slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
ҚМУда дөретиўшилик имтиханлар басланды | | Karakalpak state university

ҚМУда дөретиўшилик имтиханлар басланды

 Усы жылдың 17-июль сәнесинен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қабыллаў комиссиясы тәрепинен тест сынақлары менен бирге дөретиўшилик (кәсиплик) имтиханлар болып өтиўи белгиленген тәлим бағдарларына имтиханлар басланды.

Булар Архитектура; Филология ҳәм тиллерди оқытыў: қазақ тили; Филология ҳәм тиллерди оқытыў: түркмен тили; Журналистика; Мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў тәлим бағдарлары белгиленген ҳәм 17-20-июль күнлери аралығында арнаўлы кесте тийкарында өткериледи.

Бүгин өткерилген имтиханларға жәмийетшилик бақлаўды шөлкемлестириў мақсетинде халық депутатлары Нөкис қалалық кеңесиниң депутаты Венера Каленова, сондай-ақ, университет жанындағы жәмийетшилик кеңесиниң ўәкиллери де қатнасты.

Өткерилип атырған имтиханлардың қалыс өтиўин тәмийинлеў мақсетинде видеогүзетиўлер шөлкемлестирилди ҳәм сыртта көриў имканияты жаратылды. Нәтийжеде, абитуриентлердиң ата-аналары болып атырған процессти толық корип барыў имканиятына ийе болды.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер