slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
#Көшпели_сабақ  Ҳәр қыйлы жүзиў усылларын үйренди | | Karakalpak state university

#Көшпели_сабақ  Ҳәр қыйлы жүзиў усылларын үйренди

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети дене мәденияты тәлим бағдарының 3-курс студентлерине гезектеги көшпели сабақ Нөкис Олимпиа резервлери кәсип өнер колледжиниң жүзиў бассейнинде өткерилди.

Оны дене мәденияты теориясы ҳәм методикасы кафедрасының оқытыўшысы Б.Қойлыбаев студентлерге жүзиў ҳәм оны оқытыў методикасы пәнинен «Көкиректе кроль усылында жүзиў техникасын үйрениў» темасында өткерди.

Бундай көшпели сабақларды өтиўден гөзленген мақсет – ҳүрметли Президентимиз басшылығында 2019-жыл 19-мартта болып өткен видеоселектор мәжлисиниң 12-санлы баянламасы 10-бантинде белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм Жоқары оқыў орынларында тарийх, архитектура, қурылыс ҳәм дене мәденияты бойынша әмелий сабақларды темаларға сай рәўиште тийисли орынларда өткериўден ибарат.

Көшпели сабақта студент-жаслар жүзиўдиң ҳәр қыйлы усылларын үйренди.

Н.Джанходжаев,

Факультеттиң Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер