slot gacor hari inislot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot gacor terbaikslot pulsahttps://mti.unpam.ac.id/assets/images/https://besadu.belitung.go.id/css/https://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://e-office.pangandarankab.go.id/demo/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/
ӨЗБЕК ТИЛ БИЛИМИ КАФЕДРАСЫ | Karakalpak state university

ӨЗБЕК ТИЛ БИЛИМИ КАФЕДРАСЫ

Қарақалпақ  мәмлекетлик  университетинде  Өзбек  филологиясы бөлими қәнигелик таярлаў  мақсетинде  1994-жылы  шөлкемлемкен болып,  дәслеп  студентлерге  улыўмакәсиплик  ҳәм   қәнигелик  пәнлерден  доц., А.Мадаминов ҳәм Ҳ.Абдуллаевлар сабақ берген. Бөлимниң  профессор-оқытыўшылары  қурамына 1995-жылы  Ф.Бабажанов, 1996-жылы Н.Янгибаева  келди  ҳәм усы жылы өзбек филологиясы кафедрасы  шөлкемлес-тирилди. 1997-жылы доц., Ф.Салаев, И.Қурбанбаев ҳәм З.Қабуловалар, 1998-жылы Қ.Қадиров ҳәм З.Балтаевалар, 1999-жылы Ш.Абдуллаев, О.Дуйсенбаевлар, 2002-жылы И.Казаков, М.Курбаниязов, М.Атаниязовалар, 2006-жылы  М.Бабажанов, 2008-жылы А.Юсупов, 2012-жылы Х.Тўлибаев, Н.Қиличовлар, 2013-жылы А.Идрисов, 2017-жылы  О.Нуржанов,  Э.Оразбоев, 2019-жылы  О.Юлдашев  ҳәм  М.Алламбергеновалар келди.

Өзбек филологиясы кафедрасы 1996-жылы 21- декабрьде  шөлкемлескен. Кафедраның биринши баслығы болып  доц., А.Мадаминов  жумыс алып барды. 2001-жылдан доц., Ф.Салаев кафедраны басқарды. Өзбек филологиясы кафедрасы 2003-жылы январь айында  Өзбек әдебияттаныўы  ҳәм Өзбек тил билими  кафедраларына бөлинди. Бул  кафедраларды Ф.Салаев ҳәм  Ф.Бабажановлар басқарды.

2005-жылы сентябрь айында  усы кафедралар бирлестирилип, Өзбек филологиясы кафедрасы  сыпатында  қайта шөлкемлестирилди ҳәм доц.Ф.Бабажанов кафедра баслығы болып  таярланды. 2008-жылы  июль айынан баслап  бул кафедраны доц.Ҳ.Абдуллаев, 2011-жылдан баслап  доц.Ф.Бабажанов басқарды.

2015-жылы Өзбек филологиясы кафедрасы Өзбек тил билими  ҳәм  Өзбек тили ҳәм әдебияты  кафедраларына  бөлинип қайта шөлкемлестирилди.

Ҳәзирги күнде Өзбек тил билими  кафедрасы республиканың  бир қанша таяныш жоғары  оқыў  орынлары менен илимий  ҳәм  илимий-педагогикалық  кадрлар таярлаў мәселесинде   байланыс  орнатқан. Әсиресе, Өз.Р А.Наўайы атындағы  Тил, әдебият ҳәм фольклор институты менен орнатылған  байланыслар   үлкен  нәтийжелер  бермекте. 2001-2004 жыллары кафедра оқытыўшыларынан  Ш. Абдуллаев усы институттың  аспиран-турасында билим алып, филология илимлериниң кандидаты  илимий дәрежесин алыўға  мияссар  болды. Усы күнге шекем   кафедра профессор-оқытыўшылары  тәрепинен  2 оқыўлық, 4  монография, 20 дан артық  оқыў-қолланбалар ҳәм  250 ден артық илимий мақалалар  баспадан  шыққан.

Бүгинги  күнде кафедрада 12  профессор-оқытыўшы жумыс алып бармақта . Усылардан 4ўи  илим  кандидатлары  ҳәм доцентлер.

Кафедрада ислеп атырған илимий дәрежели профессор-оқытыўшылар

 

Илҳом Казаков Розмаматович, филология илимлериниң кандидаты. 1973-жылы Елликқала райо – нында туўылған. 1996-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын тамамлаған. Қәнигелиги өзбек тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы. 2011-жылы «Өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде атлық жасаўшы қосымталардың салыстырмалы функционал-семан-тикалық изертленилиўи» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 20 дан артық илимий мақалалары баспадан шыққан. Соның ишин-де 1 монография, 1 оқыў қолланбасы жәрияланған. 2012-жылдан баслап кафедра доценти, 2016-жылдан кафедра баслығы лаўазымында жумыс алып бармақта.

 

Мадаминов Абдурахман, филология илимлериниң кандидаты, доцент. 1953-жылы Хожели районында туўылған. 1974-жылы НМПИ тарийх-филология факультети өзбек тили ҳәм әдебияты бөлимин айрықша диплом менен тамамлаған. Қәнигелиги өзбек тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы, 1983-жылы «Ҳәзирги өзбек әдебий тилинде предикатив модельдеги қурамалы сөз дизбеклери» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. Ол ҳәзирги өзбек әдебий тилиниң субстанциал синтаксиси мәселелери менен шуғылланады . Республикамызда ҳәм шет еллерде өткерилетуғын илимий-теориялық конференцияларға турақлы түрде қатнасып келмекте. Бул тараў бойынша 60 тан аслам илимий жумыслары баспадан шыққан. Соның ишинде 2 монография, 1 сабақлық, 2 оқыў қолланбасы жәрияланған. Өзбекистан халық билимлендириў ағласы. 2007-жылдан өзбек филологиясы кафедрасы доценти лаўазымында ислеп киятыр.

 

 

Бобожонов Фархад Қурбанбаевич, филология илимлериниң кандидаты , доцент, Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен жаслар устазы. 1972-жылы Елликқала районында туўылған. 1995-жылы НМПИ филология факультетин тамамлаған. Қәни-гелиги өзбек тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы. 2002-жылы «Өзбек жадид драмаларының тил өзгеше-ликлери» темасында кандидатлық диссертация-сын жақлады. 40 тан аслам илимий жумыслары ба-спадан шыққан. Соның ишинде, 3 оқыў қолланбасы жәрияланған. 2003-2008-жылларда кафедра баслығы, 2008-2011-жылларда факультет деканы, 2011-2015-жыллар өзбек филологиясы кафедрасы баслығы, 2015-2016-жылларда өзбек тил би-лими кафедраcы баслығы лаўазымында жумыс иследи.

 

Абдуллаев Шухрат Даулетбаевич, филология илимлериниң кандидаты. 1976-жылы Хожели райо-нында туўылған. 1999-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги филолог, өзбек тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы. 2007-жылы «Аўдарма шығармаларда фразеологизмлер семан-тикасы» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 20 дан артық илимий мақалалары баспа-дан шыққан. Соның ишинде 1 оқыў қолланбасы жәрияланған. 2009-жылдан баслап кафедра доценти.

 

Сондай-ақ, кафедрада К.Ражапова, Э.Оразбаев, М.Бабаджанов, Н.Қиличов, О.Нуржановлар ассистент лаўазымында ислеп атыр.

Пайдалы дереклер