slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
ЖОҚАРЫ ҲӘМ ОРТА АРНАЎЛЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ СИСТЕМАСЫНА БАСҚАРЫЎДЫҢ ЖАҢА ПРИНЦИПЛЕРИН ЕНГИЗИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА | | Karakalpak state university

ЖОҚАРЫ ҲӘМ ОРТА АРНАЎЛЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ СИСТЕМАСЫНА БАСҚАРЫЎДЫҢ ЖАҢА ПРИНЦИПЛЕРИН ЕНГИЗИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 11-июльдеги ПП-5763-санлы «Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў тараўында бақарыўды реформалаў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Төмендегилер Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң ўазыйпалары етип белгиленсин:

жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи тараўында заманагөй билим ҳәм руўхый әдеп-икрамлылық пәзыйлетлерине ийе, еркин пикирлейтуғын жоқары маман кадрларды таярлаўға қаратылған бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў;

заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын ҳәм шет тиллерин терең өзлестирген кадрларды таярлаўдың жоқары дәрежесин және сапасын тәмийинлеў;

ведомстволық бойсыныўына қарамастан барлық жоқары ҳәм орта арнаўлы, қәсип-өнер билимлендириўи мәкемелериниң жумысын муўапықластырыў, оқыў-педагогикалық ҳәм илимий-методикалық басшылықты әмелге асырыў, қәнигелерди таярлаў сапасының, билимлендириўдиң мазмуны ҳәм дәрежесиниң мәмлекетлик билимлендириў стандартларына ҳәм қәнигелик талапларына сәйкеслигин тәмийинлеў;

билимлендириўдиң жаңа педагогикалық технологияларын ҳәм оқытыў усылларын енгизиўдиң халықаралық әмелиятқа муўапық билимлендириў процесин шөлкемлестириў, оқыў режелери ҳәм пән бағдарламаларын жетилистириў, оқытыўдың заманагөй түрлери менен мәлимлеме-коммуникация технология қуралларын енгизген ҳалда оқыў процесин сапа жағынан жаңалаў;

экономика тармақлары, илим ҳәм социаллық тараўды раўажландырыў талапларын есапқа алған ҳалда билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлерин оптималластырыў, өндирис ҳәм басқа да кәрханаларда студентлердиң әмелиятын шөлкемлестириў;

жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўиниң руўхый әдеп-икрамлылық мазмунын күшейтиў, жасларды ғәрезсизлик идеяларына садықлық, миллий қәдириятларға ҳүрмет,  инсаныйлық ҳәм жоқары идеялар тийкарында ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, жат идеялар және идеологияларға қарсы иммунитетти беккемлеў;

жоқары билимлендириў мәкемелеринде илимий-изертлеў жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў, изертлеў нәтийжелерин әмелиятқа кеңнен енгизиў, илимий қолланбаларды коммерцияластырыў, жоқары билимлендириў, илим ҳәм өндиристиң өз-ара беккем интеграциясын тәмийинлеў, илимий-изертлеў жумысларына қәбилетли жасларды кеңнен тартыў және оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў;

билимлендириў мәкемелерине жүкленген ўазыйпаларды жоқары профессиональлық дәрежеде орынлаўға уқыплы болған басшы ҳәм педагог кадрлар менен тәмийинлеў, оларды системалы хошаметлеў илажларын көриў;

жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи мәкемелериниң басшы ҳәм педагог кадрларын таярлаў, қайта таярлаў және қәнигелигин арттырыўдың үзликсиз системасын шөлкемлестириў ҳәм жетилистириў, олардың кәсиплик шеберлигиниң сапасын ҳәм дәрежесин турақлы арттырып барыўы ушын шараятлар жаратыў, сырт мәмлекетлерде қәнигелигин арттырыўды ҳәм стажировка өтеўин шөлкемлестириў;

заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў арқалы студентлер, оқытыўшылар ҳәм жас изертлеўшилердиң жәҳән билимлендириў ресурслары, илимий әдебиятлар ҳәм электрон каталоги менен мағлыўматлар базасынан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў;

халықаралық байланысларды кеңейтиў ҳәм беккемлеў, биргеликтеги қоспа жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи бағдарламаларын әмелге асырыў, тараўда ерисилген жетискенликлерди халықаралық көлемде кеңнен сәўлелендириў;

жумыс бериўшилердиң талаплары ҳәм усынысларын, алдынғы сырт ел тәжирийбесин, экономиканың реал сектордағы структуралық өзгерислерин есапқа алған ҳалда кәсип-өнер колледжлеринде мийнет базарында талап жоқары болған қәнигелерди таярлаў ушын оқыў режелери ҳәм бағдарламаларының ислеп шығылыўын шөлкемлестириў;

оқыў ҳәм илимий лаборатория базаларын модернизациялаў, заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў, спорт-саламатландырыў ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыў бойынша илажларды әмелге асырыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Кәсип-өнер билимлендириўи орайы (кейинги орынларда – Орай) сапластырылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Кәсип-өнер билимлендириўи орайы жанындағы Кәсип-өнер билимлендириўи системасын инновациялық раўажландырыў, педагог кадрлардың қәнигелигин арттырыў ҳәм оларды қайта таярлаў институты негизинде Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жанындағы Педагогикалық инновациялар, кәсип-өнер билимлендириўиниң басқарыў ҳәм педагог кадрларын қайта таярлаў және олардың қәнигелигин арттырыў институты;

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Кәсип-өнер билимлендириў орайы жанындағы Метрологиялық қадағалаў хызмети негизинде Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жанындағы Оқыў устаханалары, техникалық регламентлер ҳәм метрологиялық қадағалаў хызмети;

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Кәсип-өнер билимлендириўи орайының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық кәсип-өнер билимлендириўи аймақлық басқармалары негизинде Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў ҳәм муўапықластырыў аймақлық басқармалары;

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жанындағы Жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўин раўажландырыў орайы негизинде Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жанындағы Жоқары билимлендириўди раўажландырыў изертлеўлери ҳәм алдынғы технологияларды енгизиў орайы шөлкемлестирилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (кейинги орынларда – Министрлик) орайлық аппаратының структурасына жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң жаслар, руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары лаўазымы киргизилсин.
  2. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң шөлкемлестириўшилик структурасы 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги орайлық аппаратының басқарыў хызметкерлериниң улыўма шекленген саны 119 дан ибарат болған структурасы 2-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў ҳәм муўапықластырыў аймақлық басқармасының үлги структурасы 3-қосымшаға муўапық;

Жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи сапасын арттырыў бойынша комплексли илажлардың режеси 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Өзбекстан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрине:

Министрликтиң орайлық аппараты, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў ҳәм муўапықластырыў аймақлық басқармалары, сондай-ақ, ведомстволық бойсыныўындағы шөлкемлердиң структурасына белгиленген штатлар саны шеңберинде өзгерислер киргизиў;

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Жоқары билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў қоры ямаса нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, жойбарлаў институтлары, билимлендириў мәкемелери, өндирис шөлкемлери, сондай-ақ, халықаралық ҳәм сырт ел компанияларының жоқары маман қәнигелери менен экспертлерин консультант сыпатында жумысқа тартыў, олардың мийнетине ҳақы төлеў ҳәм басқа да төлемлердиң муғдарларын шәртнама тийкарында еркин белгилеў ҳуқықы берилсин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

а) жоқары билимлендириў мәкемелериниң структуралары тийисли жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары (жергиликли жоқары билимлендириў мәкемелери филиалларының директорлары) тәрепинен жоқары билимлендириў мәкемелери ушын белгиленген нормативлерге муўапық бойсыныўы бойынша тийисли министрлик ҳәм уйым менен келисилген ҳалда тастыйықланады;

б) мәмлекетлик ҳәм мәмлекеттиң үлеси бар болған жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректоры (сырт ел жоқары билимлендириў мәкемеси филиалының жергиликли ректоры ямаса директоры, атқарыўшы директоры) бойсыныўы бойынша тийисли министрлик ҳәм уйым басшысының усынысына бола Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы менен келисилген ҳалда Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымнан азат етиледи;

в) мәмлекетлик ҳәм мәмлекеттиң үлеси болған жоқары билимлендириў мәкемесиниң проректорлары (жергиликли жоқары билимлендириў мәкемеси филиалы директорының, оның орынбасарлары, сырт ел жоқары билимлендириў мәкемеси директорының орынбасарлары) жоқары билимлендириў мәкемеси ректорының усынысына тийкарланған бойсыныўы бойынша тийисли министрлик ҳәм уйымның басшысы тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм азат етиледи, онда:

оқыў ислери бойынша проректор (филиал директорының орынбасары) лаўазымына талабан Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги;

жаслар менен ислесиў бойынша проректор (филиал директорының орынбасары) лаўазымына талабан Өзбекстан жаслар аўқамының Орайлық Кеңеси;

илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректор (филиал директорының орынбасары) лаўазымына талабан Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги менен келисиледи;

г) жоқары билимлендириў мәкемелери:

жанындағы илимий-изертлеў мәкемелери, қәнигелигин арттырыў ҳәм қайта таярлаў мәкемелериниң басшылары, академиялық лицейлердиң директорлары, бойсыныўы бойынша тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен келисилген ҳалда жоқары билимлендириў мәкемесиниң ректоры тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымнан азат етиледи;

факультет  деканлары жоқары билимлендириў мәкемесиниң ректоры тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымнан азат етиледи;

д) Өзбекстан Республикасы  Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў ҳәм муўапықластырыў аймақлық басқармаларының баслықлары, сондай-ақ, Министрликке ведомстволық бойсынатуғын шөлкемлер ҳәм мәкемелердиң басшылары жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымнан азат етиледи;

е) кәсип-өнер билимлендириўи мәкемелери:

директорлары бойсыныўы бойынша тийисли министрлик ҳәм уйымның басшысы тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымнан азат етиледи;

директордың орынбасарлары бойсыныўы бойынша тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен келисилген ҳалда кәсип-өнер билимлендириўи мәкемлериниң директоры тәрепинен, сондай-ақ, академиялық лицей директорларының орынбасарлары жоқары билимлендириў мәкемесиниң ректоры менен келисилген ҳалда академиялық лицей директоры лаўазымына тайынланады ҳәм лаўазымнан азат етиледи.

8 Министрлик, Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң 2020-жылдан баслап билим бериў хызметлери базарында жоқары билимлендириў мәкемелериниң айырым бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлерине талап жоқары екенлиги ҳәм финанслық турақлылықты есапқа алып, оларды басқышпа-басқыш өзин-өзи қаржыландырыў системасына өткериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Министрлик Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, қарамағында жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте жоқары билимлендириў мәкемелерин басқышпа-басқыш өзин-өзи қаржыландырыў системасына өткериў тәртибин 2019-жыл 1-сентябрьге шекем ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзин-өзи қаржыландырыў системасына өтип атырған билимлендириў мәкемелерине төмендеги ҳуқықлар берилсин:

а) жоқары маман қәнигелерди тартыў, көрсетилетуғын билимлендириў хызметлериниң сапасын арттырыў мақсетинде хызметкерлерге үстемелер ҳәм материаллық хошаметлеўдиң басқа да түрлери муғдарларын еркин белгилеў;

б) қәбилетли, сондай-ақ, халықтың социаллық қорғаўына мүтәж қатламларынан болған студентлерди материаллық хошаметлеў ҳәм қоллап-қуўатлаў;

в) сақлаў қәрежетлери, ўазыйпалар ҳәм миннетлемелерди орынлаў, оқытыўдың инновациялық түрлери менен усылларын енгизиў арқалы хызметкерлерди қайта таярлаў және олардың қәнигелигин арттырыў, материаллық-техникалық базаны беккемлеў, программалық тәмийнатлар, заманагөй мәлимлеме-коммуникациялар қураллары, оқыў ҳәм илимий лабораториялар ҳәм жумсалатуғын лаборатория материалларын (реактивлер, химиялық ыдыс, комплектлеўши, биологиялық материаллар ҳәм басқа да объектлер), соның ишинде, китаплар, журналлар, оқыў әдебиятларын сатып алыў ҳәм басып шығарыў ушын қаржыларды еркин жумсаў;

г) жоқары билимлендириў мәкемеси инфраструктурасына сервис хызметлерин көрсетиўдиң айрықша түрлери, соның ишинде, имаратлар ҳәм объектлер, студентлердиң турақ жайлары, спорт объектлеринен пайдаланыў, оларды тазалаў, оңлаў, компьютер техникасы ҳәм телекоммуникация тармақларын сақлаў және юридикалық хызметлер көрсетиўди аутсорсинг шәртлеринде шөлкемлестириў;

д) бойсыныўы бойынша тийисли министрлик ҳәм уйым менен келисилген ҳалда:

жоқары билимлендириў мәкемесиниң илимий-педагогикалық потенциалын, оның материаллық-техникалық базасының имканиятларын есапқа алып, төлемли-контракт тийкарында оқыўға қабыллаў параметлерин белгилеў, жаңа бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлерин ашыў;

жоқары билимлендириў мәкемесин өзин-өзи толық финанслық тәмийинлеў муғдарынан келип шығып, төлемли-контракт тийкарында оқытыў баҳасын белгилеў.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Экономика ҳәм санаат министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Министрлик ҳәм қарамағында жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте ҳәр бир жоқары билимлендириў мәкемесиниң бағдары ҳәм өзгешелигинен келип шыққан ҳалда олардың үскенелениўи айрықша қатнас жасаўды талап етип атырғанлығын есапқа алып, Инвестициялық бағдарламалар шеңберинде оқыў-лаборатория үскенелери, мәлимлеме-коммуникация қураллары және басқа да техникалар менен тәмийинлеў ушын ажыратылатуғын қаржыларды тиккелей жоқары билимлендириў мәкемелерине қаржыландырыў арқалы олар тәрепинен орнатылған тәртипте сатып алыўлардың әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
  2. а) төлемли-контаркт тийкарында билим алып атырған студентлер ушын контракт төлемлерин әмелге асырыў мүддетлери жоқары билимлендириў мәкемесиниң ректоры (жергиликли жоқары билимлендириў мәкемеси филиалының директоры) тәрепинен созылатуғыны;

б) жергиликли ҳәм сырт елдеги жоқары билимлендириў мәкемелериниң өз-ара келисими шеңберинде әмелге асырылып атырған қоспа билимлендириў бағдарламалары, соның ишинде, биргеликтеги факультетлерде:

студентлерди қабыллаў тәртиби, төлемли-контракт тийкарында оқытыў баҳасы ҳәм жергиликли және сырт ел профессор-оқытыўшыларының мийнетине ҳақы төлеў муғдарлары шерик сырт ел билимлендириў мәкемелери менен келисим тийкарында;

оқыўға қабыллаў параметлери, тәлим бағдарлары ҳәм қәнигеликлерин тастыйықлаў бирге ислесиўши сырт ел жоқары билимлендириў мәкемлери, бойсыныўы бойынша тийисли министрликлер ҳәм уйымлар және Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен келисилген ҳалда жоқары билимлендириў мәкемеси тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

в) студент-жаслар арасында спорт жарысларын ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў мақсетинде жоқары билимлендириў мәкемелериниң спорт клубларын сақлаў, спорт жарысларын ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларын өткериў ҳәм қатнасыўшыларды кийим-кийиншек пенен тәмийинлеўди қаржыландырыў жоқары билимлендириў мәкемелериниң төлемли-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. 2022-жыл 1-январьға шекем:

жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен орнатылған тәртипте қәлиплестирилетуғын дизим бойынша оқытыўдың төлемли-контракт түринен түскен қаржылар шеңберинде жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм олардың жанындағы илимий-изертлеў мәкемелериниң жумысын тәмийинлеў ушын алып келинетуғын китаплар, журналлар, оқыў әдебиятлары, программалық тәмийнатлар, заманагөй мәлимлеме-коммуникация қураллары, оқыў ҳәм илимий лабораториялар және жумсалатуғын лаборатория материаллары (реактивлер, химиялық ыдыс, комплектлеўши, биологиялық материаллар ҳәм басқа да объектлер) бажыхана төлемлерин төлеўден (бажыхана рәсмийлестириўи жыйымларынан тысқары);

Өзбекстан Республикасындағы жоқары билимлендириў мәкемелери менен өз-ара келисим бойынша қоспа бағдарламалар (факультетлер ҳәм академиялық бағдарламалар) ҳәм филиаллар (орайлар) усылында кадрлар таярлаўды жолға қойған сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери олардың Өзбекстан Республикасында әмелге асырып атырған жоқары билимлендириў жумысы шеңберинде алынған дәраматлар бойынша барлық түрдеги салықлар, сондай-ақ, сырт ел хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў фонды бөлеги бойынша бирден-бир социаллық төлем төлеўден азат етилсин.

  1. Министрлик:

бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳаққындағы режени Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин;

мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                          Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 11-июль.

Дерек: kknews.uz (ҚХА)

Пайдалы дереклер