slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Сен сөнбейсең поэзия жулдызы | | Karakalpak state university

Сен сөнбейсең поэзия жулдызы

Май айының басланыўы менен республикамызда үлкен байрам басланады. Бул ХХ әсир қарақалпақ әдебиятының қос байтереги И.Юсупов пенен Т.Қайыпбергеновтың туўылған күнлери. Бул сәнелер ҳәр жылы республикамызда көтеринки руўхта, кең көлемде өткерилип келинеди. Быйыл бул қос байтеректиң 90 жыллық юбилейи белгиленеди.

Усы орында Бердақ атындағы ҚМУ Мәлимлеме-ресурс орайы қасында шөлкемлестирилген «Китапқумарлар» клубы да поэзия жулдызы И.Юсуповтың 90 жыллық юбилейине арнап әдебий кеше өткерди.

Кешени университет Ҳаял-қызлар кеңесиниң баслығы И.Сейтназарова ашып берип, И.Юсуповтың поэзиясы тематикалық жақтан жүдә бай екенлиги, ҳәттеки, ҳаял-қызларды тәрбиялаўда үлги көрсететуғын қосық қатарларын да келтирип өтти.

Сондай-ақ, ҳәзирги информация менен технология раўажланған дәўирде И.Юсуповтың дөретиўшилигин социаллық тармақларда үгит-нәсиятлап жүрген С.Жәлменоваға миннетдаршылық билдирди.

Байрам кешесинде Өзбекстан Миллий тикланиш демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң жетекши қәнигеси А.Өтениязова, Әмет ҳәм Айымхан Шамуратова үй музейинен,  Әжинияз атындағы НМПИден,  И.Юсупов атындағы қәнигелестирген мектептен, Нөкис қаласы 20-санлы ҳәм Хожели районлық 22-санлы мектеплерден келген мийманлар И.Юсуповтың 90 жыллық юбилейи менен қутлықлап, өзлериниң тилеклерин билдирди.

Әдебий кешеде И. Юсуповтың қосықларынан көркем оқыўлар оқылып, шайырдың нама қосықларына аяқ ойынлар ойналып, дуўтар сазында қосықлар жаңланды. Шайырдың қосықлары тийкарында сахналық көринислер қойып берилди.

Илаж жуўмағында шайырдың «Сен дегенде» қосығын клуб ағзалары жанлы ҳаўазда айтып, кешени жуўмақлады.

Арман Нуржанов,

Қарақалпақ филологиясы факультетиниң студенти,

«Китапқумарлар» клубының ағзасы.

Пайдалы дереклер