slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Ҳәр кимниң қәлбинде өз Аралы бар … | | Karakalpak state university

Ҳәр кимниң қәлбинде өз Аралы бар …

Инсан өмиринше арзу-нийетлер менен жасайды. Арал толып турған  ўақытлары «теңиз балығын бермеди» деп зарланған Бердақ бабамызды еслең: ғәрип қорғанлардың дәрти менен жасаған уллы Бердақ «биз сорлыға жаз келерме?» деп қақаман суўықта саратанның ыссысын әрман еткенинде адамлардың қәлбиндеги теңизлер толқынланып, кеўиллерге жубаныш берген.

Арал апатшылығы дүньяға белгили. Надурыс хожалық жүргизиў сиясатының ақыбетинде қурыған теңиз бәлким өз қәлпине қайтпас, бирақ өмир даўам ете береди. Қарақалпақлар әййемнен ғайыптан бахыт излеген, өз арзыўларының қанатында пәрўаз ететуғын, ҳақ кеўил, шын ықласлы, кеңпейил ҳәм мийнеткеш халық. Олардың қайсар ҳәм қайтпас умтылыслары, ҳәммеге бирдей қушағын ашатуғын инсаныйлық сезимлери бәршеге белгили.

Президентимиздиң Аралға дәслепки қәдемлеринен баслап, ҳәр сапар қайта-қайта айтатуғын «адамлар жақсы жасаўы керек» деген сөзлерине итибар бериң. Арал қурыўы менен «жуўан жиңишкерип, жиңишке үзилип» халық бул жерден үмитин үзип кете баслаған еди. Ойлап қарасаңыз, аймағынан бирде-бир салма ақпайтуғын, шөп өспейтуғын саҳраларда жасап атырған халықлар бар, бирақ олар да дүнья цивилизациясы менен тутасқан ҳалда өмир сүрмекте.

Шавкат Мирзиёевтиң байрам алдында мойнақшылар менен шын кеўилден сәўбетлесип, «Кимде ким бизлердиң реформаларымызға гүман етсе қараса, Мойнаққа келип көрсин» деген сөзлери аймақтағы жаңаланыўлардың көлемин ҳәм көринисин және де айдынластырды.

Мени айрықша қуўандырған нәрсе Әмиўдәрьяның төменги ағымында суўдың орташа ағысын тәмийинлеўи мүмкин болған идеяның алға қойылғаны. Дәрья дельтасында суў бассейнлериниң қурылыўы балықшылық пенен шарўашылықты раўажландырыўға имканият беретуғынлығы анық. Әмиўдәрьяның Түйемойын ҳәм Тақыятас бассейнлери қараўсыз қалып, суў ағызып келген ылай менен толып, көлеми киширейип кеткен еди. Усы суў бассейнлери оңланып кеңейтилсе, төменги Әмиўдәрьяда орташа суў ағысын тәмийинлеў мүмкин болады.

Мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстанға бул ретки келиўи де адамларда жаңадан жаңа үмитлер пайда етти, жақсы жасаўға болған исеним сезимин күшейтти.

Оразбай Абдурахманов,

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы.

Дерек: https://kknews.uz

Пайдалы дереклер