slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
Жазыўшы-шайырлар менен ушырасыў | | Karakalpak state university

Жазыўшы-шайырлар менен ушырасыў

Бүгинги күнде елимизде 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы тийкарында барлық тараўлар менен тармақларда үлкен өзгерислер әмелге асырылып келинбекте. Бул бойынша жәмийетлик турмыста жақсы қәдриятларды ҳәм дәстүрлерди терең қәлиплестириўге, соның ишинде, әсиресе, жас әўладтың руўхый-интеллектуаллық потенциалын, сана-сезимин ҳәм дүньяқарасын жоқарылатыўда, олардың қәлбинде ана Ўатанымызға мухаббат ҳәм садықлық сезимин күшейтиўде, бәркамал шахсты тәрбиялаўда шексиз әҳмийетке ийе болған китапқумарлық мәдениятын арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Ўатанымыздан жетисип шыққан уллы илимпазларымыздың, жазыўшы ҳәм ойшылларымыздың жоқары гуманистлик идеяларға тийкарланған бай руўхый мийрасы улыўма инсаныйлық цивилизация ҳәм мәдениятқа, дүньялық ҳәм диний илимниң раўажланыўына үлкен үлес болып қосылғаны дүнья жәмийетшилиги тәрепинен де тән алынбақта.

Мәмлекетимиз басшысы усы жылдың 19-март күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде халықтың, әсиресе, жаслардың мәнаўиятын көтериў мәселесине айрықша тоқталып, «Ҳәр бир басшы өзиниң жеке китапханасынан өзи оқыған мектеп китапханасына китаплар саўға етсе, бул жақсы баслама болып, китапқумарлықты раўажландырыў менен перзентлеримиз тәрбиясына унамлы тәсир көрсетеди», деп атап өткен еди. Президентимиздиң бул басламасы мәмлекетлик уйымлар ҳәм кең жәми­йетшилик тәрепинен кең қоллап-қуўатланбақта.

Усы жылдың 23-май сәнесинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде китапқумарлықты раўажландырыў, студент-жаслардың китапқа деген қызығыўшылықларын еле де арттырыў мақсетинде елимиздиң атақлы жазыўшы-шайырлары менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Илажды университеттиң Жаслар менен ислесиў бойынша проректоры О.Дуйсенбаев басқарып барды.

Онда Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, шайыр К.Каримов, Қарақалпақстан халық жазыўшысы М.Нызанов, Қарақалпақстан халық шайыры Х.Даўлетназаровлар университет студент-жасларына өзлеринин баҳалы пикирлерин билдирди.

Уллы данышпанлардан бири «Өзимдеги бәрше жақсы туйғыларым ушын китаптан миннетдарман», деген екен. Демек, китап инсаннан ҳеш нәрсе талап етпейди, лекин, оны камал­ға  жеткереди. Солай екен, китапты тек қуры оқыў емес, онда жазылғанларды мәнисине түсинип жетиўимиз тийис.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер