slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
ӨзМУ ҳәм ҚМУ студентлери Арал теңизи әтирапында бағ жаратады | | Karakalpak state university

ӨзМУ ҳәм ҚМУ студентлери Арал теңизи әтирапында бағ жаратады

Өзбекстан Миллий университети ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Биология ҳәм Тәбияттаныў факультетлериниң профессор-оқытыўшылары ҳәм белсенди студент-жаслары менен биргеликте басланған жойбар «Арал ҳәм жаслар» ураны астында өткерилип, жойбар шеңберинде «Белсенди студент-жаслардың оқыў-илимий экспедициясы» шөлкемлестирилди.

Усы экспедиция ағзалары 13-март күни Ташкенттен жолға шығып, 14-март күни Қоңырат қаласында Қоңырат ҳәм Мойнақ районлары ҳәкимлиги, Қаракалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты басшылары, Жаслар аўқамы белсендилери тәрепинен күтип алынды.

Бул жойбар тийкарында Өзбекстан Миллий университети ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети Мойнақ районы «Шағырлы» аўылындағы 2 гектар жерде бағ жаратыў режелестирилген.

Бүгин бағ жаратыў жумыслары басланып жиберилди. Жумыс бабынан еле де мағлыўматлар берип барамыз.

Сайтымызды көрип барың.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер