Питкериўши жаслар менен ушырасыў | | Karakalpak state university

Питкериўши жаслар менен ушырасыў

Усы жылдың 22-июль күни университетимизде Нызамшылық машқалалары  ҳәм парламент изертлеўлери институты қәнигелери ҳәм юридика факультетиниң питкериўши студентлери менен биргеликте ушырасыў шөлкемлестирилди.

Оны университеттиң буйыртпалар портфелин қәлиплестириў, питкериўшилерди жумыс орынларына бөлистириў ҳәм мониторинг бөлиминиң баслығы С.Габбаров басқарып барды.

Илажда Олий Мажлис улыўма бөлиминиң баслығы А.Мухаммеддинов, конституциялық ҳуқық бөлиминиң баслығы И.Беков, Парламент ҳәм парламентаризм бөлиминиң баслығы Т.Аббасовлар шығып сөйлеп, Нызамшылық машқалалары ҳәм парламент изертлеўлери институтының бүгинги күндеги искерлиги ҳәм жумыс бағдары бойынша кең түрде түсиниклер берип өтти.

Ушырасыў даўамында институттағы бос жумыс орынлары ушын ҚМУ студентлери менен сәўбетлесиўлер болып өтти.

Ж.Искендеров.

 

Пайдалы дереклер