Қурбан ҳайыты мүнәсибети менен 11-август күни болып өтетуғын тест сынақлары басқа күнге көширилди | | Karakalpak state university

Қурбан ҳайыты мүнәсибети менен 11-август күни болып өтетуғын тест сынақлары басқа күнге көширилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 2-августтағы «Қурбан ҳайытын белгилеў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қурбан ҳайытының орынларда жоқары дәрежеде, халқымыздың миллий ҳәм диний дәстүрлерине сай тәризде өтиўи мүнәсибети менен усы жылдың 11-август күни болып өтетуғын тест сынақлары төмендеги мүддетлерге көширилгенлигин билдиреди(абитуриент рухсатнамасында көрсетилген бина ҳәм саат өзгермеген ҳалда):

Қашқадәрья ўәлаятында – 12-август күни;

Ферғана, Жиззах ҳәм Наўайы ўәлаятларында – 13-август күни;

Қарақалпақстан Республикасы, Әндижан, Хорезм ҳәм Самарқанд ўәлаятларында – 14-август күни;

Бухара ўәлаятында – 15-август күни болып өтеди.

Дерек: Мәмлекетлик тест орайының рәсмий телеграм каналы: @rasmiydtm

Пайдалы дереклер