slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Хабарландырыў хаты | | Karakalpak state university

Хабарландырыў хаты

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Социал-экономикалық факультети 2019-жыл 13-апрель күни «Социаллық пәнлер ҳәм социал мәканда жаслар мәселелери» темасындағы Республикалық илимий – әмелий конференция өткизилиўи шөлкемлестирилмекте.

Конференцияда төмендеги секциялар бойынша машқалалар додаланыўы режелестирилмекте:

1-секция. Глобалласыў процесинде экономикалық пәнлерди оқытыўда халық-аралық жетик тәжирийбелер;

2-секция. Жасларды исбилерменликке бағдарлаў ҳәм механизмин жетилистириў;

3-секция. Социал-экономикалық раўажланыўда есап ҳәм аудитти жетилистириўде жаслардың роли;

4-секция. Жәмийет раўажланыўының ҳәзирги басқышында жаслар мәселеси: проблемалар ҳәм перспективалар;

5-секция. Финанслық қатнасықларды жетилистириў ҳәм инвестициялық активликти асырыўда жаслардың қатнасы;

 

Усынылып атырған илимий мақалаларды рәсмийлестириў тәртиби:

  1. Усынылып атырған илимий мақала МS Word 2003, 2007, 2010 форматлары, Times New Roman шрифти, 14 кегел үлкенликте, 1,5 интерваллы қатарда жазылады.
  2. Қағаз форматы А4 (210х297 мм), жоқарыдан ҳәм төменнен 2,0 см, шептен 3,0 см ҳәмде оңнан 1,5 см жай қалдырылады.
  3. Мақалалар қарақалпақ, өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде, 3 (толық) беттен кем болмаған, 5 бетке шекем усыныс етилиўи шәрт.
  4. Автордың толық исми шәрипи, оның илимий дәрежеси, атағы, жумыс орны ҳәм лаўазымы биринши беттиң жоқарғы бөлегинде оң тәрепинде көрсетиледи.

Мақаланың электрон ҳәм қағаз варианты шөлкемлестириў комитетине тапсырылады

Конференция материаллары топламы авторлары есабынан басып шығарылыўы себепли, мақаланың ҳәр бир бети ушын 12 000 сўм төленеди.

Тапсырыў мүддети: Конференцияға илимий мақалалар тезислери 2019-жылдың 5-апрелине шекем тапсырылыўы зәрүр.

Мәнзил: Қарақалпақстан Республикасы, Нөкис қаласы, академик Ч.Абдиров көшеси, 1 үй. ҚМУ, Экономика факультети.

Е-mail: Kishibay@mail.ru

Мүрәжат ушын телефонлар: (8 361) 2261766, 2236062 ямаса +99891 3050025

Жуўапкер: Қудияров Кишибай Раматуллаевич

 

Пайдалы дереклер