slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
Әдебий кеше шөлкемлестирилди | | Karakalpak state university

Әдебий кеше шөлкемлестирилди

Усы жылдың 11-май куни Шет тиллери факультетинде инглис әдебиятына арналған әдебий кешениң биринши басқышы өткерилди.

Бул басқыш ассистент-оқытыўшы А.Толеубаеваның басшылығында китапқумарлар беллесиўи формасында алып барылды.

Дәстүрге айланған, Пауло Коэло ҳәм Томас Хардидиң китаплары китапқумарлар ушын бир ҳәпте алдын жәрияланды. Қатнасыўшылар өзлериниң қәбилетлерин 4-5 қатнасыўшыдан ибарат болған киши  топарларда сыннан өткерди.

Хақыйқый китап ықласбентлеринен дүзилген Pulchritude, Treasure ҳәм Crowd топарлары арасындағы беллесиў қызғын түрде болып өтти. Китапқумарлар дөгерегиниң белсенди жетекшиси ҳәм жарыс шөлкемлестириўшилеринен бири Индира Ермекбаева баллы сораўлар ҳәм бонуслар менен ислеген сораў-жуўаплары менен  қатнасыўшыларды қызғын жарысқа тартты.

Жоқары нәтийже менен Pulchritude биринши орынды, екинши орынды Treasure ҳәм Crowd топарлары ийеледи.

Илаж соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.

Ю.Мамутова,

Инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасы оқытыўшысы.

Пайдалы дереклер