slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
Оқыў-танысыў әмелиятын өтеди | | Karakalpak state university

Оқыў-танысыў әмелиятын өтеди

Шет тиллери факультетиниң филология ҳәм тиллерди оқытыў, шет тили ҳәм әдебияты бакалавр бағдары 1-курс студентлери усы жылдың апрель айында оқыў-танысыў әмелиятын өтеди.

Теория хам әмелият бирлигин тәмийинлеў жоқарғы тәлим нәтийжелилигин арттырыӯдыӊ халықаралық тәжирийбеде сыналған усылларыныӊ бири. Әмелияттыӊ хәр қандай түри тәжирийбели кадрлар таярлаӯдыӊ ажыралмас бөлеги болып есапланады. Бул бағдарламада оқыӯ процесси кестесине муӯапық 1-курсларда жобаластырылған оқыӯ-танысыӯ әмелиятын өткериӯ тәртиби көрсетилген еди.

     Оқыў-танысыў әмелиятының мақсети – студенттлердиң шет тиллер бойынша өзлестирген билимлерин күнделикли ҳәм кәсиплик искерликте нәтийжели колланыӯға үйретиӯ. Жәмийетлик хәм қәнигелик пәнлерден алған билимлерин раӯажландырыӯ, беккемлеӯ хәм тил көнликпелерин кәлиплестириӯ, тәлим орынларында оқыӯ процессине байланыслы ҳүжжетлер менен танысыӯдан ибарат.

  Шет тиллерин үйретиў, үйрениў заманагөй талаплары ҳәм улыўма Европа тил билиў стандартлары(CEFR) менен таныстырылды. Бириктирилген методистлер менен биргеликте тил көнликпелерин раўажландырыўға қаратылған интерактив шынығыўлар өткерилди. Сондай-ақ, университет ҳәм факультет мәлимлеме-ресурс орайларында Британия ҳәм АҚШ билимлендириў системасы бойынша топланған  мағлыўматлар бойынша пикир алмасылды.

       Методистлер тәрепинен студентлерди шет тили билимин раўажландырыўға бағдарланған заманагөй әдебият дереклери менен таныстырылды.

       Оқыў-танысыў әмелияты соңғы басқышында студентлеримиз ҚМУ академиялық лицейинде ҳәм Нөкис қалалық ХББ қараслы 17-санлы мектебинде бириктирилген топар ҳәм классларда инглис тили сабақларына кирди.

Оқыў орынларында тийисли сабаклықлар менен танысып шықты ҳәм қатнасқан сабақларды анализледи. Әмелият даўамында алынған мағлыўматлар ҳәм арттырылған тәжирийбелер тийкарында «Оқытыўшылық кәсиби жуўапкершилиги» ҳаққында дискуссия өткерилди.

      Өткерилген бул әмелият студентлеримиздиң келешекте педагогикалык искерликте өз үстинде тынымсыз ислеӯдиӊ зәрүрлигин түсиндириӯ хәм келешектеги касибине қызығыӯшылығын арттырыӯ, улыӯма кәсиплик хәм қәнигелик пәнлеринен алған билимлерин беккемлеӯ ҳәм педагогикалық машқалаларды шешиӯде, олардан пайдаланыӯ жолларын үйрениўде өзиниң унамлы нәтийжелерин береди деп ойлаймыз.

Г.Конысов,

Инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасының оқытыўшысы.

Пайдалы дереклер