slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Қызлары бар бизиң елдиң | | Karakalpak state university

Қызлары бар бизиң елдиң

Бүгин Бердақ атындағы ҚМУдың мәденият сарайында Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың 2019-жылғы ийеси Сапура Қайыпназарова менен «Қызлары бар бизиң елдиң» атамасындағы ушырасыў кешеси болып өтти.

Илажды университет ректоры А.Реймов кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды.

Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша секретариатының баслығы Г.Бахиева, Қарақалпақ мәмлекетлик университети Ҳаял-қызлар шөлкеми баслығы И.Сейтназаровалар шығып сөйлеп, Дене мәденияты факультети студенти университет тарийхындағы Зульфия сыйлығының үшинши жеңимпазы ҳаққында өзлериниң унамлы пикирлери менен бөлисти.

– Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық бул – бир тәрептен бизиң аз да болса жетискенликлеримиздиң мүнәсип баҳаланыўы деп қарайтуғын болсақ, екинши тәрептен жаңа шеклерге ийтермелеўши үлкен исеним ҳәм ўазыйпа болып есапланады. Солай екен, алдағы ўақытта ана Ўатанымыздың гүллеп-раўажланыўы ушын аянбай мийнет етемен,-дейди қол урысы бойынша Азия чемпионы, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық жеңимпазы С.Қайыпназарова.

Илаж сораў-жуўаплар ҳәм пикир алысыўлар менен даўам етти.

Ж.Искендеров,

Журналистика қәнигелигиниң студенти.

 

Пайдалы дереклер