slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
ҚМУда магистратура қәнигеликлерине имтиханлар даўам етпекте | | Karakalpak state university

ҚМУда магистратура қәнигеликлерине имтиханлар даўам етпекте

Усы жылдың 9-август күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 2019/2020-оқыў жылы ушын магистратура қәнигеликлерине ҳүжжет тапсырған талабанлар ушын шет тили пәнинен (тест) имтиханлар басланды.

2019/2020-оқыў жылы ушын тастыйықланған қабыллаў квотасы бойынша ҚМУ магистратурасына 24 қәнигеликлер, усының ишинде жаңадан 8 қәнигелик (Әдебияттаныў: рус әдебияты, Лингвистика: немис тили, Лингвистика: қазақ тили, Лингвистика: түркмен тили, Этнография, этнология ҳәм антропология, Итималлықлар теориясы ҳәм математикалық статистика, Телевидение ҳәм радиоеситтириў, Органикалық емес бирикпелер химиялық технологиясы (ислеп шығарыў түрлери бойынша) қәнигеликлерине 504 талабан ҳүжжет тапсырған.

Процестиң ашық ҳәм әшкаралығын тәмийинлеў мақсетинде бақлаўшылар ҳәм видеогүзетиў шөлкемлестирилди.

Баспасөз хызмети.

 

Пайдалы дереклер