slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Музейдеги көшпели сабақ | | Karakalpak state university

Музейдеги көшпели сабақ

Усы жылдың 24-апрель сәнесинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң магистратура бөлими «Өзбекстан тарийхы» қәнигелигиниң магистрантлары университет қурамындағы Репрессия қурбанларын еслеў музейиниң экспозиция залында көшпели сабақ өтти.

Көшпели сабақта «Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы» кафедрасының доценти, тарийх илимлериниң кандидаты Қәллигүл Тәңирбергенова 1-курс магистрантларына «Өзбекстан колониаллық ҳәм совет тоталитар дүзими дәўиринде» пәнинен түсиниклер берип өтти.

Бундай көшпели сабақларды өтиўден гөзленген мақсет – ҳүрметли Президентимиз басшылығында 2019-жыл 19-мартта болып өткен видеоселектор мәжлисиниң 12-санлы баянламасы 10-бантинде белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм Жоқары оқыў орынларында тарийх, архитектура, қурылыс бойынша әмелий сабақларды темаларға сай рәўиште тийисли орынларда өткериўден ибарат.

 Илаж даўамында олар Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасының тарийхы менен танысты. Сондай-ақ, елимиздиң раўажланыўы жолында қурбан болған уллы ата-бабаларымыздың мәртликлери ҳаққында мағлыўматларға ийе болды.

 Усы саяхат магистрантларда миллий мақтаныш сезимлерин пайда етти ҳәм үлкен тәсир қалдырды.

Айшолпан Оразымбетова,

ҚМУ магистранты.

 

Пайдалы дереклер