slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
#OTV_hashar2019 ҚМУда улыўмахалықлық қайырқомлық шембилик шөлкемлескенлик пенен өткерилмекте (17-август саат 17:00 ҳалатына) | | Karakalpak state university

#OTV_hashar2019 ҚМУда улыўмахалықлық қайырқомлық шембилик шөлкемлескенлик пенен өткерилмекте (17-август саат 17:00 ҳалатына)

Ең уллы, ең әзиз әййям — Ғәрезсизлик байрамы қарсаңында 17-18-август күнлери шөлкемлестирилген улыўмахалықлық қайырқомлық шембилик республикамыз бойлап шөлкемлескенлик пенен өткерилмекте.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жәмәәти де 17-август ерте таңнан университет ҳәм оған тийисли бина ҳәм имаратлар әтирапларында абаданластырыў, көклемзарластырыў жумысларын баслап жиберди.

Университеттиң 344 профессор-оқытыўшылары, 79 техник хызметкерлер ҳәм 511 студент-жаслар университет әтирапындағы атызларды жабайы шөплерден тазалаў, тереклерди ҳәклеў, салмаларды тазалаў сыяқлы жумысларды иследи.

Күнниң екинши ярымында 4,2 гектарға шамалас жерлер абаданластырып, 0,9 километрден аслам салмалар тазаланды.

Буннан тысқары, 950 түптен аслам тереклер ҳәкленип, 2 техника жәрдеминде 5,2 тоннаға жақын шығындылар арнаўлы орынларға шығарылып тасланды.

Шембилик шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте…

Баспасөз хызмети.

 

Пайдалы дереклер