АЙМАҚТА БОЯН ӨСИМЛИГИН ТУҚЫМНАН ЕГИП КӨБЕЙТИЎ УСЫЛЫ. | Karakalpak state university

АЙМАҚТА БОЯН ӨСИМЛИГИН ТУҚЫМНАН ЕГИП КӨБЕЙТИЎ УСЫЛЫ.

Жерди егисге таярлаў. Жерди егисге таярлаўдан алдын топырақ шорланыў дәрежесин анықлаў керек. Топырақ шорланыўы жоқары болса онда шор жуўыў усыллары алып барылады. Шорды жуўыўда аз шорланған жерлерде 2000-3000 м3га; орташа шорланған жерлерде 3500-4000м3га; күшли шорланған жерлерде 5000-6000м3га суў сарыпланады. Топырақ шорын жуўыў жумысларын гүз-қыс айларында алып барған мақул. Тегислеп ҳәм суўға қандырылып қойылған жерлер егистен алдын бурынғы (ПН-4-35, ПЯ-3-35, ПД-3(4)-35) ямаса Магнум-7240, Магнум 255, МХМ-140, ТL-100А тракторларына илдирилген плуглар менен 28-35см тереңликте сүриледи. Бурын сүрип суўғарылып қойылған майданларды егистен алдын чизель-культиваторлар менен сүрип егиўге де болады. Кесекли  майданлар «Доминатор» маркалы фрезалы культиваторлар менен сүриледи ҳәм тырма-мала басылып егиске таярланады. Егиўге таярланған жерлерде өсимлик қалдықлары жыйнап алынып тазаланады.

Туқумды егисге таярлаў. Боян өсимлигиниң туқымы собық мийўеде жайласады, туқымы майда, қабығы қатты (1,2-сүўретлер).

1-сүўрет Өсимликтиң туқымы   2-сүўрет Өсимликтиң собы± мийўеси.

 

 Боян өсимлигиниң туқымын жыйнаў қыйын процесслерден бири есапланады. Тәжирийбе жумысларын алып барыў ушын өсимлик мийўеси толық жетилискен собық мийўелер жыйналады. Жыйналған собық мийўелер 1-2 сутка даўамында ашық ҳаўада қурытылып, кейин ступкада езилип ҳәмде туқымлар тазаланып алынады. Туқымлар егисден алдын оларға ислеў бериў (жибитиў, скарификациялаў, микроэлементлер ҳәм стимулятор препаратлар менен дәрилеў) керек. Әсиресе дәриленген боян туқымлары янтарлы кислотаның 0,0035% еритиндиси менен (1 тонна суўға 35 мг) 24 саат даўамында ығалландырыў унамлы нәтийже береди. Алып барылған тәжирийбелерде туқымларға егисден алдын ислеў бериў усылларын қолланыў лабаратория ҳәм дала шараятында туқумлардың көгериўшенлигиниң артатуғынлығы белгили болды (1- кесте).

 

1 – кесте.

Ислеў бериў усылларының боян өсимлигиниң көгериўшенлигине тәсири.

Ислеў бериў усыллары

Лабораториялық көгериўшенлик, %

Дала шараятындағы көгериўшенлик, %

 

1.      Ислеў берилмеген (контроль)

42,3± 1,3

18,2± 0,7

2.      Жибитилген туқым

71,7± 2,1

57,3± 1,9

3.      Скарификацияланған туқым

76,3± 2,0

58,3± 2,0

4.      Мыс купоросы еритпеси менен туқымды дәрилеў

69,3± 1,7

55,7±1,5

5.      Цинк еритпеси менен туқымды дәрилеў

68,7± 2,0

52,3±1,7

6.      Янтар кислотасы еритпесинде туқымларды жибитиў

77,2±2,3

59,1±2,1

 

Егиў ушын пайдаланылатуғын туқымлар ири ҳәм салмақлы болыўы керек. Туқым ири-майдалығы (салмағы) туқым көгериўшенлигине тәсири үйренилди (2–кесте). Бунда туқымлар ири-майдалығы ҳәм салмағы бойынша 3 фракцияға бөлинди: Майда (1000 дана туқым массасы 5,44 г)

Орташа (1000 дана туқым массасы 5,87 г)

Ири (1000 дана туқым массасы 6,05 г)

2– кесте.

Туқымның ири-майдалығының боян өсимлигиниң туқымның көгериўшенлигине тәсири

Туқымның ири-майжалығы (салмағы)

Лабораториялық көгериўшенлик, %

Дала шараятындағы көгериўшенлик, %

 

Майда (5,44 г)

42,3±1,3

18,2±0,9

Орташа (5,87 г)

47,5±1,7

25,3±1,7

Ири (6,05 г)

53,3±2,2

30,2±1,9

 

 Үлкен майданларға егиўде өсимликдиң собық мийўелери дән комбайнларында орып, жыйнап алынып езиледи ҳәмде туқымлар тазаланып елекден өткериледи. Бунда да жоқарыда айтылғандай туқымларға ислеў бериў жумыслары алып барылады. Жибитилген туқымлар егиў ушын қолайлы болыўы ушын саяда 5-6 саат жайып кептириледи. Қурытылған туқымлар 5 суткаға шекем өзиниң өнип шығыў қабилетин ҳәм биостимуляция тәсирин жоғалтбайды.

Егиў. Тәжирийбе майданларында туқымлар киши сеялкаларда ямаса қолда егиледи. Үлкен атызларды СКОС-4,2 баў-бақша ямаса дән сеялкаларында егиледи. Егиў жумыслары ерте бәҳәр – бәҳәр ҳәм гүз айларында алып барылады. Туқымлар 2-3 см тереңликде егиледи. Ҳәр бир гектарға орташа 40-50 кг туқым сарыпланады. Егис машиналары менен еккенде туқымды үнемлеў ушын туқымға шалы рузгасы ямаса кепек араластырылады (1 кг туқымға 25 кг шалы лузгасы ямаса кепек араластырылады). Туқымлар 60х20,30,40 см схемада егиледи. Өсимликлер өнип шыққаннан кейин қатар араларына ислеў берип басланады (вегетация дәўири 3-4 культивация қылынады).

Төгинлеў. Алып барылған тәжирийбе нәтийжелерине көре боян жетистириўде төгинлерден пайдаланыў жақсы нәтийже бериўи анықланған. Бунда минерал төгинлер (Р 90, К 50, N 100 кг) 20т/га жергиликли төгинлер қосып бериў жоқары нәтийже береди. Фосфор, калий ҳәм жергиликли төгинлер егистен алдын бериледи. Өсимлик егилген майданларда төгинлеў жумыслары биринши жылы алып барылады. Кейинги жылларда өсимлик топырақ қурамындағы азық элементлерден жақсы пайдалана алады.

Суўғарыў. Өсимликтиң жедел өсип раўажланыўында суўғарыў ислерине айрықша итибар қаратыў керек. Суўғарыў топырақ қурамына қарап алып барылады. Улыўма өсимлик раўажланыўының биринши жылы суўғарыў нормасы 600-700 м3га нормасында 2-3 мәрте алып барылады. Өсимликтиң раўажланыўының кейинги жылларында мәўсимде 1-2 мәрте суўғарыў жеткиликли.

Егилген майданларда өсимликтиң вегетация дәўири тамамланбасдан 2-3 ҳәпте бурын жер үстки бөлими орып жыйнап алынады. Жыйнап алынған беделер қурытылып шарўа малларына азық сыпатында пайдаланылады.

 

 

 

Бердақ атындағы Қарақалпақ

мәмлекетлик университети

«Дәрилик өсимликлерли жетистириў

ҳәм қайта ислеў технологиясы» қәнигелиги

3-курс талабасы                                                           Хожаниязов Н. 

 

 

Пайдалы дереклер