#Көшпели_сабақ  Таярлықларын сыннан өткерди | | Karakalpak state university

#Көшпели_сабақ  Таярлықларын сыннан өткерди

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети дене мәденияты тәлим бағдарының 3-курс студентлерине гезектеги көшпели сабақ Нөкис қаласындағы 2-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде өткерилди.

Оны дене мәденияты теориясы ҳәм методикасы кафедрасының оқытыўшысы И.Нажимов студентлерге жеңил атлетика ҳәм оны оқытыў методикасы пәнинен «Қысқа аралықларға жуўырыў» темасында қызықлы етип өткерди.

Бундай көшпели сабақларды өтиўден гөзленген мақсет – ҳүрметли Президентимиз басшылығында 2019-жыл 19-мартта болып өткен видеоселектор мәжлисиниң 12-санлы баянламасы 10-бантинде белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм Жоқары оқыў орынларында тарийх, архитектура, қурылыс ҳәм дене мәденияты бойынша әмелий сабақларды темаларға сай рәўиште тийисли орынларда өткериўден ибарат.

Көшпели сабақта студент-жаслар өзлериниң таярлықларын және бир мәрте сыннан өткерди.

Н.Джанходжаев,

Факультеттиң Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер