slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
#Питкериўши_2019 ҚМУ питкериўшилери өндириске жоллама алды | | Karakalpak state university

#Питкериўши_2019 ҚМУ питкериўшилери өндириске жоллама алды

Бүгинги күни ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жасларды Ўатанды сүйиўшилик, миллий дәстүр ҳәм қәдириятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, руўхый дүньясы жетик ҳәм физикалық жақтан бәркамал әўладты камалға келтириў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылып келинбекте. 

Сонлықтан да, Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен тараўдағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм жаңа жоқары сапа басқышына көтериў мақсетинде 2018-жыл 5-июнь күнги «Жоқары оқыў орынларында билимлендириў сапасын арттырыў ҳәм олардың мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең кѳлемли реформаларға белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилген болып, Пәрманда жоқары билимлендириў системасына тийисли бир қатар ўазыйпалардың ишинде жоқары оқыў орнын питкериўшилерди өз қәнигеликлери бойынша маман қәнигелер болып жетисиўи ушын нәтийжели жумыслар әмелге асырылып келинбекте. Яғный, теориялық билимлерге ажыратылған саатлар көлеми қысқартылып, оқыў-өндирислик әмелиятқа ажыратылатуғын саатлар кѳлеми көбейди. Буннан мақсет – студенттиң оқыў дәўиринде өндиристен ажыралмаған ҳалда билим алыўына ерисиў ҳәм оқыўды тамамлағаннан соң жумысты баслаў ҳәм ислеп кетиў көнликпесин арттырыўдан ибарат.

Усы жылдың 9-июль сәнесинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик університети мәденият сарайында 2018-2019-оқыў жылы питкериўшилериниң салтанатлы диплом тапсырыў кешеси болып өтти.

Салтанатлы кешени университет ректоры А.Реймов ашып берди.

Буннан соң, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириў сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының баслығы У.Ташкенбаев, Қарақалпақстан Республикасы Руўхый-ағартыўшылық орайының баслығы Қ.Юсупов, университет Ветеранлар кеңесиниң баслығы Б.Абдикамалов, питкериўшилердиң ата-аналары атынан Б.Аллабергенов, питкериўши-магистр, Президент стипендианты З.Айымбетова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, питкериўшилерге келешекте республикамыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғын маман қәнигелер болып жетилисиўи ушын пикирлерин билдирди.

– Быйылғы оқыў жылында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин 42 бакалавр тәлим бағдары бойынша жәми 2013 студент, 22 қәнигелик бойынша 86 магистрант питкерип шықпақта. Ҳәзирги ўақытта бул питкериўшилер республикамыздағы 950 ден аслам жумыс бериўши мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер менен “Жас қәнигени жумыс пенен тәмийинлеўге көмеклесиўши” үш тәреплеме шәртнамалары рәсмийлестирилген болып, бүгинги күнде оларға оқыўды тамамлағаннан соң дүзилген шәртнамаларына сәйкес жумыс орынларына жолламалар бериў нәзерде тутылмақта,-дейди университеттиң буйыртпалар портфелин қәлиплестириў, питкериўшилерди жумыс орынларына бөлистириў ҳәм мониторинг бөлиминиң баслығы Сабит Габбаров.

Илаж соңында қатнасыўшыларға республикамызға белгили эстрада қосықшылары ҳәм университеттиң “Ҳүрлиман” халық ансамбльиниң таярлаған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер