slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Тарийх бағдары 1-курс студентлери археологиялық дала қазыў ǝмелиятында | | Karakalpak state university

Тарийх бағдары 1-курс студентлери археологиялық дала қазыў ǝмелиятында

Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында миллий қəдириятларымызды, елимиздеги тарийхый ҳəм мəдений естеликлерди қəстерлеп сақлаў, үйрениў ҳəм қорғаўға айрықша дыққат қаратылмақта.

2018-жыл 19-декарь күни «Материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў тараўындағы хызметти түп-тийкарынан жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў, илимий үйрениў, олардан ақылға сәйкес пайдаланыў ҳәм  елимиздиң туристлик потенциалын жоқарылатыўда олардың орны ҳәм әҳмийетин арттырыўда материаллық мәдений мийрас тараўындағы мәмлекетлик қадағалаўын түптен жетилистириўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Оқыў жобасына сǝйкес тарийх бакалавр тǝлим бағдарыныӊ 1-а, 1-б, 1-в, 1-г курс студентлеринен жǝми 71 ǝмелиятшы 2019-жылдыӊ 17-июнь сǝнесине 6-июль аралығында Хожели районыныӊ Миздахкан археологиялық комплексинде археологиялық дала қазыў ǝмелиятында болып қайтты.

Онда кɵп қабатлы мǝдений қатламға ийе болған естеликлердиӊ бири Гǝўир қаланыӊ арқа-шығыс тǝрепиндеги қорған дийўалларында, Гǝўир қаланыӊ шығыс тǝрепиндеги тǝбийғый бийикликтиӊ үстинде қурылған Афригидлер, Хорезмшахлар ҳǝм Алтын Орда дǝўирине тийисли қала мǝҳǝллелеринде қазыў изертлеў жумысларын орынлады.   

Дǝслеп, Миздахкан атамасыныӊ келип шығыўына нǝзер қаратсақ. Тарийхый орын ҳаққында орта әсир араб-парсы тарийхшылары мийнетлеринде ушырасып, бул қала «МИЗДАКХАН» (Мардаджкан) аты менен мәлим болған. Усы атама менен 903-913-жылларда Ибн-Русте, 
961-жылда ал-Истахрий, 919-920-жылларға тийисли ал-Балхийдиң шығармаларында да ушырасады.

1874-жылы Хожелиде болған сырт еллилердиң бири Н.Н.Каразин қаланыӊ әҳмийетлилигин жоқары баҳалаў менен бирге, оның жайласқан географиялық орнына қарай Хожелини «Орта Азияның Венециясы» – деп атаған еди.

1928-1929-жылларда Санкт-Петербург университети профессоры А.Ю.Якубовский Миздахканда қысқа ўақыт археологиялық бақлаў жүргизип, қаланың топографиялық планын алады, табылған археологиялық материаллар тийкарында естеликтиң хронологиясын анықлайды.

Хорезм археология-этнографиялық экспедициясы басшысы, профессор С.П.Толстов Миздахкан менен 1946-жылы жақыннан танысады.

1947-жылы Миздахканның архитектуралық объектлеринде В.И.Пилявский жумыс алып барады. 1959 ҳәм 1966-жылларда архитектор В.М.Филимонов Мазлумхан сулыўды реставрациялаў бойынша проект дүзиўде оныӊ тарийхын үйренип шығады, ал, Н.С.Гражданкина болса Мазлумхан сулыў естелигиниң қурылыс материаллары технологиясын үйренеди.

1962, 1964-1966-жылларда Миздахканда Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан филиалы алымлары В.Н.Ягодин басшылығында стационар археологиялық қазыў жумысларын алып барады.

Əййемги Миздахкан комплекси тек Өзбекстанда ғана емес, улыўма әййемги шығыс цивилизациясында орны бар дәслепки мәденият орайларының бири. Буны усы естеликте алып барылған археологиялық изертлеўлер нәтийжелери көрсетпекте. Бул археологиялық изертлеўлерде Қарақалпақ мәмлекетлик университети археологиялық топарыныӊ хызметлери әҳмийетли орын ийелейди. Быйыл бул археологиялық топарыныӊ жумыс баслағанына 34 жыл болды (1985-2019 жж).

Қарақалпақ мәмлекетлик университети археологиялық отрядының изертлеўлери өткен әсирдиң 80-жылларының II-ярымында М.Туребеков, А.Утемисов, Е.Бижанов, М-Ш.Қдырниязов тәрепинен Хожели районы Миздахкан археологиялық комплексинде археологиялық, этнографиялық изертлеўлер менен баслады. Бул археологиялық объектте профессор-оқытыўшыларымыз тәрепинен жыллар даўамында антик ҳәм орта әсирлерге тийисли мәҳәлле қалдықлары қазып изертленди. Дәслеп, Е.Бижанов, М.Туребеков (1985-жыл), М-Ш.Қдырниязов, А.Утемисов,
(1986-жыл), Ж.Ҳәкимниязов (1993-жыл) ҳәм басқалар археологиялық изертлеў жумысларын алып барып, ҳǝзирги күнде де қатары жас алымлар менен толықтырылып, изертлеў ислерин биргеликте даўам етпекте.

Бул археологиялық дала қазыў ǝмелиятына студент-жаслар менен биргеликте олардыӊ ǝмелият басшылары марҳум М.-Ш.Қдырниязов, М.Туребеков, С.Сайпов, Ф.Утепбергенов, А.Алимбетов, О.-Ш.Қдырниязов ҳǝм де докторантлардан М.Толыбаев, Ф.Максетовлар қатнасты.

Əмелият ўақтында студентлер археологиялық естелик, комплекс, статиграфия, хронология, табылма, пласт, материк, шурф, бақлаўлар сыяқлы илимий түсиниклер менен дала қазыў ǝмелияты ўақтында танысып, түсиниклерин жǝне де беккемледи.

Жǝне де жай орынлары, хожалық қурылысларын тазалаў, ɵлшеў, сызылмаларды ɵлшем қағазларына түсириў, сүўретке (фото) алыў ислери менен жақыннан танысты.

Сондай-ақ, табылмаларды ўақтында жыйнап алыў, оларды шифрлаў, дизимге алыў ислерин үйренди. Табылмаларға ǝмелий жумысларды жүргизиў ўақтында күнделик жазыў усылларын үйренип, ҳǝр бир ǝмелиятшы жеке күнделик жүритти.

Бул археологиялық дала қазыў ǝмелияты ўақтында үлкен оқытыўшы С.Сайпов, ассистентлер А.Алимбетов, Ф.Утепбергенов ҳǝм де докторантлар М.Толыбаев, Ф.Максетовлар ǝмелиятшыларды Мазлумхан сулыў, Халифа Ережеп, Гǝўир қала, Шамун-Набий, Жомарт қассап тɵбешиги сыяқлы тарийхый орынлардыӊ пайда болыў, изертлеў ўақтында бул естеликлерден табылған материаллық дереклер, естеликлер ҳаққындағы ǝпсаналар бойынша мағлыўматлар берди. Усы естеликлер бойлап саяхатлар шɵлкемлестирилди.   

Қазыў жумыслары (ǝмелият) тамамланғаннан соӊ объектлер жабылып, қазылған орынлар бойынша ǝмелиятшылар күнделиклерин жазып, онда алған түсиниклерине тийкарланып ɵз болжамларын билдирип, ɵз-ара тǝжирийбелер алмасты.

Археологиялық дала қазыў ǝмелияты бойынша видео-фото съемкалар алынып, Археология кафедрасы доценти М.Туребеков, үлкен оқытыўшы С.Сайпов, ассистент-оқытыўшы Ф.Утепбергенов, докторантлардан М.Толыбаев, Ф.Максетовлар, сондай-ақ ǝмелиятшылардан А.Нурниязов, Б.Ерханов, Д. Танирбергенов, А.Карманбаевалар естеликти изертлеў тарийхы ҳǝм де ǝмелге асырылған жумыслардыӊ барысы ҳаққында мағлыўматлар берди.

Бул дала қазыў ǝмелияты ўақтында ɵзлериниӊ белсендилигин кɵрсеткен студентлерден 1-а курстан  А.Урунбаев, Б.Кенесбаев, А.Карманбаевалар, 1-б курстан О.Урозматов, Ю.Йулдошов, И.Сапарбаева, Б.Турсуновлар, 1-в курстан Б.Жангабаев, Э.Жумабаевалар ҳǝм де 1-г курстан А.Нурниязов, Б.Ерханов, Д. Танирбергеновларды атап ɵтиў орынлы.

Жуўмақлап айтқанымызда, бай мәдений мийраслар ҳаққындағы илимий мағлыўматларды және де байытыў келешегинен үмит күттиретуғын жас әўладлардың әдиўли миннети деп билген ҳалда, ҳәр биримиздиң жүрегимизде бай тарийхымыз бенен мақтаныш сезимлери жасар екен, ҳәўес етсе арзыйтуғын уллы келешегимиз де болады.  

Қ.Ҳǝкимниязов,

Археология кафедрасының үлкен оқытыўшысы., т.и.к,  

М.Толыбаев, Ф.Мақсетов,

ҚМУ PhD докторантлары.

Пайдалы дереклер