slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети сайлаў мүддети питкен ҳәм бос турған төмендеги лаўазымлар ушын таңлаў жәриялайды | | Karakalpak state university

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети сайлаў мүддети питкен ҳәм бос турған төмендеги лаўазымлар ушын таңлаў жәриялайды

Кафедра баслығы лаўазымы: Журналистика, Физика кафедраларына.

Профессор лаўазымы: Журналистика, Физика кафедрасына.

Доцент лаўазымы: Журналистика, Экономика,  Инглис тили ҳәм әдебияты, Қарақалпақ тил билими, Дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы, Финанслар, Нефть ҳәм газ технологиясы, Экология ҳәм топырақтаныў, Органикалық ҳәм органикалық емес химия, Қарақалпақ әдебияты, Археология (0,5 ставка) кафедраларына.

Үлкен оқытыўшы лаўазымы: Педагогика ҳәм психология, Әмелий математика, Функционаллық анализ алгебра ҳәм геометрия кафедраларына.

Оқытыўшы (ассистент) лаўазымы: Факультетлер аралық шет тиллер, Физика, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы, Инглис тили ҳәм әдебияты, Экология ҳәм топырақтаныў, Электр энергетика, Архитектура ҳәм қала қурылысы, Қарақалпақ тил билими, Нефть ҳәм газ технологиясы кафедраларына.

 

Кафедра баслығы лаўазымы ушын таңлаўға илим докторы (яки DSc), илим кандидаты, философия докторы (PhD)  илимий дәрежесине, профессор яки доцент илимий атағына, сондай-ақ, тийисли қәнигелик бойынша буларға теңлестирилген басқа илимий дәрежелерге ийе болған пуқаралар қатнасыўы мүмкин.

Профессор лаўазымын ийелеў ушын таңлаўда, профессор илимий атағына яки илим докторы ямаса илим докторы (Doctor of Science) илимий дәрежесине ийе болған пуқаралар қатнасыўы мүмкин.

Профессор лаўазымын ийелеў ушын таңлаўда илим кандидаты, философия докторы (PhD) илимий дәрежесине яки доцент илимий атағына ийе болған пуқара кеминде 5 жыл илимий-педагогикалық  ис стажына ийе болыў, усы кафедраның тәлим бағдарлары бойынша сабақлықлар ҳәм оқыў қолланбалар авторы болыў шәрти менен бир мүддетке қатнасыўы мүмкин.

Доцент лаўазымы ушын таңлаўда доцент илимий атағына, үлкен илимий хызметкер ямаса илим кандидаты, философия докторы (PhD), илим докторы ямаса илим докторы (DSc) илимий дәрежесине ийе болған пуқаралар қатнасыўы мүмкин.

Бир мүддетке доцент лаўазымын ийелеў ушын таңлаўда, тийисли илимий атаққа ҳәм илимий дәрежеге ийе болмаған, бирақ усы қәнигелик бойынша кеминде 3 жыллық әмелий ис тәжирийбесине ийе болған, усы кафедраның тәлим бағдарлары бойынша сабақлықлар ҳәм оқыў қолланбалар авторы болған жоқары тәжирийбели қәнигелер қатнасыўы мүмкин.

Үлкен оқытыўшы лаўазымы ушын таңлаўда жоқары мағлыўматқа ийе болған (магистр, дипломлы қәниге), бирақ оқытыўшылық, илимий-изертлеў ҳәм ислеп шығарыў жумыслары тәжирийбесине ийе болған пуқаралар қатнасыўы мүмкин.

Оқытыўшы (ассистент) ҳәм оқытыўшы-стажёр лаўазымлары ушын таңлаўға тийисли қәнигелик бойынша жоқары мағлыўматқа ийе болған пуқаралар (магистр, дипломлы қәниге) қатнасыўы мүмкин.

Таңлаўға қатнасыўды қәлеўшилер тәрепинен ректор атына арза, кадрларды есапқа алыў бойынша жеке ис қағазы, дипломларының тастыйықланған көширмеси, илимий мийнетлери дизими ҳәм де қәнигелигин жетилистиргенлиги ҳаққындағы гүўалығының көширмеси тапсырылады.

Арзалар дағаза шыққан күннен баслап бир ай мүддетте қабыл етиледи.

Таңлаў шәртлери бойынша қосымша мағлыўматлар ҳаққында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Кеңесинен билиўиңизге болады.

 

Мәкан жайымыз: Нөкис қаласы, Академик Ч.Әбдиров көшеси №1-жай

Телефон: 223-62-75

 

 «Еркин Қарақалпақстан» газетасының

2019-жыл 18-май №62-63 (20305)  қоспа саны.

Пайдалы дереклер