Танысың: Гулжахан Алламбергенова – қарақалпақ тил билиминиң ең жас PhD | | Karakalpak state university

Танысың: Гулжахан Алламбергенова – қарақалпақ тил билиминиң ең жас PhD

Бердақ атындағы Қарақалпақ мəмлекетлик университети қасындағы илимий дәреже бериўши DSc.27.06.2017.Fil.20.01-санлы Илимий кеңес мәжлисинде 10.00.03 – Қарақалпақ тили қәнигелиги бойынша Алламбергенова Гүлжахан Айтбаевна филология илимлери докторы, профессор Ш.Н.Абдиназимовтың илимий басшылығында «И.Юсупов шығармаларында фразеологизмлердиң стильлик қолланылыўы» деген темада жазылған диссертация жумысын табыслы қорғады.

Жас илимпаз Г.Алламбергенованың диссертация жумысының авторефератына Қазақстан, Азербайжан, Туркия, Россия, Қытай  сыяқлы мәмлекетлерде жумыс алып барып атырған илимий орайлардың жетекши илимпазлары тәрепинен баҳалы пикирлер билдирилген.

Бул пикирлерде Гулжахан Алламбергенова диссертациясында қарақалпақ тил билими ушын үлкен теориялық  ҳәм әмелий әҳмийетке ийе болған мәселениң өз шешимин тапқаны  атап өтилген. Сондай-ақ,  изертлеў жумысының актуальлығы, теориялық ҳәм әмелий әҳмийети, илимий жаңалығы, илимий аппараты жоқары баҳаланған.

Мағлыўмат ушын, Алламбергенова Гүлжахан Айтбаевна 1987-жыл 11-январьда Хожели районында туўылған. 

2005-2009 жыллары Бердақ атындағы Қарақалпақ мəмлекетлик университети Қарақалпақ филологиясы факультети қарақалпақ тили ҳəм əдебияты бакалавр бағдарын, 2009-2011 жыллары Магистратура бөлиминиң 5А120102 – Лингвистика (қарақалпақ тили) қəнигелигин табыслы тамамлаған.

2013-2016 жыллары Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Илим изертлеў ҳəм илимий педагог кадрларды таярлаў бөлими хызметкери лаўазымында ислеген. Гүлжахан Алламбергенова 2017-жыл Бердақ атындағы Қарақалпақ мəмлекетлик университети 10.00.03 – Қарақалпақ тили қәнигелиги бойынша таяныш докторанты. Г.Алламбергенова шаңарақлы, еки перзенти бар.

Г.Сейтназарова,

журналист.

Пайдалы дереклер