slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Қарақалпақстандағы өзгерислер адамлардың қәлбинде өмирге, келешекке үлкен үмит оятпақта | | Karakalpak state university

Қарақалпақстандағы өзгерислер адамлардың қәлбинде өмирге, келешекке үлкен үмит оятпақта

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырғандөретиўшилик жумыслары, үлкен жойбарлардың орынланыўы менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 20-август күни Қарақалпақстан Республикасына барды.

Мәмлекетимиз басшысы Мойнақ районында Әмиўдәрья дельтасында киши суў бассейнлерин жаратыў бойынша алып барылып атырған жумыслар менен танысты. 2019-2022-жылларға мөлшерленген бул бағдардағы жойбар суў бассейнлерин нәтийжели басқарыў арқалы аймақтың социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаўға қаратылған.

Президентимиз аймақта шарўашылық ҳәм балықшылықты раўажландырыў арқалы жумыс орынларын, халықтың дәраматын көбейтиў бойынша көрсетпелер берди.

Мәмлекетимиз басшысының Мойнақты экономикалық раўажландырыў, Арал апатшылығын жәбир көрген аймақ турғынларының турмысын жақсылаў бойынша алға қойған басламасы шеңберинде кейинги жылларда бул жерде үлкен жумыслар әмелге асырылғанлығын атап өтиў керек. Өткен жылдың ноябрь айындағы сапары даўамында белгиленген ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда ҳүкиметтиң Мойнақ районын жедел комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасы қабыл етилди. Онда 2019-2021-жылларда жәми 1 триллион 485 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Бул ҳүжжеттиң орынланыўы шеңберинде қысқа ўақытта бир қатар объектлер пайдаланыўға тапсырылды. Соның ишинде, район орайында 800 орынлық амфитеатр, мәмлекетлик хызметлер орайы, музыка ҳәм көркем өнер мектеби, спорт зал, жабық бассейн қурылды, мәденият орайы ҳәм стадион, «Бозатаў» аўыл пуқаралар жыйынындағы шаңарақлық поликлиника реконструкцияланды.

«Мойнақ порлоқ текс» ЖШЖ усы жыл июль айында тигиўшилик кәрханасын шөлкемлестирип, 350 адамды жумыс пенен тәмийинледи. Заманагөй тигиў машиналары орнатылған жаңа кәрхана жылына 1 миллион дана таяр тигиўшилик ҳәм трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Ҳәзирги күнде простыня, көрпе тыслары ҳәм арнаўлы жумыс формалары тигилмекте. Усы жерде саўда дүканы шөлкемлестирилген. Жаңадан қурылып атырған турақ жайлардан кәрхана жумысшылары ушын квартиралар ажыратылған.

Шавкат Мирзиёев бул кәрхананың жумысы менен танысты, жумысшылар менен сәўбетлести.

– Мойнақта жүз берип атырған өзгерислер, көзлериңиздеги турмысыңыздан қанаатланыўышылық адамды қуўандырады. Бул алыс-алыс аймақларға барып әмелге асырып атырған жумысларымыздың нәтийжеси болып табылады. Егер кимде-ким бизлердиң реформаларымызға гүман етсе, Мойнаққа келип көрсин, – деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге кәрхананың жумысын кеңейтиў, өним түрлерин көбейтиў бойынша көрсетпелер берди.

Бир ўақытлары Мойнақ балықшылық санааты менен белгили болған. Шавкат Мирзиёев өткен жылы бул жерге келип, бар суў бассейнлеринде балықшылықты қайта тиклеў ҳәм раўажландырыў, сол арқалы халықты турақлы дәрамат пенен тәмийинлеў бойынша усыныслар берген еди.

«Мойнақ аква санаат» кәрханасы әне сол басламаның әмелий нәтийжеси есапланады. Жойбар баҳасы 20 миллиард сум болған бул кәрхана кейинги айда иске қосылады ҳәм жылына 4 мың тонна балықты қайта ислеў қуўатлылығына ийе болады. 200 тонна қақланған балық, 780 тонна фарш, 400 тонна филе, 9 миллион дана консерва ислеп шығарады.

Бүгинги күнде кәрхана имаратының қурылысы жуўмақланып, технологиялық үскенелер орнатылмақта.

Президентимиз «Мойнақ аква санаат»тың потенциалы, бул жерде таярланатуғын өним түрлери ҳәм оларды экспортқа шығарыў имканиятлары менен танысты. Балық консерваларын көбейтиў ҳәм саўдасын кеңейтиў, жумыс орынларын арттырыў бойынша зәрүрли көрсетпелерди берди.

Сол жерде Қарақалпақстанда балықшылықты раўажландырыў, Арал теңизиниң қурып қалған ултанында жасыл тоғайлықларды пайда етиў ҳәм регионда экологиялық жағдайды жақсылаў бағдарындағы жойбарлар менен таныстырыў болып өтти.

Балықшылық-тәбийғый суў бассейнлери көп болған Қарақалпақстан Республикасы ушын дәраматлы тараў. Тараўды раўажландырыў мақсетинде бар ресурсларды есапқа алып, қосымша 17 жойбар ислеп шығылған. Оған бола, балық жетистириў көлемин 15 мың тоннаға, қайта ислеў дәрежесин 36 процентке жеткериў режелестирилген.

Арал теңизи қурыўының унамсыз ақыбетлерин азайтыў, регионда экологиялық турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Қәнигелердиң айтыўынша 42 жыл даўамында барлығы болып 400 мың гектар майданға сексеўил егилген болса, 2018-2019-жыллардағы қысқы-бәҳәрги мәўсимде дерлик 500 мың гектарда қорғаў тоғайлықлары пайда етилди.

Топланған тәжирийбеден келип шығып, және еки жылда 700 мың гектар жерди жасыл аймаққа айландырыў мүмкин екенлиги атап өтилди. Бул ушын тоғай хожалықлары тәрепинен 2 мың тонна туқым, соның ишинде, 1,5  мың тонна сексеўил, 300 тонна қандым , 150 тонна қарабарақ ҳәм 50 тонна шөл от-жем өсимликлериниң туқымын жыйнаў, 100 миллион данадан аслам  сексеўил нәлин таярлаў, 100 километр аралықтағы қумды пресслеў, сондай-ақ, шөлистанлыққа қарсы гүресиў бойынша сырт мәмлекетлердиң тәжирийбесин үйрениў ҳәм бирге ислесиўди жолға қойыў режелестирилмекте. Усы илажлар нәтийжесинде жақын жылларда Арал бойында экологиялық жағдайды турақластырыў, халықтың социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў, бәнтлигин арттырыў, шарўашылықты раўажландырыў ушын үлкен имканият жаратылады.

Районда қамыстан қурылыс материалларын ҳәм мебель ислеп шығарыўға байланыслы жойбар ҳаққында мағлыўмат берилди. «Muynak LDSP» кәрханасы тәрепинен әмелге асырылып атырған бул жойбар жылына 50 мың куб метр қырынды плита, 12 мың куб метр көлемдеги мебель таярлаў ҳәм 2,5 миллион долларлық өнимди экспортқа шығарыў имканиятын береди.

Шавкат Мирзиёев Мойнақ районындағы Мәденият орайында қарақалпақстанлы белсендилер менен ушырасты.

Мәмлекетимиз басшысы жыйналғанларды жақынласып киятырған Ғәерсзизлик байрамы менен  қутлықлап, Қарақалпақ елине өзиниң жақсы тилеклерин билдирди.

– Қарақалпақстанда барлық тараўда өзгерис болып атыр. Буның негизинде усы елде жасап атырған уллы халықтың мийнети, умтылыслары бар. Сизлер менен биргеликте үлкен ҳәрекет басладық. Ҳәр бир аймақтың дәртин үйренейик, ҳәр бир инсанның кеўлине кирип барайық, ертеңги күнине исенимин беккемлейик, деп терең реформаларды әмелге асырып атырмыз. Адамлар ертең емес,  узақ келешекте емес, бүгин жақсы жасаўы керек, – деди Президент.

Усындай жақсы нийетлер менен алып барылып атырған жумыслардың нәтийжеси Мойнақ районындағы өзгерислерде анық көринип атырғаны атап өтилди. Аймақ қысқа ўақытта үлкен дөретиўшилик, қурылыс майданына айланды, көриниси пүткиллей өзгерди. Бул жергиликли халықтың кеўлин толып тастырды. Адамлар белгили қосыққа қосылып «Бир келип кетиң, Мойнағымызға» деп айтпақта. Өйткени, Аралбойы халқының турмысын жақсылаў ҳаққындағы гәп-сөзлер өткен әсирдиң 50-жылларынан берли айтылып атырған болса да, белгили бир таяр жумысқа қол урылмаған еди. Кейинги еки жылда әмелге асырылған жумыслардың нәтийжесинен болса, бүгин айтыў керек болса, Мойнақ пенен қайтадан танысыўға туўра келмекте.

Шавкат Мизиёевтиң басламасы менен БМШ қәўендерлигинде Аралбойы регионы ушын көп шериклик тийкарындағы Траст фонды дүзилди. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайы, Аралбойында инновацияларды қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилди. Теңиздиң қурыған ултанында қорғаныў тоғайлары, Әмиўдәрья дельтасында киши суў бассейнлери қурылмақта.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 28-феральдағы қарарына муўапық, Мойнақ районын социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Усы жылдың сегиз айында 8 бақша, 7 мектеп, 4 спорт объекти,  6 медицина мәкемеси ҳәм 8 мәденият объекти қурылды ҳәм оңланды. Буннан тысқары 20 көп қабатлы турақ жайлар қурылмақта. Олардың барлығы адамларда қабыл етилип атырған қарарлардың турмыслық екенлигине исеним, ертеңги күнге үмит оятпақта.

Ушырасыўда Нөкис қаласы ҳәм барлық районлардан келген ўәкиллер Мойнақтағы өзгерислерге ҳәўеси келгенлигин айтып, өзлери жасайтуғын жердеги кемшиликлер, шешимин күтип атырған әҳмийетли мәселелерди тилге алды. Оларды шешиў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

– Үлкен-үлкен имаратлар, заманагөй техника менен мақтаныў керек емес. Ақыллы, билимли, пидайы перзентлерди тәрбияласақ, олар Ўатанға садықлық пенен хызмет етсе ең үлкен байлық, бахыт мине усы, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Президентимиз Тебинбулақ кәни тийкарында кән-металлургия комплексин қурыў жойбары менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 12-январьдағы қарарында усы инвестициялық жойбарды әмелге асырыў илажлары белгилеп берилген.

Комплексте жылына 900 мың тонна арматура, 225 мың тонна сым, 375 мың тонна уголок, швеллер, 22 мың тонна ванадий шлагы ҳәм басқа да металл өнимлери ислеп шығарылады. Өнимлердиң 35 процентин экспортқа шығарыў режелестирилген. Кәнниң резерви 1,1 миллиард тоннаны қурайды. Жойбарды таярлаў ҳәм әмелге асырыўға Германияның «DMT-Group Consulting» ҳәм Австрияның «Horst Wiesinger Consulting» кәрханалары тартылған.

Қәнигелердиң дәслепки есап-санақларына бола, жойбар толық иске түскеннен кейин 33 миллион тонна руда қазып алынып, оннан 1,5 миллион тонна темир элементин алыў нәзерде тутылған.

Президентимизге усы жойбардың әҳмийети ҳәм келешеги ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди. Тараў жуўапкерлери ҳәм сырт елли қәнигелердиң пикирине қарағанда, бул жойбар өзин толық ақлайды. Оның әмелге асырылыўы мәмлекет экономикасының раўажланыўында, соның ишинде, қара металл ислеп шығарыў ҳәм қайта ислеў көлемин арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе.

Шавкат Мирзиёев сырт ел компанияларының қәнигелери менен сәўбетлести. Комплекс қурылысына илимий жақтан пуқта қатнас жасаў, металлдан өним ислеп шығарыў тараўында өзине тән мектеп жаратыў керек екенлигин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы жойбардың техникалық-экономикалық тийкарларын ҳәр тәреплеме кемшиликсиз ислеп шығыў, оны әмелге асырыўға жасларды көбирек тартыў бойынша көрсетпелер берди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Қарақалпақстан Республикасына сапары даўам етпекте.

Дерек: https://kknews.uz

Пайдалы дереклер