slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Президент «Мойнақ аква санаат» мәмлекетлик унитар кәрханасын барып көрди | | Karakalpak state university

Президент «Мойнақ аква санаат» мәмлекетлик унитар кәрханасын барып көрди

Бир ўақытлары Мойнақ балықшылық санааты менен белгили болған. Президентимиз Шавкат Мирзиёев өткен жылы усы жерге келип, бар болған суў бассейнлеринде балықшылықты қайта тиклеў ҳәм раўажландырыў бойынша усыныслар берген еди. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.

«Мойнақ авка санаат» кәрханасы – усы басламаның нәтийжеси. Жойбарлық баҳасы 20 миллиард сумлық усы кәрхана жылына 4 мың тонна балықты қайта ислеў қуўатлылығына ийе болады. 200 тонна дузланған балық, 780 тонна фарш, 400 тонна филе, 9 миллион дана консерва ислеп шығарылады. Дерлик 60 жумыс орны жаратылады.

Ҳәзирги ўақытта кәрхана имараты қурылысы жуўмақланып, технологиялық үскенелер орнатылмақта. Оны усы жылдың сентябрь айында иске түсириў жобаластырылған.

Усы жерде Қарақалпақстанда балықшылықты раўажландырыў бойынша исленип атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди. Бул тармаққа қосымша 17 жойбар ислеп шығылған. Олар нәтийжесинде балық жетистириў көлемин 15 мың тоннаға, қайта ислеў дәрежесин 36 процентке жеткериў жобаластырылған.

Аралдың қурыған ултанына нәллер егиў мәселесине де итибар қаратылды. Қәнигелердиң мәлим етиўинше, 42 жылда 400 мың гектарлық майданға сексеўиллер егилген болса, 2018-2019-жылы дерлик 500 мың гектарда қорғаў тоғайлықлары пайда етилген. Топланған тәжирийбеден келип шығып, және еки жылда 700 мың гектар жерди жасыл аймаққа айландырыў мүмкинлиги атап өтилди.

Дерек: https://kknews.uz
 

Пайдалы дереклер