slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
Билим ҳәм көнликпелеримиздиң артыўына хызмет етеди | | Karakalpak state university

Билим ҳәм көнликпелеримиздиң артыўына хызмет етеди

2019-жыл 1-8-апрель күнлери университетимиздиң Химия-технология факультети химиялық технология кафедрасындағы жеӊил санааты буйымлары конструкциясын ислеў ҳәм технологиясы кәнигелигине лекция оқыў ушын Витебск мәмлекетлик  технологиялық университетинен техника илимлериниң докторы, профессор Дмитрий Рыклин  келди.

Витебск  мәмлекетлик технологиялық университетинде  «Тоқымашылық  материаллары технологиясы» кафедрасы баслығы болып ислеп атырған профессордыӊ лекцияларында дерлик усы кәнигелик бойынша барлық курс студентлери қызығыўшылық пенен катнасты. Азанғы смена 1-2-курс студентлери ушын дүнья жүзиндеги тоқымашылық ҳәм жеӊил санааты жетискенликлери, Беларус республикасындағы усы тараўдыӊ раўажланыў

жолы, тоқымашылықта инновациялық раўажланыў ҳаққында мазмунлы лекцияларды интерактив усылларды қолланып оқыды.

Күнниӊ екинши ярымында 3-4-курс студентлери ушын лекцияларды Ийириў технологиясы пәни бойынша оқыды ҳәм соныӊ менен бирге факультетимиз профессор-оқытыўшылары, жас алымлар, магистрантлар менен де ушырасыўлар өткерип үлгерди. Лекция барысында профессор ҳәр бир лекцияда теориялық тәрепинен көбирек итибар қаратты. Мәселен, жип алыў ушын барлық технологиялық өтимлер бойынша созыў процеси анимациясын көрсетип, формулаларды дәлиллеп ҳәм тәсир етиўши барлық күшлердиӊ тәсирин схемада сызып көрсетти.

Факультетимизде профессор Д.Б.Рыклинниӊ «Токымашылық материалларыныӊ инновациялық ассортименти» темасындағы презентациясы жүдә илимий тийкарланған болып, қатнасыўшылардыӊ итибарын өзине тартты. Кафедрамыз профессоры И.Турманов, доцент Б.Таӊирбергеновлар шығып сөйлеп, тема бойынша пикирлер айтты ҳәм  миннетдаршылық билдирди.

Кафедрамыз профессор-оқытыўшылары, атап айтканда Г.Алланиязов, Г.Қаипбергенова, А.Юлдашев, Ш.Мусиров, А.Жолдасова, Р.Оразбаева, М.Шамуратов, Б.Палўановлар өз илимий жумысларыныӊ базы бир мәселелери бойынша мәсләҳәтлер алды.

Профессор келген күнинен баслап-ақ, елимиздеги пахта талшығынан өним ислеп шығарыў технологиясы ҳәм техникасына қызықты. Оныӊ себеби де бар еди. Беларус елинде пахта өсирилмей, ал, зығыр жетилистирилер екен. Луб талшықларына тийисли зығыр шийки затынан жип, гезлеме алып көп мәмлекетлерге дастурхан (лён скатерть), сүлги, перделер түринде экспорт қылар екен.

Профессор Д.Б.Рыклин Өзбекстанымыздағы KLUSTER усылында пахтадан өним  ислеўши бир қатар тоқымашылық кәрханаларына барды. Атап айтқанда, кафедра үлкен оқытыўшысы С.Айтымбетов шөлкемлестирген «Shobod textil» кәрханасына экскурсия жүдә қызықлы өтти. Жип ийириў  системаларына муўапық бирнеше ассортименттеги жиплер ислеп шығарылып, трикотаж өнимлерин экспортқа шығарар екен.

Бизлер де жоқары миймандослығымызды көрсетип, оқытыўшылар ҳәм студентлер профессорды үлкемиз көрки болған И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем-өнер музейине, дүнья билетуғын Хийўа қаласына саяхатлар шөлкемлестирдик.

Студент-жаслардыӊ кәнигелик бойынша тереӊ, тыянақлы билим алыўы ушын сырт еллерден илимпазларды шақырып,  лекциялар шөлкемлестириўи бизлерди де өз ўазыйпаларымызға жуўапкершилик пенен қараўымызға, тил үйрениўимизге шақырады.

Гөззал Жалғасова,

Химия-технология факультетиниң студенти.

 

Пайдалы дереклер