slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
Шет тиллери факультетинде киши футбол бойынша жарыс өткерилди | | Karakalpak state university

Шет тиллери факультетинде киши футбол бойынша жарыс өткерилди

Усы жылдың 13-14-апрель күнлери Шет тиллери факультети студент-жаслар арасында «Биз саламат турмыс тәрептарымыз» атамасында спорттың «Киши футбол» түри бойынша спорт жарысы болып өтти.

Факультет көлеминде бундай илажларды өткериўдеги мақсет – студент жаслардың оқыўда ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилигин арттырыў, өз Ўатанын сүйетуғын, оған хадал хызмет ететуғын жетик қанигелер етип тәрбиялаў ҳәм де олардың бос ўақытларын қызықлы ҳәм мазмунлы өткериўден ибарат.

Өткерилген спорт жарысында факультеттиң инглис филологиясы, шет тили ҳәм әдебияты, немис филологиясы, рус филологиясы ҳәм аўдарма теориясы ҳәм әмелияты бакалавр бағдары студент-жасларынан дүзилген 12 команда өз ара беллести.

Спорт жарысын факультет профессор-оқытыўшылары Я.Курбанов, Р.Сапарниязов, дене мәденияты кафедрасы профессор-оқытыўшылары А.Аспетуллаев ҳәм Ю.Султамуратовлар басқарып барды.

Ойын жүдә көтериңки руўхта өткерилди.

Ойын нәтийжелери бойынша шет тили ҳәм әдебияты бакалавр бағдары 4-курс студентлери 1-орынды, шет тили ҳәм әдебияты бакалавр бағдары 3-курс студентлери 2-орынды, шет тили ҳәм әдебияты бакалавр бағдары 1-курс студентлери 3-орынларды ийеледи.

Жарыс қатнасыўшылары университет Футбол спорт-клубы тәрепинен таярланған қымбат баҳалы саўғалар ҳәм диплом менен сыйлықланды.

Т.Кулниязов,

Факультеттиң Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер