.Қайыпбергенова – первая историческая трилогия в каракалпакской литературе» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 200 ден аслам илимий мақалалары, 6 монографиясы, 2 сабақлық, 2 оқыў қолланбасы баспадан шықты. 2010-жылдан кафедра доценти.

 

Низаматдинов Жеңисбай Минажатдинович, филология илимлериниң кандидаты, доцент. 1969-жылы Нөкис қаласында туўылған. 1993-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги филолог, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы 2000-жылы «Қарақалпақ халық дәстаны – «Ер шора» деген темада кандидатлық жумысын жақлады. 2012-2017-жылларда қарақалпақ әдебияты тарийхы ҳәм фольклоры кафедрасының баслығы лаўазымында иследи. 30 дан аслам илимий мийнетлердиң авторы. 2017-жылдан қарақалпақ әдебияты кафедрасаның доценти.

 

Алламбергенова Патима Жолдасбаевна, филология илимлериниң кандидаты, доцент. 1969-жылы Хожели районында туўылған. 1991-жылы Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги филолог, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы. 1999-жылы «Қарақалпақ әдебиятында Мақтымқулы дәстүрлери (XIX әсир қарақалпақ әдебияты материаллары тийкарында)» деген темада кандидатлық диссертациясын жақлады. 1 оқыў қолланбасы ҳәм 30 дан аслам илимий мақалалары баспада жәрияланды. 2010-жылдан кафедра доценти.

 

Досымбетова Абадан Алиевна, филология илимлериниң кандидаты. 1978-жылы Қараөзек районында туўылған. 2001-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги қарақалпақ тили ҳәм әдебияты магистри. 2008-жылы «Ш.Сейтов ли-рикасында көркем форма» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 30 дан аслам илимий мақалалары, 2 оқыў қолланбасы баспада жәрияланды. 2006-жылдан кафедра ассистенти, 2017-жылдан кафедра доценти ҳәм усы жылдан қаракалпақ әдебияты кафедрасы баслығы лаўазымында ислеп атыр.

 

Сагидуллаева Жамила Нурыллаевна, филология илимлериниң кандидаты. 1981-жылы Нөкис қаласында туўылған. 2002-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги әдебияттаныў (қарақалпақ әдебияты) магистри. 2010-жылы «Қарақалпақ повестьлеринде стильлик изленислер (1980-жыллар повестьлери мысалында)» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 30 дан аслам илимий мақалалары, 1 методикалық қолланбасы баспадан шықты. 2013-жылдан баслап кафедра доценти.

Сондай-ақ, кафедрада ассистентлер М.Оразымбетова, И.Алламбергенова, А.Жәримбетов, И.Мәмбетов, Г.Тоқымбетовалар жумыс алып барады.

 

Пайдалы дереклер