slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
Ҳәр бир перзент меҳир ҳәм итибарда | | Karakalpak state university

Ҳәр бир перзент меҳир ҳәм итибарда

Бала  — өмир гүли. Перзент саў-саламат болса ғана ҳәр бир  шаңарақ нәресте күлкиси менен қуўанышқа толады.

1-июнь — Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен республикамыздағы бир қатар министрликлер ҳәм тийисли шөлкемлердиң қатнасыўында бир қатар илажлар алып барылмақта.

Бүгин пайтахтымыздағы «Имкон» көптармақлы қәнигелестирилген мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси реаблитация орайына ҳәм Тақыятас балалар үйине бир қатар шөлкем басшылары барып, ол жерде тәрбияланып атырған балаларға байрам саўғаларын тапсырды.

Бул илажға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры А.Реймов басшылығында университет жәмәәти де белсене қатнасып, өзлериниң байрам саўғаларын тапсырды.

Байрамға бағышланып өткерилген илажда атап өтилгениндей, Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтың басшылығында елимизде жас әўладты ҳәр тәреплеме бәркамал ҳәм саламат инсан етип тәрбиялаўға қаратылып атырған айрықша итибардың нәтийжесинде олардың пуқта билим алыўы,   кәсип-өнер үйрениўи, спорт пенен шуғылланыўлары ушын барлық шараятлар жаратылған. 

Өз гезегинде көрсетип атырған ғамхорлық ушын «Имкон» көптармақлы қәнигелестирилген мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси реаблитация орайы директоры университетимиз ректорына Миннетдаршылық хатын тапсырды.

Ҳәр қашан да, перзентлери қуўанса, оларға қосыла өзимизди бахытлы санайтуғын халықпыз. Балалардың жүзлериндеги бахытлы күлкини көрип буған тағы бир мәртебе исеним арттырдық.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер