slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
Бирге ислесиў бойынша келисип алынды | | Karakalpak state university

Бирге ислесиў бойынша келисип алынды

Соңғы жыллары елимизде социаллық-экономикалық раўажланыўдың тийкарғы бағдарларына және халықаралық стандартлардың талапларына сай келетуғын жоқары билимлендириў системасын жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жоқары билимлендириў системасында түпкиликли жаңаланыўлар, тараўда сырт ел тәжирийбелерин кеңнен үйрениў бағдарында да бир қанша илажлар әмелге асырылып келинбекте.

Усындай халықаралық байланыслардың нәтийжеси сыпатында усы жылдың 6-май сәнесинде Токио аўыл хожалығы ҳәм технология университетиниң профессоры, Орта Азия ҳәм Қубла Кавказдағы шорланған жерлер бойынша аўыл хожалығы ҳәм биология халықаралық Орайы ўәкилханасының баслығы   Кристина Тодерич ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы халықаралық Аралбойы инновация орайының директоры Н.Мырзамуратовлар Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болды.

Мийманлар университет ректорының қабыллаўында болды.

Ушырасыўда соңғы жыллары мәмлекетлер арасында өз-ара исенимли ҳәм пайдалы бирге ислесиўдиң раўажланып атырғаны, сиясий, саўда-экономикалық тараўлар менен бирге мәдений-гуманитарлық ҳәм илимий-техникалық тараўларда да байланыслардың кеңейип баратырғанын айтып өтти ҳәм келешекте Япония мәмлекетиндеги университетлер менен еле де бирге ислесиўди күшейтиў жоллары, тийисли қәнигеликлер бойынша академиялық мобильлик, докторантура, биргеликте илимий-теориялық конференциялар өткериў бойынша шәртнамалар дүзиў бойынша келисип алынды.

Сондай-ақ, қәнигели кадрларды таярлаў жолындағы бирге ислесиў байланысларын буннан былай да кеңейтиў, соның ишинде, заманагөй бағдарларда ҳәм қәнигеликлерде бакалавр, магистрлар таярлаў, илимий-изертлеў тараўында өз-ара тәжирийбе алмасыў сыяқлы әҳмийетли бағдарларда бирге ислесиў перспективалары додаланды.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер