slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Қәнигелестирилген кеңес | Karakalpak state university

Қәнигелестирилген кеңес

[vc_row][vc_column][vc_column_text]

ИЛИМИЙ КЕҢЕСЛЕРДИҢ ИСКЕРЛИГИ

 

Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы DSc27.06.2017.Fil.20.01 санлы Илимий кеңес ЖАКтың 2017-жылдағы 86-санлы қарары менен тастыйықланған.

Илимий кеңеске филология илимлери бойынша 10.00.03-Қарақалпақ тили ҳәм 10.00.12-Қарақалпақ әдебияты қанигелестирилген диссертацияларды қорғаўға қабыл қылыўға рухсат етилген. Сондай-ақ, ЖАК баслығының 2018-жыл 28-июндағы №180 санлы қарары тийкарында бир мәртелик 10.00.05-Азия ҳәм Африка халықлары тили ҳәм әдебияты (қазақ тили) қәнигелигинен илимий кеңес дүзиўге ҳәм қорғаў өткериў ушын рухсат берилди.

Илимий кеңес 13 адам қурамында (Ш.Абдиназимов – Илимий кеңес баслығы, К.Алламбергенов – баслық орынбасары, Т.Керўенов – илимий хаткер, ағзалары – М.Айымбетов, Қ.Жарымбетов, М.Қудайбергенов, Г.Қарлыбаева, Ю.Ибрагимов, Қ.Оразымбетов, К.Қурамбаев, С.Рузимбоев, З.Дусимов, З.Бекбергенова) дүзилди.

Жаңадан тастыйықланған Илимий кеңес 2018-жыл 12-январь күни ҚМУдың Қарақалпақ әдебияты кафедрасы өз бетинше излениўшиси Ж.О.Қаниязованың «Ш.Сейтов романларында характер жаратыў шеберлиги (“Халқабад” роман-тетралогиясы мысалында)” темасында, 2018-жыл 30-апрелинде Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Қарақалпақ әдебияты кафедрасы таяныш докторанты П.А.Дабыловтың “Қарақалпақ поэзиясында лирик қаҳарман образының жаратылыў өзгешеликлери (Т.Матмуратов ҳәм К.Рахманов поэзиясы мисалында)” темасында, 2018-жыл 14-сентябринде Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Қарақалпақ тили кафедрасы таяныш докторанты Г.Ж.Мамбетованың “Қарақалпақстанның арқа районлары гидронимлери” темасындағы диссертациялары филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежелерин алыў ушын докторлық диссертациялары Илимий Кеңесте қорғаўы өткерилди.

ЖАК баслығының 2018-жыл 28-июндағы №180 санлы қарары тийкарында бир мәртелик 10.00.05-Азия ҳәм Африка халықлары тили ҳәм әдебияты (қазақ тили) қәнигелигинен илимий кеңес дүзиўге ҳәм қорғаў ушын рухсат берилиўи нәтийжесинде 2018-жыл 22-октябрде Қарақалпақ мәмлекетлик университети филология (қазақ тили, түркмен тили) кафедрасы үлкен оқытыўшысы Г.Адилова “Қарақалпақстан қазақлары этнографизмлериниң лингвамәдений анализи” темасында, 2018-жыл 22-октябрде Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасы үлкен оқытыўшысы И.Қуттымуратованың “Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районындағы қазақ диалекти” темасындағы филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежелерин алыў ушын бир мәртелик Илимий кеңесте қорғаўы өткерилди.

Жәми 2018-жыл даўамында 5 (PhD) ҳәм 2019-жылы 1 докторант мүддетинен алдын диссертацияларын (PhD) қорғады.

2018-жылдағы илимий кеңестиң искерлиги даўамында илим докторы (DSc) илимий дәрежесин алыў ушын диссертациялар тапсырылмады ҳәм көрип шығылмады.

2019-жылы Илимий кеңесте жәми 1 илим докторы (DSc) ҳәм 7 философия докторы (PhD) диссертациялары қорғаўы болыўы жобаластырылған.

ӨзР ЖАКы 2018-жылдың 28-сентябринен баслап Педагогика илимлери бойынша DSc.28.12.2017.Ped.58.01 санлы Илимий кеңес Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтынан университетимиз қараўына өткерилди.

Илимий кеңес 13 адам қурамында (Ш.Абдиназимов – Илимий кеңес баслығы, К.Алламбергенов – баслық орынбасары, Т.Керўенов – илимий хаткер, ағзалары – М.Айымбетов, Қ.Жарымбетов, М.Қудайбергенов, Г.Қарлыбаева, Ю.Ибрагимов, Қ.Оразымбетов, К.Қурамбаев, С.Рузимбоев, З.Дусимов, З.Бекбергенова) дүзилди.

Усы кеңесте 2018-жыл декабрь айында 3 излениўши, 2019-жылда 1  излениўши докторлық диссертацияларын қорғады.

 

[/vc_column_text][/vc_column][/vc_row]

Пайдалы дереклер