slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Мәлимлеме-ресурс орайына китаплар саўға етилди | | Karakalpak state university

Мәлимлеме-ресурс орайына китаплар саўға етилди

Бәршемизге мәлим, усы жылдың 19-март күни ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев басшылығында болып өткен видеослектор жыйналысында жаслардың билим дәрежесин арттырыў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде китап оқыўға болған қызығыўшылығын жоқарылатыў мәселеси кең түрде додаланған еди. Себеби, келешек ийелериниң саўатлы болыўын тәмийинлеў ҳәм руўхый дүньясын байытыўда китаптың орны гиреўли есапланады.   

Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының хызметкери А.Мўминов Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болды.

Ол Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының басламасы менен баспадан шығарылған ҳуқықый мазмундағы китапларды ҳәм өзбек тилинде баспадан шыққан «Германия Федератив Республикасының тийкарғы нызамы» китабын университеттиң мәлимлеме-ресурс орайына саўға етти.

Сондай-ақ, Миллий орайдың хызметкери А.Мўминов тәрепинен инсан хуқықлары ушын үлкен әҳмийетке ийе болған бул китапларда халықаралық ҳуқық нормалары ҳәм шет ел тәжирийбеси терең үйренилгенлиги атап өтилди.

Университеттиң мәлимлеме-ресурс орайы хызметкерлери бийбаҳа саўғалар ушын мийманға миннетдаршылық билдирип, бул китаплар келешек әўладтың билим дәрежесиниң артыўына хызмет ететуғынлығына исеним билдирди.

А.Оразымбетова,

Журналистика қәнигелигиниң 1-курс магистранты.

Пайдалы дереклер