slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
Қарақалпақстан Республикасының аўыл-хожалығын раўажландырыўда тийкарғы мәселелер | Karakalpak state university

Қарақалпақстан Республикасының аўыл-хожалығын раўажландырыўда тийкарғы мәселелер

Аўыл-хожалығы республика экономикасын раўажландырыўда тийкарғы буўынлардан есапланады. Соның ушын аўыл-хожалығын раўажландырыў ушын төмендеги мәселелерге итибар қаратыў керек:

  1. Пахташылық бойынша, пахтаның улыўма егислик майданы 100 мың гектар болып, соның 30 мың гектары егинлерди алмаслап егиўде пайдаланылады (жоңышқа, мәкке ҳ.т.б.). Ҳәр гектардан зүрәәтлик 35-40 центнер. Улыўма пахта өндирип шығарыў 245-280 мың тонна. Ғаўаша егислигинде тамшылатып суўғарыў усылын басқышпа-басқыш енгизиў. Пахташылықта сорт алмаслаў ҳәм сорт жаңалаў жумысларын алып барыўды әмелге асырыў.
  2. Салыгершиликти раўажландырыў бойынша, улыўма егислик майдан 100 мың гектар болып, соның 30 мың гектары егинлерди алмаслап егиўде пайдаланылады (жоңышқа, мәкке ҳ.т.б.). Ҳәр гектардан зүрәәтлик 50-60 центнер. Улыўма салы өндирип шығарыў 350-420 мың тонна. Аймақ ықлым ҳәм топырақ шараятында жоқары зүрәәт беретуғын «Нөкис 2» салы сортының туқымгершилигин жолға қойыў керек болады.
  3. Пахта ҳәм салы егислик жерлерден жоқарыда көрсетилген зүрәәтликти алыў ушын егислик жерлердиң топырақ өнимдарлығын арттырыў керек болады. Ҳәзирде көплеген егислик майданлардың топырақ өнимдарлығы 39-40 балбалитетке тең.

Балбалитет көрсеткишин 55-60 қа жеткериў ушын топырақ өнимин арттырыў бойынша «мәмлекетлик дәстүр» ислеп шығыў керек. Бунда улыўма пахта ҳәм салы егислик майданларының ҳәр жылы 20% топырағының өнимдарлығы арттырылып барылады. Нәтийжеде 5 жыл ишинде барлық егислик майданлардың топырағының өнимдарлығы арттырылады.

  1. Шарўашылықты раўажландырыў бойынша: а) нәсилли маллардың бас санын көбейтиў, б) пахта ҳәм салы егислигиндеги егинлерди алмаслап егиў системасын енгизиў арқалы (60 мың гектар) шарўа маллары ушын от-жем базасын жаратыў керек.

 в) Арал теңизиниң суўы қурыған ултанында жаңадан жаратылған жайлаўлардан нәтийжели пайдаланыўды амелге асырыў.

Ҳәзирги ўақытлары теңиздиң суўы қурыған ултанында миллион гектардан аслам майданларға шөл өсимликлери егип көбейтилмекте. Теңиз ултанына шөл өсимликлерин егиў жумыслары 1989-жыллардан басланған еди. Мағлыўматларға қарағанда өсимликлер егилген майданларда шөл өсимликлери жақсы өсип раўажланып жаңадан жайлаўлар пайда болды. Бул жаңадан пайда болған жайлаўлардан соңғылықта шарўа маллары ушын жайлаў сыпатында пайдаланыў мүмкиншилиги бар. Бизиң пикиримизше теңиз суўы қурыған ултанында шөл өсимликлерин егип көбейтиў ҳәм өсимликлердиң тәбийий жағдайда өсип көбейиўи шарўа маллары ушын жуғымлы от-шөп базасының жаратылыўына мүмкиншилик береди. Келешекте теңиз ултанында жаңадан жаратылған жайлаў майданлары мәмлекетимизде шарўашылықты раўажландырыў бойынша  тийкарғы регионға айланады. Усыны есапқа алып бул майданлардың шарўа маллары ушын жайлаў сыпатында пайдаланыў мүмкиншиликлерин анықлаў мақсетинде ҳәзирден баслап тәжирийбе фермер-хожалықларын шөлкемлестирген мақул деп ойлаймыз. Буның ушын Мойнақ районын раўажландырыўдың 2020-2023-жылларға режелестирилген проектине  1000-2000 бас қой бағыўға мөлшерленген 1, 1000-2000 бас ешки бағыўға мөлшерленген 1 ҳәм 100-200 бас түйе бағыўға мөлшерленген 1 тәжирийбе фермер-хожалықларын шөлкемлестириў керек болады. Бул хожалықларды шөлкемлестириўде төмендегилерди есапқа алыў керек: шарўа малларын сатып алыў; зәрүр техника ҳәм транспортлар сатып алыў; ҳәр бир жайласқан орында 1-2 скважина қазыў; адамлар жасаў ушын тийисли муғдарда қара үйлер ямаса вагон үйлер сатып алыў; самал ямаса күн энергиясынан пайдаланыў үскенелерин сатып алыў ҳәм қурыў; қотанлар (қоралар) қурыў. Тәжирийбе фермер-хожалықларының нәтийжелерине қарап соңғылықта район аймағында шарўашылықты раўажландырыў бойынша шешимлер қабыл етиледи.

  1. Республикада өними шет мәмлекетлерге экспорт қылынып турған өсимликлерден бири боян өсимлиги болып табылады. Мағлыўматларға қарағанда бул өсимликтиң тәбийий қоры (запасы) кескин кемейип бармақта. Соңғы ўақытлары боян тамырын қайта ислейтуғын жаңадан қурылған қоспа карханаларда тамыр шийки заты өними менен тәмийнлеў үзилиске түсип қалыў қәўпи бар. Соның ушын ҳүкимет қарарында «Қизилмия ва бошқада доривор ўсимликларни етиштириш ҳамда саноат усулида қайта ишлашни самарали ташкил етишга доир қўшимча чора-тадбирлари тўғрисида» (№138 2019-жыл 15-февраль) көрсетилген майданларда (ҳәр жылы 5000 гектар) екпе боян плантацияларын жаратыў керек.
  2. Аймақта боян өсимлигин жетистириўди раўажландырыў мәқсетинде Қарақалпақстан Республикасы Бердақ Атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик Университети қасынан 50 га майданда «үлги тәжирийбе қожалығын» (Кегейли районы, Халхабат массиви аймағы «Жүзимбағ» АПЖ) шөлкемлестириў керек бул хожалықда боян өсимлигиниң екпе плантацияларын жаратыў ҳәм тамыр шийки затын жыйнап алыў технологияларын уйрениў ҳәм өнидирисге еңдириў бойынша иззертлеў жумыслары алып барылады. Сонғылығында хожалық боян өсимлигиниң туқымын ҳәм тамыр пақал-қәлемшесин жетистирип беретуғын орайға (хожалыққа) айланады.
  3. Республика экономикасының раўажландырыўда жеке исбилерменликти раўажландырыўға қатаң итибар қаратыў керек. Бунда ҳәр бир макан пуқаралары, аўыл пуқаралары жыйынлары аймақларында ҳәр айда кем дегенде 3-5 исбилерменлик орынларын жаратыў керек.

 

Бердақ атындағы Қарақалпақ

Мәмлекетлик университети

«Дәрилик өсимликлер агроэкологиясы

ҳәм интродукциясы» кафедрасы

профессоры, а.х.и.д.                                                  М.Ю.Ибрагимов 

20.09.2019ж.

мәнзил: Ч.Абдиров көшеси 1-жай. Қарақалпақ мәмлекетлик университети

Пайдалы дереклер