slot gacor hari inislot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot gacor terbaikslot pulsahttps://mti.unpam.ac.id/assets/images/https://besadu.belitung.go.id/css/https://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://e-office.pangandarankab.go.id/demo/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/
Ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеми | Karakalpak state university

Ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеми

Ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеми баслығы:

Сейтназарова Инжайым Ержановна

+99891-3715791
i_seytnazarova@karsu.uz

Қарақалпақ мәмлектлик университети ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеми 2011- жыл 16- июль күнги Өзбекстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитетиниң XXXIX президиумы Қарары менен  тастыйықланған «Өзбекстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеми искерлиги» ҳаққындағы Нызамға муўапық,  2011- жылдың август айында қайта дүзилди.

Басланғыш шөлкем қасында «Иқтидорли қизлар» клубы, «Ораста қизлар» дөгереги, «Ибн Сино» Саламатлық мәсканы, «Шаңарақ» ҳәм «Психология» орайлары шөлкемлестирилген. Университеттиң  9  факультетинде басланғыш ҳаял-қызлар шөлкеми жумыс алып барады.

Ҳаял-қызлар комитетиниң ең тийкарғы буўыны бул – Басланғыш ҳаял-қызлар шөлкеми.

Басланғыш шөлкем өз ағзалары арасынан жәмийетлик басламада ислейтуғын баслық ҳәм оның орынбасарын сайлайды. Басланғыш шөлкемлер жәмийетлик басламада яғный  ис ҳақы белгиленбеген, яки оқыў орнының кәрхана яки шөлкемлердиң ишки имканиятлары есабынан ҳәм оқыў орны, кәрхана, яки шөлкем басшыларының ҳаял-қызлар мәселесине болған итибарына муўапық ис ҳақы белгиленип жумыс алып барады. Басланғыш шөлкем өз жумысын Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитетиниң Нызамына тийкарланып әмелге асырады. Тийисли аймақтағы ҳаял-қызлар комитетиниң президиумына бойсынады ҳәм оған есап береди.

Басланғыш шөлкемниң жумыс алып барыўына ҳуқықый тийкар болып Өзбекстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитетиниң XXXIX президиумы Қарары менен  тастыйықланған «Өзбекстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеми искерлиги» ҳаққындағы Нызам.

1. Басланғыш ҳаял-қызлар комитетиниң Нызамлы ўазыйпалары төмендегилер:

Ҳаял-қызлардың жәмийетте сиясий, экономикалық, социаллық тараўлардағы ўазыйпаларын шешиўдеги белсендилигин күшейтиў. Ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў, ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў. Миллий ҳәм руўхый қәдириятларымызға тийкарланған ҳалда шаңарақ мүнәсибетлерин беккемлеў. Жасларды руўхый жетилген, идеялық гүресшең,  миллет ҳәм мәмлекеттиң раўажланыўы жолында өз күшин аямайтуғын жетилген инсан етип тәрбиялаў, ден саўлықлы турмыс тәризин қәлиплестириў мақсетинде дүзиледи.

2. Басланғыш ҳаял-қызлар шөлкеминиң алып баратуғын жумысларының тийкарғы жөнелислери.

  • Ҳаял-қызлардың жәмийетте, социаллық, экономикалық , сиясий ҳәм мийнеттеги белсендилигин күшейтиў, олардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў ҳәм тәмийинлеў ислерин алып барыў;
  • Ҳаял-қызлар арасында руўхый-ағартыўшылық жумысларды әмелге асырады, миллий ҳәм мәдений қадириятларымыз, дәстүрлеримиз тийкарында қызларды ҳәр тәреплеме жетилген инсан етип тәрбиялаўда илажлар, ушырасыўлар, семинарлар, конференциялар өткериў;
  • Ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў, руўхый интеллектуал ҳәм кәсиплик тәжирийбесин, ҳуқықый саўатлылығын, ҳуқықый мәдениятын арттырып барыў;
  • «Иқтидорли қизлар» дөгереги жумысларын жолға қойыў, талантлы, қәбилетли қызларды «Зулфия» атындағы мәмлекетлик сыйлыққа усыныс етиўде қатнасыў;
  • Шаңарақта ден саўлықлы турмыс тәрзин қәлиплестириў, зыянлы иллетлерден жырақ болыў, ҳаял-қызлардың репродуктив ден саўлығын жақсылаў, аналық ҳәм балалықты қорғаў, ҳаял-қызлардың мәденият ҳәм спортқа болған қызығыўшылығын арттырыў, мүнәсип рәўиште мәдений дем алыўын тәминлеў;
  • Ҳаял-қызлар арасында социаллық-руўхый орталықты саламатластырыў, диний экстремизм, миссионерлик идеялардың тарқалыўының алдын алыў, миллий-диний үрп-әдетлерди дурыс үгит-нәсиятлаў;
  • Халқымыздың руўхыятына, турмыс тәрзине жат болған ҳаял-қызлар ортасында ҳуқықбузарлық, жынаятшылық, нәшебентлик, ишкиликпазлық, өз жанына қаст етиў сыяқлы жағдайлардың алдын алыў;
  • Кем тәмийинленген, социаллық қорғаўға мүтәж, имканияты шекленген, жалғыз баслы ҳаялларға көмеклесиў.

 

Университет ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеми хызметкерлери қурамы

  1. Басланғыш ҳаял-қызлар шөлкеми баслығы – Сейтназарова Инжайым Ержановна
  2. «Иқтидорли қизлар» клубы баслығы – Даўлетова Улбосын Даўлетовна
  3. «Шаңарақта миллий қəдириятларды үгит-нəсиятлаў» Орайы баслығы – Туреева Гульсара Арисовна
  4. «Психология» Орайы баслығы – Халқназарова Гулайым Қаниязовна
  5. «Ибн Сино Саламатлық  Мәсканы» баслығы – Сейтназаров Сулайман Қутлымуратович

Университет факультетлери басланғыш ҳаял-қызлар шөлкеми баслықлары хаққында мағлыўмат

  1. Техника факультети ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми баслығы Пахратдинова Рита Утеулиевна
  2. Филология факультети ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми баслығы Аташева Феруза Даўлетбаевна.
  3. Тарийх-хуқық факультети ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми баслығы Заретдинова Несибели Қурбанбаевна.
  4. Физика-математика факультети ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми баслығы Аймурзаева Гулнара ДЖумамуратовна.
  5. Педагогика факультети ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми баслығы Турдымуратова Роза.
  6. Тәбияттаныў ҳəм география факультети ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми баслығы
  7. Социал-экономика факультети ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми баслығы Пахратдинова Шийрин Караматдиновна.
  8. Қарақалпақ филологиясы факультети ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми баслығы Қарлыбаева Гулмира Ермекбаевна.
  9. Химия-технология факультети ҳаял-кызлар басланғыш шөлкем баслығы Қəлимбетова Райхан Юсуповна.

Пайдалы дереклер